Бирлик ҳәм бирге ислесиў: Самарқандта Орайлық Азия мәмлекетлери қорғаныў министрлериниң ушырасыўы болып өтти

    20 қазан 2025 3086

    Өзбекстан Республикасы қорғаныў министри, генерал-лейтенант Шуҳрат Халмухамедов Самарқанд қаласында Орайлық Азия мәмлекетлериниң қорғаныў министрлери менен еки тәреплеме ушырасыўлар өткерди.

    Сөйлесиўлер ўақтында әскерий бирге ислесиўди кеңейтиў, биргеликте таярлық көриў системасын жетилистириў, тәжирийбе ҳәм әмелий билим алмасыўды жолға қойыў, сондай-ақ, регионаллық қәўипсизлик тараўында биргеликтеги басламаларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.

    Ушырасыўдың тийкарғы мақсети Орайлық Азия регионында тынышлық, аўызбиршилик ҳәм турақлы раўажланыўды беккемлеўге қаратылған әмелий бирге ислесиўди раўажландырыўдан ибарат болды. Шын жүректен өткен сөйлесиўлер мәмлекетлер арасында исеним ҳәм тилеклесликти беккемлеўге хызмет етти, сондай-ақ, регионда турақлылық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша жаңа қәдемлер ушын тийкар жаратты.

    Дослық руўхында өткен ушырасыўлар ўақтында тәреплер әскерий ҳәм әскерий-техникалық бирге ислесиўди раўажландырыў, халықаралық терроризмге қарсы гүресиўде биргеликтеги ҳәрекетлерди күшейтиў, регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм мәмлекетлер арасында турақлы исенимли бирге ислесиў орталығын қәлиплестириў мәселелери бойынша келисимлерге еристи.

    Бундай әмелий басламалар мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алға қойылып атырған тынышлық ҳәм аўызбиршилик идеяларының әмелий көриниси екенин атап өтиў мүмкин. Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы бундай дослық сөйлесиўлер ҳәм аўызбиршилик тек ғана регионаллық қәўипсизликти беккемлеп қоймастан, ал улыўма тынышлық, турақлы раўажланыў ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларын жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди.

    Қорганыў министрлиги Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар департаменти.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates