Антарктика ярым атаўының муз қатламы 2100-жылға келип 20 процентке қысқарыўы мүмкин, бул болса теңиздиң глобал көлеминиң сезилерли дәрежеде көтерилиўине алып келеди. Бул ҳаққында The Daily Mail газетасы халықаралық изертлеўшилер топарының есабатына сүйенип хабар берди, деп жазбақта tass.ru.
Ең жаман жағдайда ярым атаўдың муз қатламы 2100-жылға барып бестен бир бөлегине қысқарыўы мүмкин, бул болса поляр ҳайўанлары, мәселен, пингвинлер ҳәм китлер ушын ең аўыр ақыбетлерге айланады, сондай-ақ, оның сыртында да апатшылықлы ҳәдийселерге алып келиўи мүмкин, делинеди хабарда.
Изертлеўдиң жетекши авторы, Ньюкасл университетиниң профессоры Беван Дэвистиң пикиринше, "Антарктидадағы өзгерислердиң ақыбетлери теңиз көтерилиўи, океан ҳәм атмосфера байланысларының өзгериўи, циркуляция себепли дүньяның қалған бөлегине тәсир етеди".
Есаптың жәрдемши авторы, Британия Антарктида хызметиниң профессоры Питер Конвей айтыўынша, Антарктидаға бир неше рет барған илимпазлар ушын "өзгерислер ўақыттың өтиўи менен жүдә айқын көринеди".