Ферғана политехника институты химия-технология факультети 2-курс студенти Сардорбек Холматов жарамсыз шиналарды қайта ислеў арқалы альтернатив жанылғы алыў технологиясын ойлап тапты. Жаңа жойбар қоршаған орталыққа унамсыз тәсир көрсетип келген бир қатар факторларды сапластырыў имканиятын береди. Бул бийкарға емес, әлбетте.

Пайдаланыўдан шығарылған бир ғана жарамсыз резина баллон тәбиятқа әсирлер даўамында зыян келтиреди. Себеби оның қурамында резина, нефть, металл, синтетикалық затлар бар. Ол тәбийий шараятта 500 мың жылға шекем ширимейди. Өртеп жиберилсе, атмосфераға зәҳәрли карбонат ангидрид тарқалады. Бул тәбият, қоршаған орталық ҳәм инсан саламатлығына айрықша тәсир етеди. Қәбилетли студенттиң илимий излениўлери усы машқалаларға шешим болады.

Әпиўайы шаңарақта камалға келген Сардорбек мектепте оқып жүрген ўақытларында-ақ билимге қуштарлығы, излениўшеңлиги ҳәм ҳәрекетшеңлиги менен заманласларынан ажыралып туратуғын еди. Пәнлерди өзлестириў менен бирге, химия ҳәм физика бойынша терең билим алыў мақсетинде қосымша пән дөгереклерине қатнасты, оқыды, изленди.

Перзентиниң илим, ойлап табыўшылық бағдарындағы умтылысы шаңарақ ағзалары тәрепинен қоллап-қуўатланды. Ойлап табыўшылық жолындағы ҳәрекетлери жигитти Ферғана политехника институтына жетекледи. Билим дәргайы жас талант ийесиниң турмыс тәризи, күнделикли жумысларында өзине тән қанат болды. Оның қыялында ойлап жүрген идея ҳәм басламаларды әмелге асырыў, илимий тийкарда байытыўға ийтермеледи. Бунда устазлардың жәрдеми, теориялық билимлер әмелият тийкарында үйлескен оқыў процесслериниң нәтийжеси үлкен болды. Дәслеп әпиўайы қызығыўшылықтан басланған излениўлер көлеми күннен-күнге кеңейип барды, жаңа таллаўлар, нәтийжелер бой көрсетти.

- Бүгин инсаният дус келген ең үлкен машқалалардан бири энергия жетиспеўшилиги болып есапланады, - дейди жас изертлеўши. - Энергия ислеп шығарыўда тийкарғы дәрек нефть өнимлериниң үлесине туўра келеди. Олардың орнын басатуғын альтернатив жанылғы дәреклери жоқ. Бул бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде қатты шығынды - жарамсыз шиналардан екилемши шийки зат сыпатында пайдаланып, жанылғы алыў технологиясын ислеп шықтық. Бул жол арқалы жарамсыз затлардың тәбиятта топланыўы, жағып жиберилиўи менен байланыслы унамсыз жағдайлардың алды алынады. Бир тонна жарамсыз шина жағылса, атмосфераға 750 метр куб зыянлы газ шығады. Бул, бәринен бурын, инсан саламатлығы ҳәм қоршаған орталықтың тазалығына унамсыз тәсир көрсетип, түрли кеселликлердиң келип шығыўына себеп болады. Жарамсыз шиналар қуяш тәсиринде майда затларға айланып, егислик майданлар, суў бассейнлерине де зыян келтиреди. Устазым Ғуламқодир Мирзақулов пенен жарамсыз шиналардан пиролис процеси, яғный жоқары температурада кислород ҳәм басқа да оксидлениўши затлар қатнасында тарқатыў арқалы жанылғы алыў технологиясын енгиздик. Нәтийжеде газлер, суйық ҳәм қатты өнимлер пайда болды. Булар дизель орнын басыўшы жанылғи, полат, тәбийий газ ҳәм бетлик актив зат (абсорбент) лардан ибарат. Өнимлер халық хожалығы ҳәм санаат тармақлары ушын әҳмийетли шийки зат ўазыйпасын атқарады. Таллаўларымызға бола, булар тәбийий дизель өнимине 98 процент уқсас. Олардың заманагөй катализаторлар жәрдеминде тазаланғаны сапаны арттырыў имканиятын берди. Технологияда шығынды дерлик болмайды. Алынған газды өзине бағдарлап, жанылғы сыпатында пайдаланыў мүмкин. Бир тонна жарамсыз шинадан 500 литр альтернатив жанылғы алыў мүмкин. Оның атмосфераға зыянлы тәрепи жоқ. Президентимиздиң жаслар менен ушырасыўы жумысымыздың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў, жаңа изертлеўлер үстинде ислеў ҳәм излениўге шақырды. Әсиресе, жаслар тәрепинен енгизилип атырған стартап жойбарларды қаржыландырыў ушын жеңиллетилген қаржы ажыратылып атырғаны илимниң раўажланыўы жолында жаңа имканият есиклерин ашыў, қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаўда әҳмийетли фактор болып хызмет етеди.

Жас ойлап табыўшының илимий изленислери "Мырза Улығбек мийрасхорлары" республикалық таңлаўында перспективалы жойбарлар қатарынан орын алды.

- Жойбардан гөзленген мақсет ҳәм үмитимиз үлкен. Усы күнге шекем бул бағдардағы илимий излениўлерде бундай унамлы нәтийжелер бақланбаған, - дейди Ферғана политехника институты химия-технология факультетиниң деканы, техника илимлериниң докторы Ғуламқодир Мирзақулов. - Жас изертлеўши бул бағдарда өзине тән излениўлер алып бармақта. Әмелий нәтийже ҳәм таллаўлар бизди қуўандырмақта. Ҳәзирги күнде жойбарды санаатластырыў бойынша жумыслар алып барылмақта. Жойбарларымыз буның менен шекленип қалып атырғаны жоқ. Ҳәзирги күнде жаўын суўынан пайдаланып, суўғарыў қыйын болған аймақларда "жасыл зоналар" шөлкемлестириў үстинде ислеп атырмыз. Елимизде жаўын-шашынның орташа жыллық муғдары 186, таў алды аймақларында 300-550 миллиметрди қурайды. Таўлы аймақларда болса 800-900 миллиметрге шекем жетип, 70-90 күнге шекем жаўын-шашын бақланады. Есап-санақларға бола, 1 квадрат метр жайдың төбесинен орташа есапта 186 литрге тең жаўын суўын жыйнаў мүмкин. Бул суўғарыў қыйын жерлерди өзлестириў, суў менен тәмийинлеў арқалы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў көлемин арттырыў имканиятын береди. Тәбийий жаўыннан жыйналып алынған суў трубалар жәрдеминде тиккелей өсимлик тамырының әтирапына киши нормаларда тамшылатып суўғарыў есабынан жумыс көлеми азаяды. Қосымша жумыс орынлары ашылады. Және бир тәрепи, жаўын суўынан пайдаланыў арқалы бир адам күнине орташа 71 литрге шекем ишимлик суўын үнемлеўи мүмкин. Өндирис процеси, турмыслық хызметлер, үй хожалығы, автомобиль жуўыў шақапшаларында жаўын суўынан пайдаланыўды жолға қойыў арқалы ишимлик суўын сезилерли муғдарда үнемлеў мүмкин. Жойбар ықлым шараятынан келип шығып, бар ресурсларды үнемлеў ҳәм тутыныўшылардың суўға мүнәсибетин өзгертиў имканиятын береди.

Билим алыў ийне менен қудық қазыўға теңлестириледи. Оның негизинде сабыр-тақат, мийнет ҳәм излениў сыяқлы турмыслық ҳақыйқатлар жәмленген. Жас изертлеўши Сардорбек Холматов бул нормаға әмел етип, елимиздиң раўажланыўы жолында өзиниң билим ҳәм потенциалын көрсетпекте.

Расулжон КАМОЛОВ,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы