Бул сөйлесиўде медицина системасы жуўапкерлериниң алдына ҳәр бир инсан ушын қолайлы, әдил ҳәм ашық-айдын медициналық хызметти жолға қойыў ўазыйпасы қойылды.

Атап айтқанда, 2026-жылдан баслап 26 орай директорлары, ўәлаятлық ҳәм районлық денсаўлықты сақлаў басшылары, шаңарақлық поликлиника баслықларын лаўазымға тайынлаўда жаңа тәртип енгизиледи. Енди "басшы" ҳәм "бас шыпакер" лаўазымлары ажыратылады. Бул жаңалық әпиўайы шөлкемлестириўшилик өзгерис емес, ал пүткил басқарыў мәдениятын жаңалаўға қаратылған реформа, десек асыра айтқан болмаймыз. Бул арқалы медицина мәкемелериндеги жуўапкершилик еки тийкарғы бағдар бойынша анық бөлистириледи: басшылар - қаржы, жойбар ҳәм ресурсларды басқарыў, бас шыпакерлер болса клиникалық процесслер ҳәм медициналық хызмет сапасы ушын жуўапкер болады. Атап өтилгениндей, ҳәр еки лаўазымда билимли, тәжирийбели ҳәм нәтийже көрсеткен кадрлар ислеўи керек.

Президентимиздиң бул қарары тараўда жыллар даўамында топланған машқалаларды терең таллаў нәтийжесинде қабыл етилген болып, басқарыўда профессионаллық, жуўапкершилик ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеўге қаратылған. Көп жыллар даўамында емлеўханаларда басшылық лаўазымын ийелеген шыпакер бир ўақыттың өзинде ҳәм басқарыўшы, ҳәм клиникалық басшы ўазыйпасын атқарды. Нәтийжеде ҳеш қайсысына толық итибар қаратылмады, басқарыўда нәтийжесизлик, медициналық процесслерде болса босаңлық жүзеге келди.

Енди болса ҳәр еки бағдарда да профессионаллық үстинлик етеди. Басшы мәкемени экономикалық жақтан турақлы, хызмет көрсетиўди қолайлы ҳәм системалы шөлкемлестиретуғын менеджер болса, бас шыпакер медициналық хызмет сапасы, протоколларға әмел етиў ҳәм шыпакерлердиң маманлығын арттырыўға ҳәрекет етеди.

Жаңа система шеңберинде басшылардың жумысы KPI - анық көрсеткишлер тийкарында баҳаланады. Бул баҳалаў тек санларға емес, ал адамлардың разылығына байланыслы болады. Мәселен, наўқастың қабыллаўға шекемги жолы қаншелли қысқа, хызмет қаншелли тез ҳәм шын кеўилден көрсетилип атырғаны, профилактика жумысларының қамтып алыныўы, үскенелерден қалай пайдаланылып атырғаны, шыпакерлердиң маманлығы - булардың барлығы басшының жумысын белгилейди. Бул есабат ушын емес, нәтийже ушын ислейтуғын системаға қарай әҳмийетли қәдем болып есапланады.

Соның менен бирге, Президентимиз жаңа системадағы және бир әҳмийетли тәрепти атап өтти: аймақлық басшылар ҳәм бас шыпакерлер республикалық орайлар менен тиккелей интеграция тийкарында ислейди. Ҳәр бир аймақтың саламатлық жағдайы, кеселликлер динамикасы ҳәм зәрүрлигинен келип шығып, орайларға профилактика, емлеў, тәжирийбе арттырыў ямаса скрининг бойынша анық буйыртпа бериледи. Бул жағдай қарарлар қабыл етиў процесин орайласқан емес, ал орынлардағы ҳақыйқый зәрүрликке сүйенип қайта қурыўға хызмет етеди.

Мәжилисте мәмлекетимиз басшысының инсан дәртин сезиў, наўқас жолын жеке өзи басып өтиў ҳаққындағы сөзлери тараў ўәкиллериниң кеўлинде терең из қалдырды, десек асыра айтқан болмаймыз. Бул пикир басшылық жуўапкершилигин тек ўазыйпа сыпатында емес, ал инсаныйлық миннет сыпатында қабыл етиў зәрүрлигин және бир мәрте ескертти. "Бүгин адамлардың турмысқа мүнәсибети де, талап ҳәм мүтәжликлери, дүньяқарасы да түп-тийкарынан өзгерди. Бул басқа тараўлар қатарында медицинада да сапаны арттырыў, заманагөй көзқарасларды алып кириў бойынша алдымызға жаңа ўазыйпаларды қоймақта. Соның ушын, медицинада халықтың баҳасын еситетуғын системаны енгиземиз", деди Президентимиз.

Бул сөзлер тек ғана сын емес, ал басшылар ушын әмелий көрсетпе болып табылады. Себеби ҳәр күни мыңлаған адамлар гезек күтиўге мәжбүр болмақта. Олар ушын медициналық хызмет сапасының өлшеми системадағы есабатлар емес, ал инсанға мүнәсибетте сәўлеленеди. Сонлықтан, бул бағдардағы жумысларды системалы жолға қойыў бойынша қатаң ўазыйпалар белгилеп берилди.

Сондай-ақ, ҳәр бир ўәлаятлық ҳәм районлық медицина бөлимлериниң басшылары, бас шыпакерлер ҳәм поликлиникалардың басшыларына мәҳәллелерде күнлик қабыллаўлар өткериў ўазыйпасы тапсырылды. Бул арқалы басшылар халық арасына киреди, адамлардың машқаласын еситеди, ҳақыйқый жағдай менен жүзбе-жүз болады. Өз гезегинде, бул медицина системасында ашық-айдынлық ҳәм есап бериў мәдениятын күшейтеди. Мәжилисте атап өтилгениндей, басшы қабыллаўды орынларда өткерсе, адамлардың разылығы артады, системаға әдил баҳа бериледи.

Ушырасыўда алға қойылған ҳәр бир басламаның тийкарында бир мақсет жәмленген. Яғный басқарыўды профессионалластырыў, клиникалық сапаны арттырыў, профилактика ҳәм басланғыш медициналық хызметтиң нәтийжелилигин күшейтиў және жәмийетшилик алдында ашық есап бериўди тәмийинлеў болып есапланады. Буның ушын ҳәр бир басшы ҳәм шыпакер өз жумысын тек ғана есап емес, ал наўқастың мәпи ушын алып ислеўи керек. Жаңа системада басшылар наўқастың жолын жеке өтиўи, хызметлерди нәтийжели ҳәм оператив көрсетиўи арқалы системаның исенимли ҳәм адамгершилигин тәмийинлеўге үлес қосады.

Денсаўлықты сақлаў системасындағы реформалар енди тек ғана шөлкемлестириўшилик өзгерис пенен шекленбейди. Бул реформа инсан қәдирин жоқарылатыў, наўқасқа ҳүрмет пенен қатнас жасаў, шыпакердиң мийнетин мүнәсип қәдирлеў ҳәм басшылық мәдениятын жаңалаўды да қамтып алады. Ҳәр бир басшы өзин наўқастың орнына қойып көрсе, ҳәр бир шыпакер өз кәсибин пидайылық пенен орынласа, ҳәр бир наўқасқа ҳүрмет ҳәм итибар менен қатнаста болса, мине сонда жаңа системаның ҳақыйқый нәтийжеси көринеди.

Ҳәр жылы Медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери күни мүнәсибети менен мәмлекетлик медицина мәкемелериниң хызметкерлери ҳәр қыйлы хошаметлеў илажларынан пайдаланады. Жаңа емлеў усылын енгизген шыпакерлер 21 миллион сумлық ақшалай сыйлыққа ийе болады. Кеминде 15 жыллық стажға ийе медицина хызметкерлери санаторийлерге бийпул жоллама алады, перзенти мәмлекетлик жоқары оқыў орнына оқыўға кирген жағдайда бир жыллық контракт суммасының 30 проценти шегирмесинен пайдаланады ҳәм ҳәр жылы жумысында айрықша нәтийжелерге ерискен 500 хызметкерге ипотека кредити басланғыш төлеминиң 25 проценти компенсацияланады.

Сондай-ақ, кеминде 3 жыл стажға ийе хызметкерлерге, зәрүрлик пайда болғанда жылына бир мәрте бийпул жоқары технологиялық қәнигелескен медициналық жәрдем көрсетиледи. Халықаралық тән алынған индексленетуғын журналларда илимий мақала басып шығарыў ушын жумсалған қәрежет толық қапланады. Бул илажлар хызметкерлердиң кәсиплик белсендилигин арттырыў, инновациялық емлеў усылларын енгизиў, илимий изертлеўлер менен шуғылланыў ҳәм социаллық турақлылықты тәмийинлеўге хызмет етеди.

Президентимиздиң медицина хызметкерлери менен өткерген сөйлесиўи ҳақыйқаттан да тарийхый ушырасыў болды. Онда денсаўлықты сақлаў тараўының улыўма жағдайы, оны раўажландырыў мәселелери, системадағы әҳмийетли машқалалар ашық-айдын айтылды. Жаңа Өзбекстанды басқа тараўлар қатарында медицинасы да раўажланған мәмлекетке айландырыў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгилеп берилди.

Баҳром АБДУЛЛАЕВ,

Олий Мажлис Сенатының Илим, билимлендириў ҳәм

денсаўлықты сақлаў мәселелери комитетиниң баслығы