Аўылларда жеке меншик, шаңарақлық мәмлекетлик емес балалар бақшалары көбейген болса да, және усындай мәкемелерге зәрүрлик сезилмекте. Ал, қайсы дәўирде халқы аз, таўлы аймақларға автобус бақшалар кирип барған? Және қайсы ўақытта тәрбияшылар үйме-үй жүрип, айрықша билимге мүтәжлерге тәлим-тәрбия берген? Бул бағдарда қамтыў 25-27 процент болған дәўирлерде көплеген ата-аналар бақшаға перзентин тек ғана қадағалаўда услап туратуғын орын сыпатында қарайтуғын еди. Бүгин болса бул бағдардағы көзқараслар пүткиллей өзгерди. Қамтып алыўда дерлик 80 процентке көтерилиўимизде беккем көпир ўазыйпасын атқарып атырған реформалар адамлардың мектепке шекемги билимлендириўге мүнәсибетин де түп-тийкарынан өзгертти. Бул билимлендириў түриниң заманагөй көринислери, қалаберсе, Дәслепки раўажланыў орайлары жумысының жолға қойылыўы мектепке шекемги билимлендириў хызметлеринен пайдаланыўдың әжайып альтернативасы болды. Усы мәнисте, мәмлекет тәрепинен қаржыландырылатуғын ҳәм басқарылатуғын бул форма өзин ақлаған тәжирийбе сыпатында республикамыздың барлық аймақларында әмелиятқа енгизилмекте.
Дәслепки раўажланыў орайлары мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алынбаған 3-6 жастағы балалар ушын "ойын топарлары" ҳәм 2-7 жастағы айрықша билимлендириўге мүтәж балалар ушын "арнаўлы мектепке шекемги билимлендириў хызмети" моделлери тийкарында жумыс алып барады. Екинши модель майыплығы бар ямаса жоқ екенлигине қарамастан, шаңарақ, педагоглар, қәнигелер, жәмийет ҳәм мәмлекеттиң айрықша итибарына мүтәж, индивидуал мүтәжликлери бар балаларға хызмет етеди.
Жақында пайтахтымыздың Шайхантаҳур районындағы 41-мектепте жумыс баслаған Дәслепки раўажланыў орайының жумысы менен танысып, мектепке шекемги билимлендириўдиң бул түри менен де күтилген нәтийжеге ерисиў мүмкин екенлигиниң гүўасы болдық. Үш-төрт күнде 20 баланы қамтып алған орайдың ханалары белгиленген тәртипте үскенеленген. Оқыў ҳәм дидактикалық материаллар жетерли. Шынығыўлар процесин бақлаўға келген аналар дәслеп бул жерди жеке меншик бақша болса керек, деп ойлағанын айтты. Тап балалар бақшасындағыдай шараят жаратылғаны ушын шөлкемлестириўшилерге миннетдаршылық билдирилди.
- Он күн алдын пайтахтымыздың Юнусабад, Мирабад ҳәм Шайхантаҳур районларында Дәслепки раўажланыў орайлары ашылды. Оларда жумыс ислеў тәртиби бойынша Үргенштеги Дәслепки раўажланыў орайында болып өткен республикалық семинарда қатнасып, өз-ара пикир алысып, жумыс үйренип келдик. Бизге райондағы 41-мектепте бос турған ханалар берилди. Педагог хызметкерлер ушын зәрүр шараят жаратып, биринши моделди жолға қойып алдық. Үйлерге барыў бойынша райондағы "Инсан" социаллық хызметлер орайы менен биргеликте ислеп атырмыз. Ҳәзирше айрықша жәрдемге мүтәж балалар анықланбады, - деди Шайхантаҳур районы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлиминиң бас методисти Азиза Каримова. - Егер адамлар орайдан үнемли пайдаланып, перзентлерин 3-4 саат бизге тапсырса, бала әтирапты аңлайды, бираз раўажланады. Үйде отырған, баласы бар аналар ушын бул, әсиресе, жақсы имканият. Соның ушын райондағы барлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине жумыс баслағанымыз, орайға қабыл етип атырғанымыз ҳаққында дағаза бердик. Тез арада тәрбияланыўшыларымыздың саны бир неше есеге артады, деп ойлаймыз.
Методисттиң айтыўынша, ҳәмме нәрсени тез ҳәм аңсат аңлап, санасында сақлап қалатуғын балалар ушын 3-4 саат та пайдалы болады. Азанда алып келинген ул-қыз ақылый, физикалық ҳәрекетлер менен шаршаў сезген ўақытта, яғный түслик ўақтында үйинде болып, ҳәз етип дем алады. Орайда болса түстен кейинги екинши нәўбет басланады.
- Быйыл 50 район (қала) да Дәслепки раўажланыў орайларын шөлкемлестириў, 2026-2028-жылларда болса қалған аймақларда басқышпа-басқыш ашыў режелестирилген. Соған муўапық, усы жылы Қарақалпақстанда 3, Сырдәрьяда 1, Сурхандәрьяда 2, Бухара, Ферғана, Хорезм ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында 3, Жиззақ, Наўайы, Ташкент ўәлаятларында 4, Әндижан, Қашқадәрья, Самарқанд, Наманган ўәлаятларында бесеўден Дәслепки раўажланыў орайының жумысы жолға қойылды. Бул орайларда аймақлардың талабынан келип шығып, мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алынбаған балаларды, биринши гезекте, кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақлардың перзентлерин қамтып алыў нәзерде тутылған, -дейди Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң басқарма баслығы Зафар Усанов.
Жуўапкердиң айтыўынша, орайға балалар мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине балаларды қабыллаў тәртиби тийкарында қабыл етиледи. Онда кәмбағал шаңарақлардың перзентлерине үстинлик бериледи. Орайға қабыл етилетуғын барлық баланың басқа мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериндеги нәўбети сақлап қалынады. Тәрбияланыўшылардың ата-анасынан төлем өндирилмейди.
"Арнаўлы мектепке шекемги билимлендириў хызмети" модели бойынша бириктирилген педагог хызметкерлер айрықша билим алыўға мүтәж балалардың үйине барып, тек ғана оларға емес, ал ата-аналарына да зәрүр мәсләҳәт ҳәм усыныслар береди. Олардың ҳәр бир келиўи ушын жол қәрежети қапланады. Өз гезегинде, бул хызметкерлерден жеке раўажланыў, аналитикалық ҳәм сын көзқарастан пикирлеў, келиспеўшилик ҳәм қарама-қарсылықларды шеше алыў, баланы раўажландырыў ҳәм тәрбиялаў ушын орталық жаратыў, ҳәр бир ул-қыздың өзине тәнлигин, сезимлерин ҳәм пикирлерин қабыл етиў, инклюзив билимлендириўди шөлкемлестириўдеги жуўапкершиликти аңлатыў, интерактив методларды қолланыў сыяқлы көнликпелер талап етиледи.
Улыўма алғанда, механизм пуқта ислеп шығылған. Системалы жолға қойылып атырған Дәслепки раўажланыў орайлары мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алынбаған балалар ушын жаңа имканият. Усы мәнисте, бул моделди орынларда нәтийжели шөлкемлестириў балалардың барлық турмыслық көнликпелериниң қәлиплесиўинде әҳмийетли орын ийелейди.
Социаллық белсенди жаслар итибардан шетте қалмайтуғын система
Енди орынларда "Келешек" орайлары да жумыс баслайды. Бул ҳаққында Президентимиздиң 2025-жыл 8-сентябрьдеги "Мектептен тысқары билимлендириў системасын жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында"ғы қарарында сөз етилген. Мақсет - жаслардың қәбилетин жүзеге шығарыў, мектептен тысқары билимлендириў системасын жаңа басқышқа алып шығыў, оқыўшылардың бос ўақтын мазмунлы өткериўге ерисиў. Қарарға муўапық, елимиздеги 219 "Бәркамал әўлад" мектеби, "Ёшлик" спорт жәмийети, Оқыўшы жаслар орайы ҳәм Өзбекстан балалар шөлкеми тийкарында республика, аймақ ҳәм районларда "Келажак" орайлары шөлкемлестириледи. Олар мектеплер менен үзликсизликти жанландырып, оқыўшыларды инженерлик, илим, мәденият, көркем өнер, китапқумарлық, спорт ҳәм экология бағдарлары бойынша дөгереклерге тартады. Балалардың қызығыўшылығы ҳәм қәбилетинен келип шығып, IТ, шет тиллери ҳәм басқа да бағдарларда дөгереклер ашылыўы нәзерде тутылған. Бул жаслардың кең көлемли билим алыўы ҳәм келешекте бәсекиге шыдамлы кадрлар болып қәлиплесиўине хызмет етеди. Жаслардың қызығыўшылығынан келип шығып, дөгереклерге дурыс бағдарлаў ушын ҳәр бир мектепте мәсләҳәтши ўазыйпасы ашылмақта. Гәп сонда, дөгереклер ҳәм олимпиадаларда ерискен нәтийжелери бойынша жаслардың "санлы портфели" қәлиплестирилип, электрон сертификатта көрсетиледи. Буның ушын болса өз алдына система жаратыў керек.
Жаңа орайлар ҳәм мектеп мәсләҳәтшилери жумысы ҳаққындағы сораўлар менен Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги жанындағы Республикалық "Келешек" орайының директоры Индира Халдароваға мүрәжат еттик.
- Әдетте қарар қабыл етилген күннен баслап жумысқа кириседи. Усы мәниде "Келешек" орайларын шөлкемлестириў бағдарындағы жумыслар басланған. Орайларға тартылатуғын оқыўшылар менен ислейтуғын мектеп мәсләҳәтшисине 30-35 жасқа шекемги потенциаллы жаслар тайынланады. Олардың педагог болыўы ҳәр еки тәреп ушын да жүдә пайдалы. Себеби олар мектеп директорларының оқыў-тәрбия ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасарлары, мектеп психологлары менен биргеликте ислейди. Президент мектеплериниң жумысын үгит-нәсиятлаў менен шуғылланады. Сондай-ақ, "Президенттиң талантлы перзентлери" миллий бағдарламасы бойынша да жумыс алып барады. Ҳәзирге шекем бизде мектептен тысқары ўақытта қайсы оқыўшы қайсы дөгерекке барып атырғаны ҳаққында мағлыўматлар жоқ еди. Усы мәнисте, мәсләҳәтшилер ҳәр бир оқыўшының санластырылған социаллық портфелин ислеп шығады. Бул арқалы баланың 1-класстан 11-классқа шекем қайсы оқыў орайларына барғаны, қандай дөгереклерге қатнасқаны, улыўма социаллық белсендилигин көриў мүмкин.
Ҳәзирги ўақытта мәсләҳәтшилердиң лаўазым инструкциялары ислеп шығылмақта. Ата-аналар төлемине келсек, 2026-жыл январь айынан бул төлем муғдары арттырылады. Демек, төлем суммасы жоқары болса, билимлендириўдиң сапасы да соған жараса болады. Себеби, көпшилик ата-аналар арзымаған пул ушын муғаллимлер сапалы билим бермейди, деген пикирде жүреди. Улыўма алғанда, бул бойынша ҳүкиметтиң тийисли қарары ислеп шығылады. Кәмбағал шаңарақлардың перзентлери болса бийпул билим алады.
Мектептен тысқары билимлендириўди жаңа басқышқа алып шығыў бағдарындағы қарар системадағы тийкарғы машқалаларды шешип берди. Бир ғана мысал: "Бәркамал әўлад" мектеплери, "Ёшлик" спорт жәмийети, Оқыўшы жаслар орайларының вертикал системасы жоқ еди. "Келешек" орайлары арқалы енди вертикал система жаратылмақта.
Сондай-ақ, қарар менен және бир үлкен машқала шешилди. Алдын мектептен тысқары билимлендириўде дөгерек басшыларының ҳәптелик жүклемеси 24 саат еди. Бул билимлендириў мәжбүрий емес. Мәжбүрий билимлендириўде де муғаллимлер баслаўыш класста 18, жоқары класста 20 саат жүклеме менен ислейди. Ықтыярлы билимлендириўдиң жүклемеси мәжбүрий билимлендириўдикинен көп болыўы мүмкин емес. Сырт елде де бундай жүклеме бақланбайды. Сол себепли, қарарда дөгерек басшыларының ҳәптелик жумыс жүклемеси 16 саат етип белгиленди. Бул жумыс өнимдарлығы, сапасына тәсир етип, мектептен тысқары билимлендириўде нәтийжелиликти тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болады.
Ҳәзирги ўақыттағы реформалардың барлығы бүгингиден жақсы нәтийжелер ушын хызмет етиўи керек. Қайсы тараўда болмасын, олардың негизинде перзентлеримиздиң камалға келиўи, нурлы келешеги сәўлеленеди. Усы мәнисте, Дәслепки раўажланыў орайларынан баслап, "Келешек" орайына шекемги ҳәрекетлердиң нәтийжеси билимлендириўдиң кейинги басқышларында көринеди.
Муножат МУМИНОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы