2000 нан аслам жергиликли ҳәм сырт елли илимпазлар тәрепинен ислеп шығылған илимий-инновациялық жойбарлардан орай экспозицияларында пайдаланыў бойынша бир қатар усыныс ҳәм тапсырмалар берген еди.

Бул шын мәнисинде тарийхый сапар болды. Өткен бир жыл даўамында орай имараты толық қурып питкерилди. Орайдың жумысын жетилистириў, контентин байытыў жумысларына 40 тан аслам мәмлекеттен қәнигелер, дизайнерлер тартылды.

Мәмлекетимиз басшысы 2025-жылдың сентябрь айында БМШтың жоқары минберинен Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайының қурып питкерилгени, тез арада пайдаланыўға тапсырылатуғыны ҳаққында мағлыўмат берди. Өткен дәўир ишинде ишки контент және де байытылғанын атап өтиў керек. Орай дүнья халқының дыққат орайындағы бийтәкирар орынға айланды. Бүгин дүньяның түрли орынларынан келген жоқары мәртебели мийманлар, мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлердиң басшылары орайдың жумысы, цивилизациялар, шахслар ҳәм ойлап табыўларға байланыслы илимий жойбарлар менен жақыннан таныспақта, олар бул ҳақыйқатты айқын тән алмақта.

Бүгинги күнде дүнья жүзи терең цивилизациялық өзгерислер дәўирин басынан өткермекте. Технологиялық раўажланыў әдеп-икрамлылықтан илгерилеп кетпекте, глобал кризислер болса - геосиясий соқлығысыўлардан баслап мәдений өзликти жоғалтыўға шекем - инсанияттың сөйлесиўге уқыплылығы мәселесин күн тәртибине барған сайын көбирек қоймақта. Дин көп жағдайларда келиспеўшиликлер қуралына, мәденият болса бөлиниў сызығына айланып атырған бир ўақытта цивилизациялық қарым-қатнасқа оның тийкарғы, дөретиўшилик мәнисин қайтарыўға уқыплы болған жаңа платформаларға талап кескин артып бармақта.

Мине, усындай тарийхый мәўритте Евразияның дәл ортасында - уллы цивилизациялар ҳәм салтанатлар пайда болған, мың жыллар даўамында саўда жоллары, динлер, илимий мектеплер ҳәм мәдениятлар тутасқан жерде жаңа түрдеги сийрек ушырасатуғын мәкан - Өзбекстандағы ислам цивилизациясы орайы дүньяға келди. Оның қурылыўы тосыннан емес ҳәм қандай да бир популистлик жойбардың жемиси де емес. Бул Өзбекстан Президентиниң стратегиялық көзқарасының тиккелей көриниси болып есапланады.

Президентимиз 2017-жылы БМШ минберинен дүнья жәмийетшилигине мүрәжат етип, ислам цивилизациясының дүнья тарийхындағы ҳақыйқый орнын тиклеўге, сондай-ақ, муқаддес ислам дининиң тийкарында ағартыўшылық, илим ҳәм адамгершилик қәдириятлары жатқанын, экстремизм ҳәм жаўызлықты тек ғана билим ҳәм мәденият күши менен жеңиў мүмкин екенин еслетип өткен еди.

БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш қурылып атырған Ислам цивилизациясы орайына сапары ўақтында бул бағдарға жоқары баҳа берип: "Президентиңиз Шавкат Мирзиёев - уллы ҳәм абырайлы басшы, ол БМШтың жоқары минберинен қарым-қатнас, ағартыўшылық ҳәм өз-ара ҳүрмет идеяларын избе-из алға қоймақта", деген еди. Бул сөзлер дүнья жәмийетшилиги әлле қашан аңлап жеткен ҳақыйқатты сәўлелендиреди: Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Өзбекстан тарийхтың шетинде қалған аймақ емес, ал оның белсенди дөретиўшилеринен бирине айланды.

Өз гезегинде, Президентимиздиң БМШ минберинен еткен мүрәжаты орай ушын - тек ғана үлкен архитектуралық имарат емес, ал дүнья көлеминдеги пүткиллей жаңа гуманитарлық модель сыпатында - интеллектуаллық ҳәм илимий тийкар болып хызмет етти. Бул модель шеңберинде ислам уллы цивилизациялар тарийхы арқалы көринеди: әйне усы цивилизациялар қушағында илимий революциялар жүз берген, университетлер ҳәм академиялар, китапханалар ҳәм лабораториялар қурылған, медицина ҳәм философия, көркем өнер ҳәм илимий излениўдиң тийкарлары қойылған, заманагөй дүньяның интеллектуаллық негизи қәлиплескен.

Өзбекстан Президентиниң жеке сиясий ерк-ықрары, стратегиялық көзқараслары ҳәм избе-из жетекшилиги себепли Ислам цивилизациясы орайын қурыў идеясы ҳақыйқатында да көлеми, мазмун-мәниси кеңлиги ҳәм халықаралық әҳмийети жағынан мисли көрилмеген форматта әмелге асырылды. Жаңа дәўир талапларына сай музей, алдынғы илимий-изертлеў инфраструктурасы, ең заманагөй китапхана, Орайлық Азия цивилизацияларының раўажланыўын қамтып алған миллий ҳәм халықаралық архив системасы, санлы гуманитарлық технологиялар және глобал илимий-мәдений бирге ислесиўдиң кең тармақларын бирлестирген сийрек ушырасатуғын цивилизациялық комплекс жаратылды.

Бул жойбарға Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев та жоқары баҳа берип, былай деген: "Бул үлкен ҳәм сийрек ушырасатуғын қурылма. Ҳақыйқатында да, бул - илимий, туристлик ҳәм этномәдений жойбар. Өзбекстан Президентиниң пикирине қосыламан: Ислам цивилизациясы орайы бул жерде, Ташкентте, оғада әҳмийетли тараўда илимий-изертлеў жумысларын алып барыў ушын улыўма майданға айланыўы мүмкин".

Жәҳән экспертлериниң атап өткениндей, Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы әпиўайы инфраструктуралық объект ямаса мәдений сиясаттың рәмзий көриниси емес. Бул - Өзбекстан жетекшисиниң заманагөй глобал шақырықларға саналы цивилизациялық жуўабы. Бул - ислам дүньясы тарийхында биринши мәрте бундай үлкен көлемде, цивилизациялар арасындағы ҳақыйқый қарым-қатнас ушын глобаллық ҳәм турақлы жумыс алып баратуғын платформа сыпатында жаратылған жойбар.

Негизинде Өзбекстан тарийхта биринши мәрте өзине тарийхый ҳәм руўхый миссияны алды - ислам дини ҳәм ислам цивилизациясы түсинигиниң көринисин бузып талқылаўға дәстүрий биймәнилик ҳәм халықаралық форумлар ҳәм конференциялардағы баянатлар менен емес, ал дүнья жүзилик әҳмийетке ийе болған ҳақыйқый, әмел етиўши интеллектуаллық мәканды жаратыў арқалы қарсы турыўға бел байлады.

Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев бул мәнисти анық билдирип, былай атап өтти: "Өзбекстан Президентиниң басламасы менен қурылған Ислам цивилизациясы орайына барып, биз және бир мәрте мәмлекет басшылығының өзбек халқының бай мәдений ҳәм руўхый қәдириятларын сақлаў ҳәм үгит-нәсиятлаўға терең садықлығын көрдик. Айырым мәмлекетлерде динимизге қарсы ҳүжимлер күшейип атырған, исламофобия болса системалы түрге енип атырған бир шараятта Ислам цивилизациясы орайының ашылыўы айрықша әҳмийетке ийе. Бул орай пүткил дүньяға ислам дөретиўшилик, гуманизм, кеңпейиллик, дослық ҳәм туўысқанлық дини екенин айқын көрсетеди".

Экспертлер ҳәм сиясатшылар бир аўыздан атап өтиўинше, бул жойбар радикализмге ҳәм исламның көринисин бузып көрсетиўге қарсы гуманитарлық қорғаныў - күш пенен емес, билим менен жаратылған қалқанға айланды.

Орайдың жумысы ушын мәдений мийрасты қайтарыў процеси айрықша әҳмийетке ийе. Өзбекстан Президентиниң тапсырмасына бола арнаўлы мәмлекетлик ҳәм дипломатиялық механизмлер жаратылды, бул болса орайға дүньядағы ең ири аукцион үйлери - Sotheby’s, Christie’s, Bonhams - сондай-ақ, жетекши музей структуралары ҳәм жеке меншик коллекционерлер менен системалы бирге ислесиўди жолға қойыў имканиятын берди. Нәтийжеде елимизге шама менен еки мыңға шамалас сийрек ушырасатуғын артефакт қайтарылды. Олардың арасында Ибн Сина қолжазбалары, Беруний шығармалары, Темурийлер дәўириниң миниатюралары, ислам көркем өнериниң дүрданалары ҳәм он жыллар, ҳәттеки әсирлер даўамында ўатанымыз аймағынан тысқарыда сақланып келген басқа да бийбаҳа естеликлер бар.

Бул орайдың үлкен музей экспозицияларын байытыў емес, ал Орайлық Азияның цивилизациялық ядын қайтарыў ҳәм тарийхый әдилликти тиклеўдиң ҳақыйқый әмелий көриниси болып есапланады.

Усы көзқарастан, Парагвай Республикасы Президенти Сантьяго Пенья орайдың экспозициялары менен танысып, өзиниң таң қалғанын жасырмады: "Ислам цивилизациясы орайының экспозициялары менен танысыў менде оғада күшли тәсир қалдырды. Адамзат цивилизациясының раўажланыўына шексиз үлес қосқан көплеген илимий ҳәм мәдений жетискенликлер әйне усы жерде биринши мәрте пайда болған. Тилекке қарсы, дүньяда ҳәмме де алгебра, медицина ҳәм басқа да илимлер тараўындағы дәслепки фундаментал шығармалар әйне усы жерде пайда болғанын билмейди. Бул сапар мени илҳамландырды ҳәм Өзбекстан үлкен потенциалға ийе екенине исенимимди беккемледи. Өзбекстан тарийхы ҳақыйқатында да сийрек ушырасады".

Бул сөзлер жаңа Өзбекстан сиясаты себепли мәмлекет және бир мәрте дүнья менен өзиниң ҳақыйқый тарийхы тилинде сөйлесе баслағанының тән алыныўы болып есапланады.

Экспертлер ҳәм сиясий жетекшилердиң пикиринше, Өзбекстан Президенти тек ғана өтмишти тиклеў ҳәм бүгинди аңлаў менен шекленбей, келешекти избе-из ҳәм мақсетли түрде қәлиплестирмекте. Сонлықтан, Ислам цивилизациясы орайы әзелден динамикалық раўажланыўшы система - халықаралық илимий платформа, медиа майдан, баспа ҳәм билимлендириў орайы сыпатында пайда болды. Бул жерде исламтаныўдың жаңа әўлады, алдынғы музей технологиялары ҳәм заманагөй мәдений дипломатияның жаңа бағдарлары қәлиплеспекте.

Финляндия Республикасы Президенти Александр Стубб орайға сапарынан соң былай деди: "Ашығын айтсам, мен бул жерде ҳақыйқатында да мисли көрилмеген тәсирлер ийриминде қалдым. Ҳәр бир экспозиция, ҳәр бир зал, ҳәр бир деталь терең ҳәм пуқта ойланған. Үш мың жыллық тарийхты бүгинги әўладқа усындай заманагөй, тәсиршең ҳәм исенимли форматта жеткериў жоқары дәрежедеги көркем өнер ҳәм үлкен шеберликти талап етеди. Бул орай тек ғана өткен әсирлердиң мийрасын қайта тиклеп және қайта аңлатып қоймастан, ал келешек әўладлар ушын илҳам дәрегине айланды. Әсиресе, интерактив экспозициялар ҳәм инновациялық технологиялар жүдә тәсиршең - олар жасларды шынында да өзине тартады. Бул жерде тарийхты оқымайды - оны сезинеди. Жаратылған орталықта бийпәрўа қалыў ямаса зеригиўдиң илажы жоқ. Ҳәр бир сахна, ҳәр бир жақтылық акценти, ҳәр бир деталь өз мәниси ҳәм көркем логикасына ийе. Мен бул орайдан шын жүректен миннетдаршылық, терең ҳүрмет ҳәм таңланыў сезими менен шығып баратырман".

Бүгин Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы заманагөй дүнья ушын басқышпа-басқыш қәлиплесип атырған интеллектуаллық орай сыпатында көзге тасланбақта. Түрли тарийхый дәўирлерде Бағдадтағы Байт ул-ҳикма, Хорезм Мамун академиясы ҳәм Самарқандтағы Улығбек медресеси қандай әҳмийетке ийе болған болса, орай да бүгинги күнде сондай орынға айланбақта - ол тек ғана илим сақланған ҳәм топланған орын емес, ал цивилизациялардың интеллектуаллық ҳәм руўхый раўажланыў бағдарын белгилеп берген орталықты жеткериўши мәнзил болып есапланады.

Бирақ ҳәзирги тарийхый дәўирде орайдың жумысы жоқары ҳәм уллы ўазыйпаларды қамтып алған. Егер алдын бундай илимий орайлар өз дәўири ҳәм мәденияты шеңберинде қәлиплесип, идеялар әсирлер даўамында қолжазбалар, аўдармалар ҳәм әўладлар арқалы әсте тарқалған болса, бүгин Ислам цивилизациясы орайы Президентимиз тәрепинен биринши күннен-ақ ашық, глобал билимлендириў ҳәм мәдений-гуманитарлық мегаплатформа сыпатында қәлиплестириўге мөлшерленген.

Өзбекстандағы ислам цивилизациясы орайы XXI әсирге тән жаңа түрдеги цивилизациялық институт болып есапланады. Бул жерде тарийхый билим санлы технологиялар менен үйлеседи, қолжазба глобаллық санлы дәрекке айланады, музей илимий лаборатория түрине енеди, миллий мийрас болса халықаралық қарым-қатнас, өз-ара түсинисиў ҳәм дөретиўшиликтиң улыўмаинсаныйлық нормасына айланады.

Бул мақаланы Сербия Республикасы Президенти Александр Вучичтиң сөзлери менен жуўмақлаў орынлы: "Мен бундай орайды алдын ҳеш жерде көрмегенмен. Ислам цивилизациясы орайы оғада заманагөй ҳәм көркем усылда қурылған ҳәм жаратылған. Бүгин мен жүдә көп нәрсени үйрендим ҳәм әлбетте бул жерге және қайтаман. Сербиялы барлық ўатанласларыма былай деген болар едим: "Әзизлерим, мен жүдә үлкен қәтелик иследим, себеби бул мәмлекетке алдын ҳеш қашан келмегенмен. Илтимас, имканы барынша тезирек Өзбекстанды көриў ушын келиң".

Фирдавс АБДУХАЛИКОВ, 

Өзбекстандағы ислам цивилизациясы орайының директоры