Бул ҳаққында "Ҳуқуқий ахборот" телеграм каналы мәлим етти. Илаж шеңберинде:
- пуқаралардың ҳуқықый билим ҳәм көнликпелерин және де беккемлеў мақсетинде тийисли мәмлекетлик шөлкемлер тәрепинен "Конституция мүйешлери" шөлкемлестириледи;
- белгили көркем өнер ғайраткерлериниң қатнасыўында концерт, кеўилашар-мәдений ҳәм басқа да илажлар болып өтеди;
- сыйлықлы викториналар өткериледи;
- көшпели қабыллаўлар шөлкемлестириледи.
Ташкент қаласындағы илаж "Сайилгоҳ" көшесинде 2025-жылдың 5-декабрь күни саат 11:00 де басланады.
Барлық ўатанласларымызды "Конституция көшеси"нде өткерилетуғын илажларда белсене қатнасыўға шақырып қаламыз!








