Кеўил сораў халқымызға тән қәдирият. Наўайы кән-металлургия комбинаты социаллық жуўапкершиликти өз мойнына алып, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлар, жалғыз кекселер, балаларды материаллық ҳәм руўхый қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратпақта. Жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен комбинат ҳәкимшилиги ҳәм кәсиплик аўқамы Кеңеси менен биргеликте ийгиликли жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, байрам алдынан кәрхана тәрепинен 1,5 мың жәрдемге мүтәж шаңарақларға ғамқорлық көрсетилип, 16 түрдеги азық-аўқат топламлары тарқатылмақта.

Сондай-ақ, "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасы шеңберинде Зарафшан, Ғазғон қалалары, Учқудуқ, Тамды ҳәм Нурата районларындағы 14 мәкан пуқаралар жыйынларындағы 200 жәрдемге мүтәж шаңарақ ҳәм олардың перзентлерине Жаңа жыл саўғасы ҳәм китап топламлары және азық-аўқат топламлары саўға етилмекте.

Күни кеше "НКМК" АЖ ўәкиллери Ғазғон қаласының "Шайхан" ҳәм "Мармарабад" мәҳәллелериндеги жәрдемге мүтәж шаңарақлардың жағдайынан хабар алды.

- Байрам күнлеринде жәрдемге мүтәж шаңарақларға ғамқорлық көрсетип киятырған мәмлекетимиз басшысына өзимниң миннетдаршылығымды билдиремен. Қуўанышлы тәрепи, усы күнлери бир топар комбинат ўәкиллери мәҳәлле белсендилери менен бирге үйимизге келип, байрам менен қутлықлап ҳәм азық-аўқат топламларын бөлисип атырғаны шаңарағымызға қуўаныш бағышлады. Буның ушын барлық шөлкемлестириўшилерге үлкен рахмет, - дейди Ғазғон қаласы "Шайхан" мәҳәллесинде жасайтуғын Нилуфар Хусайнова.

Бир сөз бенен айтқанда, әмелге асырылып атырған бундай ийгиликли жумыслар мәмлекетимизде инсан қәдирин улығлаўға хызмет етеди.

"НКМК" Баспасөз хызмети.