Әзел-әзелден өзиниң дослық, туўысқанлық ҳәм кеңпейиллик дәстүрлери менен даңққа ерискен әййемги ҳәм бийтәкирар Өзбекстан жеринде ҳәзирги ўақытта 130 дан аслам миллет ҳәм халық ўәкиллери өз-ара тыныш ҳәм татыў жасап, елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қоспақта. Ҳәр қыйлы конфессияға тийисли диний шөлкемлер, "Дослық" жәмийетлери ҳәм 157 миллий мәдений орай еркин жумыс алып барып келмекте.
Мәмлекетимиздеги мәмлекетлик билимлендириў мәкемелеринде оқыў-тәрбия процесслери 7 тилде алып барылмақта, туўысқан тилдеги мектеплерде билим алып атырған перзентлеримиз мәмлекет есабынан сабақлық ҳәм көркем әдебиятлар менен тәмийинленбекте. Барлық аймақларымыздағы "Дослық үйлери" түрли миллетке тийисли пуқаралар арасында дослық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеўде әҳмийетли орын ийелемекте.
Тынышлық, миллетлер арасындағы татыўлық, аўызбиршилик бийбаҳа байлық. Елимизде болып атырған жаңаланыў процесслеринде миллетлераралық татыўлық, өз-ара аўызбиршилик ҳәм дослық, тынышлық идеяларын беккемлеў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарына айланған. Мәмлекетимиз басшысының басламасы тийкарында ҳәр жылы 30-июль елимизде "Халықлар дослығы" күни сыпатында кеңнен белгиленеди. Өзбекстан Республикасы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитети тәрепинен шөлкемлестирилген ҳәм 25-31-июль күнлери даўам ететуғын "Дослық" фестивалы да бул бағдардағы ақылға уғрас ҳәм узақты гөзлеген сиясаттың әмелдеги айқын үлгиси болып есапланады.
Пайтахтымызда старт алған бул фестивалдың дәслепки илажы түрли миллет ўәкиллери, миллий мәдений орайлардың ўәкиллери, кең жәмийетшиликтиң "Жаңа Өзбекстан" комплексине сапары менен басланды. Фестиваль қатнасыўшылары "Жаңа Өзбекстан" паркиндеги саўлатлы көркем естелик - Ғәрезсизлик монументине гүл қойды.
- "Дослық" фестивалларының шөлкемлестирилиўи мәмлекетимизде миллетлер арасындағы татыўлықты, социаллық турақлылықты тәмийинлеў, жәмийетимизде өз-ара ҳүрмет, мийрим-шәпәәт, кеңпейиллик орталығын беккемлеў бағдарындағы мәмлекетлик сиясатқа үнлес, - дейди комитет баслығы Қаҳрамон Сариев. - Фестиваль бағдарламасы күн тәртибинен бир-биринен бийтәкирар илажлар, әнжуманлар, музыкалық бағдарламалар, презентациялар, көргизбе, халықаралық өнерментшилик ярмаркасы, дөретиўшилик ушырасыўлар, концерт ҳәм таңлаўлар орын алған. Быйылғы фестивалдың өзине тән тәрепи сонда, оның шеңберине Қырғыз мәденияты күнлери илажлары да киргизилген. Усы мүнәсибет пенен бул мәмлекеттен шайыр, жазыўшы, көркем өнер ҳәм жәмийетшилик ўәкиллеринен ибарат үлкен делегация фестивальда мийман сыпатында қатнаспақта.
Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары сарайында "Дослық" фестивалы мүнәсибети менен гала-концерт, сондай-ақ, Ташкент Фотосүўретлер үйинде "Дослық нәзери" туўысқан халықлар фотосүўретлериниң көргизбеси шөлкемлестирилди. Онда елимизде барлық миллет ўәкиллериниң емин-еркин дөретиўшилик пенен шуғылланыўы ушын жаратылған шараятлардың әмелий нәтийжелерин көриў ҳәм танысыў имканияты жаратылған. Ҳәптелик шеңберинде бүгин Ташкенттеги "Наўрыз" этно-бағында "Ана жер баўырынан" деп аталған илаж, Жазыўшылар аўқамында халықлар дослығына бағышланған дөретиўшилик ушырасыў ҳәм әдебий поэзиялар кешесин өткериў нәзерде тутылған.
Күнниң әҳмийетли ўақыяларынан бири болса, бул комитет имараты жайласқан майданда елимиздеги миллий мәдений орайлардың павилонларының ашылыў илажы болып табылады. Онда республика көлеминде жумыс алып барып атырған 22 орайдың презентациясы болып өтеди.
Ертең болса пайтахтымыз "Улыўма миллий аўызбиршиликти беккемлеў - Жаңа Өзбекстан раўажланыўының әҳмийетли тийкары" атамасындағы халықаралық конференцияға басшылық етеди. Бул ири илажда бүгин дүньяда болып атырған қыйын шараятта өз-ара аўызбиршилик, тынышлық ҳәм турақлылықты қәстерлеп сақлаў, бул бағдарда дослық жәмийетлери ҳәм миллий мәдений орайлардың роли ҳәм әҳмийети, үлеси ҳәр тәреплеме додаланады.
Сондай-ақ, елимиздиң раўажланыўы, жаслардың мәнаўиятын арттырыў, халықлар дослығын беккемлеўге мүнәсип үлес қосып атырған ўатанласлар, миллий мәденият орайлары, бирге ислесиўши министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллерин "Халықлар дослығы" белгиси менен сыйлықлаўға бағышланған салтанатлы мәресим болып өтеди.
Балалардың жазғы дем алыў орынларында "Дослық балалықтан басланады" атамасындағы ағартыўшылық илажлар, аймақлардағы мәденият ҳәм дем алыў бағларында, қыябан ҳәм сейил етиў орынларында фестиваль мүнәсибети менен көркем өнер шеберлери ҳәм миллий мәдений орайлардың көркем жәмәәтлериниң қатнасыўында "Дослық сазалары" атамасындағы концерт бағдарламалары, түрли халықлардың өнерментшилик дөретпелериниң үлгилери, художниклердиң шығармаларынан ибарат көргизбелер шөлкемлестирилгени дыққатқа ылайық.
- Кейинги жылларда жәмийетте миллетлераралық татыўлық ҳәм кеңпейилликти тәмийинлеў, дослық орталығын ҳәм көп миллетли бирден-бир шаңарақ сезимин беккемлеў, жасларды Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет пенен қараў руўхында тәрбиялаў, сырт мәмлекетлер менен мәдений-ағартыўшылық байланысларды кеңейтиў жумыслары жаңа, жоқары басқышқа көтерилгенин атап өтиў керек, - дейди Республикалық Әзербайжан миллий мәденият орайының баслығы Мобил Мамедов. - Бизге белгили, БМШ Бас Ассамблеясының қарарына муўапық 30-июль пүткил дүньяда Халықаралық дослық күни сыпатында белгиленеди. Өзбекстанның күшли кеңпейиллик сиясаты себепли бул байрам, мине, бир неше жыллардан берли елимизде ҳәптелик фестиваль түринде өткерилип келинбекте. Көп миллетли халқымыз бул сәнени көтериңки руўхта күтип алмақта.
Сырт мәмлекетлерде жасап атырған ўатанласларымыз бенен байланысларды күшейтиўге қаратылған кең көлемли жумыслар да Өзбекстанның дослық ҳәм инсаныйлық дияры сыпатындағы абырайын арттырыўға хызмет етпекте. "Халықлар дослығы" фестивалы шеңберинде өткерилип атырған ҳәр қыйлы мәдений-ағартыўшылық ҳәм илимий-әмелий илажлар турмысымыз қағыйдасына айланған "Өзбекстан - улыўма үйимиз" деген оғада әҳмийетли принципти және де кеңнен енгизиўде шексиз әҳмийетке ийе.
Нодир МАҲМУДОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы