Пайтахтымыздағы «Дослық майданы» нда бой тиклеген шырша әтирапында да жаңа жыл кешесине бағышланған саз-сәўбетли илажлар болып өтпекте. Көркем-өнер ғайраткерлери тәрепинен қосықлар атқарылып, жаңа жылға өзгеше заўық бағышламақта.

Байрам илажына Мухаммед ал-Хорезмий атындағы ТИТУ Нөкис филиалы студент жаслары да белсене қатнасты. Илажда оқыў орнындағы стипендиантлар филиал жәмәәти тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.