Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайының баҳалаўына бола, Исбилерменлик белсендилиги индекси (ИБИ) 2026-жылдың июнь айында 1128 пунктти қурап, өткен айға салыстырғанда 12,8 процентке өскен. Өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсиў 36 процентти қураған.

Усы жылдың июнь айында ИБИ тийкарғы компонентлери бойынша төмендеги өзгерислер атап өтилди:

- хожалық жүргизиўши субъектлердиң банк есап бетлери бойынша операциялар санын сәўлелендириўши компонент 18,7% ке артқан;

товар-шийки зат биржасында шийки затты сатып алыў интенсивлигин көрсетиўши компонент 13,5 процентке өскен;

жумыс алып барып атырған хожалық жүргизиўши субъектлердиң санын сәўлелендириўши компонент 1,2 процентке артқан;

товар белгилерин дизимнен өткериў компоненти 18,5 процентке артты.

Буннан тысқары, 2026-жылдың июнь айында исбилерменлик белсендилиги индекси өткен айға салыстырғанда елимиздиң барлық аймақларында өсиўи атап өтилди.

Ең көп өсиў Сырдәрья ўәлаятында 51,3 процент, Сурхандәрья ўәлаятында 49,1 процент, Наманган ўәлаятында 47,1 процент ҳәм Хорезм ўәлаятында 45 процентке жетти.

Банклер аралық төлем операциялары

Есабат дәўиринде банклераралық төлем операцияларының саны 7 930,9 мыңды қурап, 2026-жылдың май айына салыстырғанда 1 246,9 мың операцияға (18,7 процент) көбейген. Өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсиў 25,7 процентти қураған.

Банклераралық төлемлер санының өсиўи барлық аймақларда бақланды.

Юридикалық шахслар арасындағы банк операциялары санының ең көп өсиўи Қашқадәрья ўәлаятында 25,9 процентке, Жиззақ ўәлаятында 24,7 процентке, Ферғана ўәлаятында 23,7 процентке ҳәм Сырдәрья ўәлаятында 23 процентке артқан.

Бул көрсеткиштиң артыўы Орайлық банктиң банклераралық электрон төлемлер системасы арқалы өткерилген төлем ҳүжжетлериниң улыўма санының көбейиўи менен түсиндириледи. Атап айтқанда, май айына салыстырғанда:

мемориал ордерлер саны 24,2 процентке (510,9 мыңға) артқан;

төлем тапсырмалары 14,5 процентке (620,9 мың);

төлем талаплары - 25,6 процентке (3,7 мың);

инкасса тапсырмалары - 40,4 процентке (111,3 мың).

биржа компоненти

2026-жылдың июнь айында ИБИның биржа компоненти 1,1350 ни қурап, өткен айға салыстырғанда 13,5% ке көбейген.

Онда бир келисим шеңберинде сатып алынатуғын товарлардың орташа көлеми 3,8 процентке азайған, дүзилген келисимлер саны болса 31 процентке артқан.

Республикалық товар-шийки зат биржасында 34 тийкарғы түрдеги товарлар бойынша улыўма саўда көлеми 9 509 млрд сумды қурап, өткен айға салыстырғанда 27,7 процентке артқан.

Биржа активлиги өсиўиниң тийкарғы факторлары төмендегилер болды:

аралас жем саўдасы көлемин 12 есеге арттырыў;

пахта талшығы линти менен - 4,2 есе;

шийше банкалар менен - 2,5 есе;

АИ-91, АИ-92 ҳәм АИ-95 маркалы бензин менен - орташа 2,1 есе.

Ислеп турған хожалық жүргизиўши субектлер

Жумыс алып барып атырған хожалық жүргизиўши субъектлердиң санын сәўлелендириўши компонент 1 мың 120 ди қурап, өткен айға салыстырғанда 1,2 процентке артқан.

Бунда:

жумыс алып барып атырған хожалық жүргизиўши субъектлердиң улыўма саны 10 471 ге көбейип, 530,3 мыңға жетти;

ири кәрханалар саны 46 ға қысқарып, 4 мың 649 ға түскен;

киши кәрханалар саны 9,2 мыңға артып, 435,4 мыңға жетти;

фермер хожалықларының саны 1 мың 283 ке көбейип, 90,3 мыңға жетти.

Товар белгилерин дизимге алыў

2026-жылдың июнь айында товар белгилери компоненти 1,1855 ти қурап, өткен айға салыстырғанда 18,5 процентке артқан.

Есабат дәўиринде юридикалық тәреплер тәрепинен 473 товар белгилери ҳәм товар атамалары дизимнен өткерилген.