"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, алдағы ўақытта жумыс ҳәптесиниң ақырына шекем ыссы күнлер әсте-ақырын күшейип барады. Ҳаўаның температурасы күндизги ўақытлары 41-43 дәрежеге шекем, арқа, қубла ҳәм шөл аймақларында 44-46 дәрежеге шекем көтериледи. Түнде 23-28 дәреже, арқа, қубла ҳәм шөл аймақларында 28-33 дәреже ыссы болады.

Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин.

13-14-июль күнлери айырым таўлы аймақларда қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин.

13-июль күни Ташкент, Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятларының таў алды ҳәм таўлы аймақларында сел-суў өтиўи мүмкин.

Ташкентте: аз бултлы ҳаўа райының болыўы. Ҳаўаның температурасы бүгин ҳәм ертең күндизги ўақытлары 38-40о суўық, 15-17-июль күнлери 40-43о суўық, түнде 25-28о жыллы болыўы күтиледи.