Дубайдағы Бас консуллық ўәкиллери турақлы түрде жергиликли аэропортларда болып, ўатанласларымызға жәрдем бермекте, - СИМ

    Кейинги ўақытларда БАӘ аймағына кириўде Өзбекстан пуқаралары дус келип атырған қыйыншылықлар, атап айтқанда, халықаралық аэропортларда даўам еткен тексериўлер себепли пуқараларымыздың усы аэропортларда узақ ўақыт қалып атырғаны ҳаққында бир қатар мүрәжатлар келип түсти.

    Атап өтилиўинше, мәмлекетимиздиң БАӘдеги дипломатиялық ўәкилханалары тәрепинен бул жағдайларды шешиў мақсетинде жедел илажлар көрилмекте. Дипломатларымыз турақлы түрде жағдайды мониторинг етип, БАӘниң иммиграция ҳәм басқа да тийисли уйымларының ўәкиллери менен үзликсиз сөйлесиўлер алып бармақта.

    Бул сөйлесиўлер пуқараларымыздың мәмлекет аймағына мүмкин болғанынша тезирек ҳәм машқаласыз кириўин тәмийинлеўге қаратылған болып, мәселени орнында шешиў ушын барлық ҳәрекетлер әмелге асырылмақта.

    Соның менен бирге, аэропортларда жүзеге келип атырған кешигиўлер ҳәм тексериўлердиң себеплери анықланбақта, бул мәселениң келип шығыў тамырларын түсиниўге ҳәм келешекте бундай жағдайлардың алдын алыўға жәрдем береди.

    Пуқараларымызға имканы болғанынша қолайлық жаратыў мақсетинде Абу-Даби қаласындағы елшиханамыз ҳәм Дубай қаласындағы Бас консулханамыздың ўәкиллери турақлы түрде жергиликли аэропортларда болып, ўатанласларымызға жәрдем бермекте.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates