Республикалық қәнигелестирилген дерматовенерология ҳәм косметология илимий-әмелий медицина орайының жәмәәти усы жылы тийкарғы итибарды аймақларда диагностика ҳәм емлеўдиң жаңа усылларын енгизиўге қаратпақта.

- Илим жетискенликлерин тараўымызға кең ҳәм нәтийжели енгизиў ушын, бәринен бурын, жоқары потенциаллы қәнигелер керек, - дейди усы мәкемениң директоры Улуғбек Сабиров. - Әсиресе, орынларда оған талап жоқары. Усы мақсетте жылдың ақырына шекем аймақлық филиалларымызда жумыс алып барып атырған 15 шыпакер сырт елге тәжирийбе арттырыў ушын жибериледи.

Сондай-ақ, орайымыз және Россия ҳәм АҚШтың абырайлы клиникалары арасында қол қойылған меморандумлар тийкарында усы мәмлекетлерден жетекши қәнигелерди мәкемемизге тартыўды режелестиргенбиз.

Буннан тысқары, сырт елден келетуғын 4 жетик шыпакер-илимпаздың қатнасыўында орынларда шеберлик сабақлары өткериледи.

Барлық аймақлық филиалларды 5 түрдеги медициналық үскенелер менен тәмийинлеў арқалы тери кеселликлерин ерте басқышта диагнозлаў ҳәм емлеў усыллары енгизиледи.

Орай ҳәм оның аймақлық филиалларында жасалма интеллектке тийкарланған санлы технологияларды әмелиятқа енгиземиз.

Өз гезегинде, Самарқанд ҳәм Бухара филиалларымыз халықаралық аккредитациядан өткерилгеннен соң, медициналық туризм бағдарында сырт ел пуқараларына сапалы, қәўипсиз ҳәм заманагөй медициналық хызмет көрсетиў имканияты және де кеңейеди.

Мәкеменин Самарқанд филиалында серорезистент сифилис пенен аўырған наўқасларды плазмаферез усылы, атопик дерматитти ВЛОК терапиясы ҳәм инекцион озонотерапия жәрдеминде комплексли емлеў сыяқлы оннан аслам жаңа тәртип түрлери өзлестириледи.

Орайдың Хорезм филиалы Хийўа қаласынан Үргенш қаласына көшириледи ҳәм ондағы бактериологиялық лабораторияда егиў усылында тексериў, трихология бағдарында шашты көширип өткериў жолға қойылады.

Бухара филиалында тери ултрасес тексериў аппараты ҳәм бактериологиялық анализатор жәрдеминде тексериўлер, ND-Yag лазер технологиясы арқалы косметологиялық машқалалары болған наўқасларды нәтийжели ҳәм асқыныўсыз емлеў әмелиятлары енгизиледи.

Қашқадарья филиалында шаш көширип өткериў әмелиятына кирисилсе, Наўайы филиалында сырт мәмлекетлердиң қәнигелери менен биргеликте телемедицина жәрдеминде наўқасларды тексериў әмелге асырылады және трихология бағдарында шаш егиў усылы әмелге асырылады.

Ташкент ўәлаяты филиалында болса иммуногистокимиялық тексериў усылы жолға қойылады. Бундай мысалларды және көплеп келтириў мүмкин.

Тийкарғысы, бундай жаңаланыўлар нәтийжесинде дерматовенерология ҳәм косметология хызметлеринен елимиздиң барлық аймақларында кеңнен пайдаланыў имканияты пайда болады.