Өзбекстан пуқараларының БАӘға кириўи қадаған етилди ме?

    Өзбекстан пуқараларының БАӘға кириўи қадаған етилгени ҳаққындағы хабарларға Сыртқы ислер министрлиги рәсмий мүнәсибет билдирди.

    Сыртқы ислер министрлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, социаллық тармақларда Өзбекстан пуқараларының БАӘға кириўи қадаған етилгени ҳаққында тарқалып атырған хабарлар тийкарсыз ҳәм фейк болып есапланады.

    Өзбекстан ҳәм БАӘ арасындағы әмелдеги визасыз тәртип өз күшинде қалады. Рәсмий дереклер бундай илажлар енгизилгени ҳаққында ҳеш қандай мағлыўмат бермеген.

    Тек ғана рәсмий ҳәм тастыйықланған дәреклерге исениўиңизди сорап қаламыз, - делинеди хабарда.

    No date selected
    June 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates