Тилекке қарсы, соңғы ўақытлары социаллық тармақларда тарқалған фото ҳәм видеоларда азанғы ҳәм кешки "час-пик" ўақытларында станциялар адамлар менен толып атырғаны, вагонларға миниў ушын кеминде бир неше поезды өткерип жиберип атырғанының гүўасы болмақтамыз. Вагонға шықса да аяқ қоятуғын жер жоқ, дем алыўға ҳаўа жетиспейди, - деп жазады депутат.
Атап айтқанда, Чиланзар, Пахтакор, Беруний сыяқлы ири бәндиргилерде азанғы саат 07:30 дан 09:00 ге шекемги дәўирде жолаўшылар саны кескин артады. Әйне усы ўақытта поездлар 8-10 минут аралығында кешигип келмекте. Нәтийжеде, жумысқа ямаса оқыўға асығып атырған пуқаралар 7-8 рейсти өткерип жибериўге мәжбүр болмақта.
Кеште болса Пахтакор, Халықлар дослығы ҳәм басқа да орайлық бәндиргилерде тығылыс және қайталанады. Ҳәзирги ўақыттағы бар кесте жолаўшылар ағымына бейимлестирилмеген көринеди.
Бул жағдай тек ғана қолайсызлық туўдырып қоймастан, ал халық арасында транспорт системасына болған исенимди де азайтады.
Бул машқала системалы таллаў ҳәм шешимди талап етеди. Жаңа поездлар алып келиў, әмелдеги ҳәрекетлениў кестесин қайта көрип шығыў ҳәм саатлық жүклемелерге сәйкес түрде рейслерди көбейтиў арқалы пуқаралардың ҳәрекетлениў имканиятларын жеңиллетиў мүмкин.
Транспорт системасындағы ҳәр қандай қолайсызлық ақыр-аяғында пуқаралардың күнделикли турмысына тиккелей тәсир етеди. Сол себепли, Ташкент метрополитени жумысында жолаўшылардың қолайлылығын биринши орынға қойған ҳалда, тийисли илажлар көриў зәрүр.








