Бирақ Дилорам Йўлдошеваның өмир тарийхы ҳаққында бундай деп болмайды.

Қолымда 2024-жыл ушын пүткил дүнья бойлап 100 илҳамландырыўшы ҳәм абырайлы ҳаял-қызлар дизими бар. Дизимге өзбек ҳаялы Дилором Йўлдошева да киргизилген ҳәм бул бийкарға емес. Ол Сурхандәрьяның Алтынсайынан. Денаўдың Сурхандияр мәҳәллесине келин болып түсти. Өмирлик жолдасы Дилмурод Пардаев пенен татыў жасады, перзентлер көрди. Бахытлары шексиз, шаңарағы шадлық қушағында, кеўиллери таң ҳәўиринде болған күнлердиң биринде күтпеген жерден апатшылық жүз берди...

Әзелден солай, бир минуттан кейин ким не болатуғынын ҳеш ким билмейди. Бир нәрсе анық, турмыс-тиришилик, дүньяның раўажланыў жолы сынақтан ибарат. Негизинде ҳәр бир секунд сынақ. Дилорам шаңарағын не күтпекте еди? Бахытлар, бахытсызлыклар, күндизден кейин қараңғы түн, бахыт ҳәм мәртликлер...

Аспан тап-таза, қара булт жоқ еди. Бирақ гүлдирмама гүркиреп кетти. Шаңарақты да, әлемди де титиретти. Ҳәммеси тосаттан жүз берди. Дилорамның қолы қолына тиймейди. Шаңарағым деп, балаларым деп жуўырысады. Жанын аямайды.

Атызға жетип барғанда комбайн киятыр екен. Тоқтап қалды. Комбайндағы мәккени орып, сындырып, майдалап, жутқыншағына тартатуғын "гүңгирт" айланба тоқтамады. Тислери әйдарҳа тисиндей - мисли шарқы пәлек. Ҳәмме нәрсени жутып жибережақтай.

Дилорам апаның аяғының астында бир баў мәкке жатыр. Шарқы пәлек оны ала алмаса, комбайнның дөңгелеклери усындай жап-жасыл мәккени басып, пыт-шыт етип, топыраққа араластырып жоқ етеди. Апа усы бир баў мәккени алып, комбайнның пәррегине таслады да, изине қайтты. Секундтың мыңнан бир заматына үлгермеди. Кийиминиң ушы "әйдарҳаның" тисине илинип қалды.

"Айдарҳа" жалмап атыр. Бир баў мәкке, онда етегиниң ушы тартылып, жутылып атыр. Темирде мийрим жоқ. Шарқы пәлек аямайды. Дилорам апа бар күши менен, жан-тәни менен "аждаҳа" тисинен "жанын жулып алыў" ушын, өмирин сақлап қалыў ушын тартты. Жоқ, күши жетпеди. Пүткил денеси менен "әйдарҳаның" аўзына барады. Әжел мисли "әйдарҳа" тислеринде.

Ессиз түрде халатты үстинен шешип, ийнинен алып, атыўға урынды. Бирақ соңғы түймени шешиўге үлгере алмады. Халаты менен бирге аяғы "әйдарҳа" тисинде қалды...

Өмирди ким түсинип жеткен? Ҳеш ким. Қаншадан қанша алымлар ҳәм философлар да турмыстың жемирилиўи алдында үнсизликке батқан. Тәғдир ме, ямаса тәғдирине алдын-ала жазылған жазыў ма? Бул сораўға жуўап бериўге адам әззи. Инсан бир дем алдын бағдың гүли, бир дем кейин тәғдирдиң қулы.

Ғаррылар: "Бундай қара бәле қайда күтип турған еди?" деп жүрегинен өткереди. Мың бир бәледен өткен жасы үлкенлер де усындай демде аўыр ойда қалады. Өмир китабын оқый берип, түсине берип данышпан болғанлар да сөз табалмайды. "Әй, дүнья, сени түсинип болама, соңсыз тилсимбисең, несең өзиң?" деп кеўиллерди азаптың азабында тутады.

Күйгелек кеўилди қараң, күйгелек кеўилди. Бир баў мәкке майдаланып, топыраққа араласып кетсе, не болар еди?.. Дүнья дүнья болмай қала ма? Бир баў шөп адам өмиринен қымбатпа еди? Эй, өзбектиң жапакеш ҳаялы, кеўлиңниң пидайылығы буншелли шексиз. Ямаса тәғдирдиң жолы буншелли гүмансыз...

Дилорам апа темир "әйдарҳа" аўзында екен, қышқырғанынан узағырақтағы комбайншы жуўырып келди. Апа есинен танып қалды. Комбайншы жетип келип "гирилдеўди" тоқтатты. Бирақ...

Апа ессиз, жансыз, бир жағдайда емлеўханаға алып келинди. Медициналық әмелият дерлик бес саат даўам етти. Бир аяқ комбайнның алдында қалып кеткен. Екинши аяқтың аўҳалы... Шыпакер ертеңине бир ноқатқа тигилип күтип турған наўқастың өмирлик жолдасы ҳәм анасына жүзленди.

- Сиз анасысыз, сиз зайыбысыз. Маған да, сизге де аўыр. Көрип турсыз, аман қалыўы ушын... - ол үндемей қалды. Сөзи алқымына тығылды. Тынышлық даўам етер еди...

- Айта берин, айта берин, - дести екеўи бирден.

- Ерк-ықрары күшли ҳаял екен. Ол жасаўы керек. Бирақ тири қалыўы сизлерге де байланыслы, - шыпакер жутынып алды. - Жасап қалыўы ушын екинши аяғын да кесемиз. Болмаса, гангрена келип шығады... Не дейсизлер?

Еки күн бурын шаққанлық пенен атызға жуўырған Дилорам енди еки аяқсыз, көзлери жаўдырап тур. Инсанды жүреги инсан етип турады. Жүреги соғып атыр ғой... "Гүрс-гүрс!"

Ким қалай ойлайды? Аўыр, жүдә аўыр. Тәғдирден ким қашып қутылады? Бар ма дүньяда тәғдирди мойынламаған жан? Ойлардың азабы. Жүректиң езилиўи. Қыйналып жылаўлар. Өкинишлер ҳәм түскинликлер. Қайғы қараңғылығынан шыға алғанлар бар ма? Түпсиз "зиндан"лардан нурға жетиў мүмкин, бирақ бул апатшылықтан жақтылыққа жетиў... аңсат емес.

Турмыс апатларлары мың түрли. Тәғдир ийримлеринде неше-неше жанлар илажсыз. Өзин жоғалтқанлар, түскинликте жеңилгенлер, керексиз затқа айланғанлар, ҳәммесинен гүдер үзгенлер...

Бирақ Дилорам қорықпады. Үмитин үзбеди. Жол изледи. "Таппай-ақ қояйын ба, - деди өзине-өзи. - Ҳеш кимге жүк болмайман. Елдиң жүгин көтеремен. Жүрегим күшли. Көзлерим жайнап тур, қолларым нәзик ҳәм қарыўлы, ақылым, пикирим зор. Не қылсам екен?"

Ол талпыныўдан, пикирлеўден, жол излеўден тоқтамады. Оған Нөкистен паралимпияшылардан жақсы хабар келди: "Сиз волейбол жарысына қатнасасыз. Сиз бенен биз жеңимпаз боламыз", делинген еди хабарда.

Ол қарар етти:

- Бараман!

Мәҳәллениң үлкен апасы буны еситип, келип, Дилорам апаға сөз айтты:

- Дилорамжан, және бир ойланып көр. Ойын - ойын, жүдә қәўипли ис. Сен бизге керексең. Шаңарағың, балаларың бар. Жүрегимде бир сөз алып келдим саған. Айтқанымды қылсаң, маңлайың жарқырайды. Аяғы барлар жете алмаған уллылыққа жетесең.

- Айтың, апа, айтың.

- Дилорамжан, "Ийнениң исин қылыш ете алмас". Буны Термизий баба айтқан. Сен тигиўшилик ет, тигиўшилик!

Дилорам апаның жүрегинде тосаттан таң атты. Дүньясы жарқырады. Жүреги толқынланып кетти. Ел бәрқулла данышпан. Билип айтады, түсинип сөйлейди.

Ол бурыннан-ақ тигиўшиликке жанын беретуғын еди. Өзбек ҳаялы тигиўши, әзел-әзелден кестеши. Дүньяны пүтинлеў қанында бар. Бизиң мамаларымыз ийнениң көзинен қуяшты өткерген. Жети мың реңди ийнениң ушында тутысқан, аппақ пәлеклерге нағыш нағыш тоқысқан. Қалайынша таң қалмайсыз? Термизийдиң "Ийненин исин қылыш ете алмас", деген пикирин кеўиллеринде сақлап, тиллеринде сақлаған.

Кеўил менен қарасаңыз, ўақыттың өзи уллы тигиўши. Әлем липасы да ўақыт талшығынан ҳәм жиплеринен жасалған. Ол шарқының пәлегинен өмир пәлеклерин жаратады. Нурды нурға, жипти жипке жалғайды. Тиге береди, тоқый береди, дөрете береди. Денелерди кийиндиреди, қуўантады, гөззаллыққа бөлейди... Ўақыт ҳәтте кепин пишеди... Қылыш пенен көйлек тигип бола ма? Дүньядағы барлық көйлек ҳәм липасларды тигиўшилер тиккен, ақыры.

Дилорам апа тирилгендей иш-ишинен жайнады: "Ең зоры - тигиўшилик. Қолымнан келеди. Сондай шапанлар тигип берейин, күйеў жигитлер кийип мақтаныш етсин. Көзлерди жайнататуғын көйлеклер тигемен, қызлар кийгенинде өмир және де сулыў болсын. Жигитлердиң көзи жалынласын".

Ол ертеңине таңда басқа Дилорам болып оянды. Бетлери қызарып тур. Арзыўы жалынланар еди. Қәлбиндеги нийет жолға баслады. Жаңа Өзбекстанның нурларын сезди. Әдилликтен келди, социаллық жәрдемдегилер жәрдем берди. Ҳәкимлик, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар басқармасы ҳәм мәҳәлле қоллап-қуўатлады. Мәҳәлле баслығы Элбек Халилов адамлардың жаны. Елдиң сүйениши, тиреги. Өмирлик жолдасы Дилмурод Пардаев: "Сен қоймайсаң, Дилорам. Еле атаклы тигиўши болып кетесең", деп әрман етти. Перзентлери кеўлине қанат болды. Аўылласлары ҳайран қалды: "Сол Дилорам ба? Биринши топар майыбы Йўлдошева-а-а? Эҳ-ҳе, сөйтсе болады екен-дә. Пүткил Сурхан диярына кийим тигип атыр. Әжайып-әй. Ҳәммениң тилинде Дилорам тигиўши. Абырайының артқанын көриң! Айырым саппа-саў адамлар «Жумыс жоқ» деп мекемеме, мекеме жүр. Ярымжан ҳалында яры дүньяны ҳайран қалдырмақта. Ата-анасына рахмет!» дести.

Дилорамның кеўли өсти. Еки ойлы еди-дә. Тиксем, сатылар ма екен, тиккениме елдиң кеўли толар ма екен, деп. Әне кәрамат, мине кәрамат. Өзиниң мәҳәллесиндегилер тигиўшилик жумыслары ушын қалаға бармай қойды. Қалада да Дилорам ападай тигиўши жоқ.

Қоңсы мәҳәллелерден де адамлар келе береди. Тигип үлгере алмайды. Тыным таппай жүрген Дилорам апа кеўлине түйди: "Шәкирт таярлайман!".

Қызлар жумыс излеп жүрмейди. Мәҳәллеслерине кеўлин ашты. Усы тәризде төрт тигиў машинасында 15 ҳаял-қызға өнер үйретиўге киристи. Себеби, "Өнерди сақлаўшы неттим ақыр, алып топыраққа кеттим ақыр", деген еди Наўайы ҳәзиретлери. Қызлар еки айда шебер тигиўшиге айланды. Үйренгенлер 50 ден асты. Олар Дилорамның қолында ислейди. Қуўанышлары әлемге сыймайды. Устаз өз шәкиртлериниң қушағында.

Бахыт таўдан асып келмейди. Бахыт инсанның өзинде, қәлбинде, умтылысында, исбилерменлигинде. Ғәрезли болып, биреўдиң қолына, басқалардың жолына қарап отырыў - қорқыныш. Дилорам апа ериншекликти унатпайды. Мийнет пенен машақаттың жолы берекетли.

Биреўдиң ақшасы - миннетли. Ислеймен дегенге жумыс көп, несийбе мол. Жалқаў бәҳәне табады.

Дилорам апа менен сөйлесип атырып, ойға шүмип кетемиз. Бул инсанның биринши топар майыбы болған ҳалда пүткил өмирин мийнетке бағышлаўы, ислемей тура алмаўы, мийнеттен рәҳәт табыўы өзи емес. Ырысқы-несийбени ҳадал ҳәм әдалатлы табыўы, ийек артыўшылықтан узақласқаны, шаңараққа мийнети менен мәдет бериўи ҳәр қандай адамның ҳәўесин келтиреди. Арбашада исбилерменлигин жолға қойғаны, жерлеслерин жумыс пенен тәмийинлегени болса теңсиз таңланыў ҳәм жоқары ҳүрметке мүнәсип!

Оның дүньядағы 100 мәрт ҳаялдың қатарында тән алынғаны да соннан. Дүньяның-ә! Мазмун қай жерде? Бул кәрамат қай жерден күш алып атыр. Бәринен бурын, өзин аңлаўда. "Не тилесең, өзинде жәмленген", дейди Маўлана Румий ҳәзиретлери.

Гәп шаңарақта, шаңарақтың өзбекше уллылығында. Дилорам бир күни өмирлик жолдасына пикирин айтты:

- Өзимнен көре сизди көбирек ойлап атырман. Маңлайымда бар екен. Не қылайын, мен түсинемен... Сиз бир жақсы ҳаялға үйлениң, - деди Дилорам апа ҳәм үндемей қалды. Өзин қатты услады. - Мейли... мен де үйдиң бир шетинде жасап тураман.

Өмирлик жолдасы Дилмурод Пардаев тракторшы, инсаныйлығы өрнек алыўға арзыйтуғын:

- Дилорам, мен бундай ете алмайман, - деди ол. - Нәмәртлик болады. Балаларды оқытамыз, қоса қартаямыз.

Дилорам апа жүрегиндеги шексиз меҳир менен ерине қарады. Усындай демлерде Абдулла Ариповтың "Еле мәрт жигитлер жасап жүрипти" қатарлары кеўлиңизден өтеди.

Мәрт инсанлар бар, өмир мәңги, дүнья беккем. Қуяш айлана береди, таңлар ата береди...

Ярым жаны менен пүтин-пүтин арзыўлары бар Дилорам апаның. Тигиўшиликти кең жолға қоймақшы. Үлкен баласы Жалолиддин Раҳмоналиев шарўаға қызығады - шарўа фермери болмақшы. Журтының жүгин көтеретуғын фермер. Ел абаданлығы берекет ҳәм сақаўатта.

Пәк нийетлердиң мөлдир булақтай қайнап атырғаны Дилором апаның денесинде, руўхында, ақыл-ойында, тәбиятында жанкүйерлик, халықшыллық, уллылық ҳәм мәртлик бар! Бул пазыйлетлер ҳәр қандай инсанға ҳүрмет-иззет, күш-қүдирет, бахыт-ығбал инам етиўи сөзсиз.

Менгнар ОЛЛОМУРОДОВ,

Өзбекстан Жазыўшылары

Аўқам ағзасы