"Азияда көп тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеўде парламент дипломатиясының орны" атамасында өткен бул жалпы сессияда Өзбекстан парламентиниң регионаллық ҳәм халықаралық қатнасықларды кеңейтиўде әҳмийетли басламаларды алға қойыў ҳәм халықаралық илажларды шөлкемлестириўдеги белсене роли айрықша атап өтилди.

Өз гезегинде, Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясы усы жыл 5-9-апрель күнлери Орайлық Азия тарийхында биринши мәрте Ташкент қаласында өткерилиўи де буның айқын мысалы екени атап өтилди.

Сессияда жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў ҳәм нызамларды қабыл етиў бойынша тәжирийбе алмасыўда парламентлераралық бирге ислесиўди күшейтиў мәселелерине итибар қаратылды.

Додалаў процесинде делегациямыз ағзалары тәрепинен регионымызда экологиялық қәўипсизлик ҳәм ықлым өзгериўине байланыслы мәселелерди нәтийжели шешиў ушын ҳәрекетлерди бирлестириўге байланыслы усыныслар билдирилди.

Буннан тысқары, қатнасыўшылар парламент ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўда социаллық-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды және де кеңейтиўдиң әҳмийетли тәреплерине итибар қаратты, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.