Депутатлар 2025-жыл ушын Мәмлекетлик бюджет ҳаққындағы нызамды қабыл етти

    3 желтоқсан 2024 475

    Бүгин, 3-декабрь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде әҳмийетли қаржы ҳүжжети - Мәмлекетлик бюджеттиң қабыл етилиўи бойынша ҳүжжеттиң додалаўы болып өтти.

    Атап өтилгениндей, келеси жылға мөлшерленген Мәмлекетлик бюджет ҳаққындағы нызам жойбарының көрип шығылыўы өткен жылларға салыстырғанда өзгеше болды. Президентимиздиң Олий Мажлис палаталарындағы баянатларында стратегиялық бағдарлар, анық ўазыйпалар белгилеп берилгени бюджет жойбарының додалаўларын мазмунлы өткериўге, көтерилген мәселелердиң мазмун-мәнисине тереңирек кириўге имканият жаратты.

    Комитетлер тәрепинен өткерилген мәжилислер, сиясий партиялардың фракцияларындағы додалаўларда депутатлар тәрепинен 100 ден аслам сораўлар, 10 нан аслам концептуаллық әҳмийетке ийе усыныслар берилгени буның дәлили болып есапланады.

    Мәжилисте Мәмлекетлик бюджеттиң ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлар бюджетлериниң дәраматлары менен қәрежетлери, жергиликли бюджетлер ҳәм Мәмлекетлик мақсетли қорларға байланыслы жойбарда нәзерде тутылған илажлар, оларды қаржыландырыў дәреклерине байланыслы мағлыўматлар терең талланғанына айрықша итибар қаратылды.

    Жуўапкер комитет тәрепинен нызам жойбарын екинши оқыўға таярлаўда жойбардың тийисли статьяларында сәўлеленген нормалар Президент пәрман ҳәм қарарлары және Ҳүкимет қарарлары менен сәйкеслиги және тийкарланғанлығы үйренилди. Сондай-ақ, "Өзбекстан - 2030" стратегиясында нәзерде тутылған мақсет ҳәм ўазыйпаларды әмелге асырыўда 2025-жылы белгиленген илажларды қаржыландырыў мәселелерине анықлық киргизилди.

    Нызам жойбарын екинши оқыўға таярлаў процесинде Есап палатасының берген жуўмақлары да депутатлар итибарында болды. Жуўмақ бойынша депутатлар тәрепинен билдирилген пикир-усынысларды есапқа алған ҳалда, тийкарланған усынысларды Салық ҳәм Бюджет кодекслеринде сәўлелендириў мәселеси үйренип шығылды.

    Соның менен бирге, комитетлер ҳәм сиясий партиялар фракцияларының мәжилислеринде нызам жойбарында министрликлер ҳәм уйымларға ажыратылыўы нәзерде тутылған бюджет қаржылары, олардан пайдаланыў ҳәм нәтийжелиликти арттырыў бойынша билдирилген усыныслар бирме-бир көрип шығылды ҳәм додаланды.

    Мәжилисте нызам жойбары депутатлар тәрепинен қабыл етилди ҳәм Сенатқа жиберилди.