Олар Өзбекстанның Стамбул қаласындағы Бас коньсуллығы, "Ватандошлар" жәмийетлик фонды, Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар ислери бойынша комитет, Жәҳән жаслар ассоциациясы ҳәм "Өзбекстан мәденияты, тилеклеслик ҳәм бирге ислесиў" жәмийетлери менен биргеликте шөлкемлестирилди, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Байрам илажларында Стамбулдағы өзбек диаспорасы ўәкиллери, Түркияда билим алып атырған өзбекстанлы студентлер ҳәм жергиликли жәмийетшилик қатнасты.
Дипломатлар өзбекстанлыларды Конституция күни менен қутлықлап, бул сәнениң мәмлекетимиз турмысындағы тарийхый, ҳуқықый ҳәм руўхый әҳмийетин, соның ишинде, әмелге асырылып атырған сиясий, социаллық ҳәм экономикалық реформалардың тийкары екенин атап өтти.
Мәмлекетимиздиң сырт елдеги дипломатиялық ҳәм консуллық мәкемелери тәрепинен сырт елдеги Өзбекстан пуқараларының ҳуқықларын қорғаў ҳәм қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар атап өтилди. Бул кепилликлер жаңаланған Конституциямыздың 33-статьясында белгилеп қойылғаны атап өтилди. Дипломатлар өзбек диаспорасы ўәкиллерин мәдений-ағартыўшылық ҳәм экономикалық байланысларды буннан былай да кеңейтиў, миллий өзликти сақлаў ҳәм Өзбекстанның Түркия менен дослық қатнасықларын беккемлеўде белсене қатнасыўға шақырды.
"Ватандошлар" жәмийетлик фонды баслығының орынбасары Болиддин Санаев Президентимиздиң реформаларын алға қойыўда Стамбулдағы өзбек диаспорасы ўәкиллериниң ролин, мәмлекеттиң жаңа басламаларға ашық екенлигин, ўатанласлар аўызбиршилигиниң жоқары әҳмийетин атап өтти.
Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар ислери бойынша комитет баслығының орынбасары Бекзод Шукуров реформалардың әҳмийетине, миллетлераралық татыўлықты беккемлеў ҳәм сырт елдеги ўатанласларды қоллап-қуўатлаўға итибар қаратты.
Өзбекстанға мийнети сиңген мәденият хызметкери, халық шайыры Бобур Бобомуродов Конституцияның халқымыз турмысындағы руўхый әҳмийети ҳәм миллий өзлигимизди қәлиплестириўдеги орнын жоқары баҳалап, жаслар тәрбиясында тарийх ҳәм дәстүрлерди қәдирлеў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Пүткил жер жүзилик жаслар ассоциациясының баслығы Отабек Шавкатов ҳүкиметтиң жасларға қаратып атырған итибары, мәмлекеттиң жасларға байланыслы сиясаты, ана тили, мәденияты ҳәм дәстүрлерин қәстерлеп сақлаўды хошаметлеў ҳаққында сөз етти. Илаж даўамында өзбек естрада жулдызлары Баҳриддин Зуҳриддинов ҳәм Дилафруз Мирзаевалар тәрепинен өзбек ҳәм түрк миллий қосықлары атқарылды.
Қатнасыўшылар ушын өзбек миллий тағамлары менен байрам дастурханы жайылды.
Илаж Стамбулдағы диаспораны және де бирлестириў, миллий мәдениятымызды кеңнен үгит-нәсиятлаў, мәмлекетимиз турмысының барлық тараўларында әмелге асырылып атырған реформалардан хабардар етиўде үлкен әҳмийетке ийе болды.









