Байрамда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер, илим ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Илаждың ашылыўында Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Коммуникациялар департаментиниң баслығы - Президенттиң баспасөз хаткери Шерзод Асадов мәмлекетимиз басшысының Өзбекстан халқына байрам қутлықлаўын оқып еситтирди:
"Халқымыздың сиясий-ҳуқықый ой-пикириниң, еркин ерк-ықрарының тымсалы болған Конституцияда беккемленген норма ҳәм принциплер, әлбетте, Жаңа Өзбекстанды қурыўда бәршемизге үлкен күш-ғайрат, исеним ҳәм илҳам бағышлайды", делинеди мәмлекетимиз басшысының қутлықлаўында.
Қутлықлаўда мәмлекетимиз халық ҳәкимиятшылығы, ўәкилликли демократия, Конституция ҳәм нызам үстинлиги сыяқлы конституциялық принциплерге садық қалған ҳалда, бул бағдардағы реформаларды және де исенимли даўам еттиретуғыны атап өтилген.
Конституциямыздағы ҳәр бир норманы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыста әмелий жумыс алып барыўдың өлшемине айландырыўымыз зәрүр екенлиги, жасларға Тийкарғы нызамымыздың мазмун-мәнисин ҳәр тәреплеме түсиндириў, оларды конституциялық қәдириятлар тийкарында ҳақыйқый ўатансүйиўши, өзлигин жоқары сезиниўши инсанлар етип тәрбиялаў оғада әҳмийетли ўазыйпа екени атап өтилди.
Қутлықлаўда миллий ғәрезсизлик ҳәм мақтанышымыз тымсалына айланған Конституциямыздың әжайып байрамы мүнәсибети менен халқымызға ең жақсы тилеклер билдирилген.
Байрам елимиздиң мәдений жетискенликлери ҳәм ўатансүйиўшилигин көрсететуғын үлкен концерт бағдарламасы менен даўам етти.











