Сапар даўамында делегация Дубай мунисипалитети, «DP World», «Gulf Land Property Developers», «Tonino Lamborghini», «Alokozay Group of Companies» ҳәм «Tribe Infrastructure» компанияларының басшылары менен ушырасыўлар өткерди.

Сөйлесиўлерде суў ресурсларын басқарыў ҳәм жол-транспорт инфраструктурасын раўажландырыў тараўында бирге ислесиўди жолға қойыў, Янгиҳаёт районындағы "Жаңа әўлад" арнаўлы санаат зонасында мультимодаль логистика терминалын қурыў, турақ жай, мектеп, бақша ҳәм подстанциялар қурыўға инвестиция киргизиў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарындағы жойбарларда қатнасыў перспективалары додаланды.

Ушырасыўлар жуўмағында жойбарларды әмелге асырыў имканиятларын үйрениў ушын еки тәрептен жуўапкерлер тайынланды ҳәм еки тәреплеме сөйлесиўди даўам еттириўге келисип алынды.