Жойбарға бола, экологиялық ҳуқықбузарлыққа, соның ишинде, атмосфера ҳаўасының патасланыўына қарсы гүресиў ҳәм анықланған ҳуқықбузарлықларды рәсмийлестириў ушын Ташкент қаласында сынақ-тәжирийбе түринде "Экологиялық патруль" қоспа бөлими шөлкемлестириледи.
Бөлимше Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы нызамшылық талапларының орынланыўын тәмийинлеў бағдарында профилактикалық илажларды ҳәм қадағалаў жумысларын турақлы түрде әмелге асырыўы нәзерде тутылмақта.
Бөлим:
- қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў тараўындағы нызам ҳүжжетлери талапларының бузылыўының алдын алыў, оны анықлаў ҳәм оған шек қойыў;
- қоршаған орталықтың жағдайын бақлап барыў, қоршаған орталықтың патасланыўына, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланбаўға алып келиўи, пуқаралардың өмири, денсаўлығы ҳәм мүлкине қәўип салыўы мүмкин болған жағдайларды анықлаў;
- экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийғый ресурслардан пайдаланыўға байланыслы үгит-нәсият ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасын әмелге асырыў, сондай-ақ, браконьерликке қарсы гүресиў;
- тәбиятты қорғаў ҳәм тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў тараўындағы нызамшылық талаплары бузылыўының алдын алыў, оны анықлаў ҳәм оған шек қойыў ушын тәсиршең илажларды қолланыў;
- елатлы пунктлер, көшелер, тутыныў базарлары, ири саўда комплекслери, туризм көргизбеси объектлери ҳәм басқа да жәмийетлик орынлардың және кәрхана ҳәм шөлкемлердиң тутас аймақларының тазалығы ҳәм экологиялық жағдайы үстинен турақлы қадағалаўды әмелге асырыў;
- экологиялық ҳуқықбузарлыққа, соның ишинде, атмосфера ҳаўасының патасланыўына қарсы гүресиў бойынша мәмлекетлик экологиялық қадағалаўды күни-түни әмелге асырыў сыяқлы ўазыйпалар белгиленбекте.
Ишки ислер ҳәм Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги "Экологиялық патруль" қоспа бөлимшесиниң жумысына басшылық етеди.
Бөлимше баслығы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм азат етиледи, статусы бойынша тийислисинше Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги орайлық аппаратының басқарма баслығы лаўазымына теңлестириледи.
Ишки ислер ҳәм Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги менен биргеликте 2025-жыл 1-майға шекем Бөлимшеде улыўма хызметкерлердиң саны 100 штат бирлигин қурайды.





