Билип-билмей қайсы бир телеграм топарлары, Facebook ҳәм Youtube каналларында "айланып жүреди". Кеше кеште жумыстан келсем муңайып отыр. Себеби менен қызықтым.
— Пәленше өлип қалыпты, — деди әкем белгили қосықшының атын айтып. Жүрегим "шуў" ете қалды. Себеби, бул қосықшының қосықларын шаңарағымыз бенен жақсы көрип тыңлаймыз.
— Ким айтты?
— Мине, телефонға сондай хабар келди.
Ҳәмийше усындай. Күнде, күн ара телефонға келип атырған хабарлардан жүреги езилип қалған: я биреў өлген, я қамаққа алынған болады. Және биреўдиң апатшылыққа ушырағаны, комаға түсип қалғаны сыяқлы өтириклер тарқалады. Қорқынышлысы, оны әпиўайы, сада тутыныўшы ҳақыйқат деп қабыл етеди. Жатығы менен гезектеги "түсиндириў жумысларын" алып бардым.
— Бундай хабарды тарқатып, "сүйинши" алатуғынлар ҳәзир көбейип кеткен. Сизге усынылып атырған хабарлардың 90 процентине де исенбең. Пәленше тири, еле көп жасайды. Ақылсыз ҳәм саўатсызлар сиз бенен бизлерди алдай береди. Өтирик пенен қалыс ҳәм ҳақыйқый информацияны ажыратыўды, исенимсиз дереклерди итибарсыз қалдырыўды билиўимиз керек.
Усы мәнисте айттым да, ойланып қалдым. Жақынға шекем қәўетерге салыўшысы тийкарынан турмыслық мағлыўматлар жеткерип берилетуғын еди ҳәм олар пәленше атақлы көркем өнер ғайраткери дүньядан өткен, судланған, қамаққа алынған, автоаварияға ушыраған сыяқлы өтириклер көринисинде болатуғын еди. Енди болса жаман нийет ийелериниң "иштейи ашылып кеткен" көринеди, темаларды социаллық, экономикалық ҳәм ҳәттеки сиясий мәканға байланыстырып көрсетиўге урыныўлар басланды.
Келип шығыўы сырт елде болған дереклер мәмлекетимиздиң абырайына, мәртебесине зыян жеткериўге, адамлардың пикирин бузыўға қаратылған мәлимлеме ҳүжимин күшейтиў менен бәнт. Бүгин урыстың мине усы түри ең үлкен қәўиплерден бирине айланған. Глобалласыў пүткил дүньяға пәт пенен ҳүкимин өткериўди даўам етип атырған бир ўақытта пуқараларды, әсиресе, жас әўладты бузғыншы идеялар тәсиринен қәстерлеп сақлаў ең әҳмийетли мәселел болып қәлды. Бундай шараятта тәрбия бағдарында миллий қәдириятлар, үрп-әдетлер, дәстүрлер руўхы өз сөзин айтыўы, мәлимлеме майданында миллий контент жаратыў ўазыйпасының әҳмийети жетекши позицияға шығыўы керек.
2024-жыл 12-январьда Қәўипсизлик кеңесиниң кеңейтилген мәжилисинде Президентимиз де бул мәселеге айрықша итибар берип, журналистлерди мәмлекет мәлимлеме мәканында миллий контент жаратыўға шақырып, дүньядағы ўақыяларға миллий мәплеримиз көзқарасынан баҳа бериў, халқымызды ҳәр қыйлы мәлимлеме ҳүжимлеринен қорғаў әҳмийетли екенлигин атап өткен еди.
— Контент, бәринен бурын, оннан пайдаланыўшы аудитория ушын ислеп шығылыўы зәрүрлигин түсиниў ҳәм аңлаў керек, — дейди филология илимлериниң докторы Беруний Алимов. — Медиа өнимнен пайдаланыўшылардың талабын билиў ҳәм итибарға алыў оғада әҳмийетли. Пайдаланыўшы миллий ресурслардан қанаатланбай атырған, миллий контенттен өзине қызықлы ҳәм керекли мағлыўматты таба алмаса, сырт ел ресурсларынан излейтуғыны тәбийий жағдай. Өз орнында миллий пайдаланыўшыларымыз, әсиресе, жаслар сырт ел ресурсларынан унамсыз руўхтағы мағлыўматларды алғанынан соң бул мәлимлеме олардың дүньяқарасына тәсир өткере баслайды. Нәтийжеде жаслардың тәрбиясы бузылыўы, ата-аналарының арзыў-үмитлери бийкар кетиўи ҳеш гәп емес. Бундай жағдайлардың алдын алыў болса бәршемиздиң ўазыйпамыз.
Хош, медиа мәканда миллий контент жаратыў, дүньядағы ўақыяларға миллий мәплеримиз көзқарасынан баҳа бериў қаншелли дәрежеде әмелге асырылыўы мүмкин болған ўазыйпа? Бүгинги дүнья халқы күннен-күнге кеңейип баратырған дүнья жүзилик өзгерислер дәўиринде жасамақта. Қәнигелердиң пикиринше, бул өткен әсирдеги илимий-техникалық раўажланыўдың нәтийжеси. Экономикалық, сиясий ҳәм социаллық турмыста ерисилген ҳәм глобалласыў аты менен белгили болған жетискенликлер әне усы илимий-техникалық раўажланыў менен байланыслы. Бирақ, турмыста ҳәмме нәрсениң унамлы ҳәм унамсыз тәреплери бар. Глобалласыў да буннан жырақ емес.
Миллетимиздиң қәдирияты, мәнаўияты, үрп-әдетлери, дәстүрлери, тарийхы өз-өзинен ҳәм бир күнде пайда болып қалмаған. Бул бийбаҳа байлыққа ерисиў, оны қәстерлеп-сақлап әўладтан-әўладқа жеткериў ушын халқымыз оғада үлкен жумыслар ислеген, керек болса, ата-бабаларымыз бул жолда қурбанлық берген. Солай екен, бул мийрасты биз де сақлаўымыз, және де байытып, сайқаллап, толық ийесине, яғный кейинги әўладқа жеткериўимиз зәрүр. Мине, усындай қәўипли шараятта миллий контентти қәлиплестириў, турақлы раўажландырып, беккемлеп барыў мәселеси әҳмийетли болып есапланады.
Бүгин алдынғы технологиялар 10-15 жыл алдын ойымызға да келмеген түсиник ҳәм ҳәдийселерди турмысымызға алып кирди. Мәлимлеме тараўына байланыслы дезинформация, фактчекинг, кейс, фейк сыяқлы онлаған сөзлер сөзлигимизге беккем орналасты. Информация соншелли көп, ағын аққа, қарасын қараға ажыратыў барған сайын қыйынласып бармақта. Усындай ўақытта зыялы қатлам дабыл урып атырғанындай, миллий контентимизге итибар бермесек, миллий мәлимлеме мәканымызға сырт ел ҒХҚ ҳәм мәлимлеме дәреклериниң кирип келиўине имканият жаратып берген боламыз.
Миллий мәлимлеме мәканымыз сырттан кирип келген мәлимлеме менен толып кеткенинде, бул жағдай миллий контент раўажланыўының тоқтап қалыўына алып келеди. Нәтийжеде миллий контентти жойтып қойыўымыз да мүмкин. Миллий контентсиз бара-бара миллий өзлигимизди де жойтамыз. Әсиресе, жәмийетлик транспорттан көп пайдаланыўшылар бақлаған шығар: дерлик 99 процент жолаўшының көзи қолындағы заманагөй гаджетке тигилген. Ой-пикири менен қолындағы затқа сүңгип кеткенинен өзине керекли бәндиргиден өтип кеткенлер қанша.
Олар не көрмекте, не оқымақта? Керексиз мәлимлемени, видеокөринисерди кимлер менен ҳәм не мақсетте бөлиспекте? Белгисиз, қәте мәлимлеме ҳәм хабарлардың дереги менен қызығып атыр ма? Не ушын бар контентлер арасында миллетти жырлаўшылар бармақ пенен саналады? Не ушын көпшилик медиа өнимниң сапасы, әҳмийетлилиги, мазмун-мәниси ҳәм қалыслығы төмен? Тилекке қарсы, бундай сораўларға жуўабымыз жоқ, бирақ болған жағдайда да бизди қанаатландырар дәрежеде емес.
Және сораў изинен сораў туўылып қалады. Неге аз ғана изленип, сапалы, әҳмийетли ҳәм тартымлы контент жаратыў буншелли қыйын болады?! Жоқ, бул қурамалы емес. Бул жумысты орынлаў ушын, тән алайық, бизде барлық шараят ҳәм имканият бар...
Ҳәр бир хабарды тарқатыўда оның тек бир тәрепин көрип қоймастан, ертең алып келиўи мүмкин болған ақыбетин де жақсылап ойлап көриў керек. Себеби бул адамлар арасында тийкарсыз, өтирик сөзлердиң тарқалыўына, келиспеўшиликлердиң келип шығыўына себеп болыўы мүмкин.
Қәте информация тарқатыў (дезинформация) динимиздиң ҳүкими бойынша да аўыр гүна, оның ушын жуўапкершилик нызам менен белгиленген. Себеби, ол ўақыя-ҳәдийселердиң раўажланыўына, инсан тәғдирине тәсир етиўи мүмкин. Бүгин елимизде жүз берип атырған өзгерислер, жаңаланыўлар тек ғана ўатанласларымызды емес, ал узақ-жақыннан барлық дос ҳәм жолдасларымызды таң қалдырмақта. Бул таң қалыўшылық ишинде реформаларға тәрепдарлар, қоллап-қуўатлаў, бәрқулла бирге болыў сыяқлы ийгиликли нийетлердиң жәмленгени анық сезилип тур.
Кейинги жылларда елимиздиң раўажланыўы, халқымыздың абаданлығы, ишки ҳәм сыртқы сиясатымыздың турақлылығы жолында басланған ҳәрекетлер Орайлық Азияның геосиясий жағдайын да өзгертип жиберди. Әсиресе, қоңсылар менен экономикалық, коммерциялық, илимий-ағартыўшылық тараўларға қаратылған тең ҳәм ашық бирге ислесиў жолға қойылғаны кеўилдеги арзыўларды оятты.
Тилекке қарсы, бул өзгерислерди көре алмайтуғын, көре алмаўшылық көз бенен қарап турған күшлер де жоқ емес. Қалыс емес хабарларды жәриялап атырған сырт елдеги "досларымызды" илажсыз қалдырыўдың жолларынан бири олардың "тәшўишли мийнетин" өзимиздиң "өз" доменимиздеги қалыслық арқалы жоқ етиў болып есапланады. Егер барлық ғалаба хабар қураллары әмелдеги нызамшылық талапларынан ҳәм мәмлекетимиз басшысының қатаң қойып атырған талапларынан келип шығып жумыс алып барса, ҳеш қашан сыртқы хабарлар бизиң мәлимлеме мәканымызға қәўип сала алмайды.
Халқымыздың бай мәдений мийрасы менен ҳәр қанша мақтансақ арзыйды. Бундай мәденият, ағартыўшылық ҳәм тарийхқа ийе болған миллетке ҳеш бир қәўипли "ғалабалық мәденият" зыян жеткере алмаўы керек.
Нодир МАҲМУДОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы