Жойбарға бола, исеним хаты арқалы автомобилди пайдаланыўда оны сырт мәмлекетке алып шығыў ҳуқықы бар ямаса жоқ екенлиги айрықша түрде көрсетилиўи шәрт болады. Бул ҳаққындағы қарар жойбары жәмийетшиликтиң додалаўы ушын жәрияланды.
Ҳүжжет жойбары автомобиль ийелери ҳуқықларын исенимли қорғаў, шетке алып шығылған транспорт қураллары бойынша жүзеге келип атырған ҳуқықый тартысларды азайтыў ҳәм исеним хаты арқалы берилетуғын ўәкилликлерге анықлық киргизиўди нәзерде тутады.
Жойбарда не усыныс етилмекте?
1.2006-жылғы 38-санлы қарарға қосымша:
- Исенимнамада: "Автомототранспорт қуралын сырт елге алып шығыў ҳуқықы бар" ямаса "жоқ" деген жазыў мәжбүрий болыўы усыныс етилмекте.
2.2020-жылдағы 726-санлы қарарға өзгерис:
- Нотариуслар исеним хатын дүзгенде бул ҳуқық ҳаққында айрықша атап өтиўи шәрт болады.
3.2023-жылдағы 613-санлы қарарға дүзетиў:
- Электрон исеним хатлары түринде де шетке алып шығыў ҳуқықы бар ямаса жоқ екенлиги анық көрсетилиўи талап етиледи.
Соңғы жыллары исеним хаты тийкарында автомобилди пайдаланыў жағдайлары көбеймекте. Айырым жағдайларда болса исеним хаты арқалы берилген автомобиллер сырт елге алып шығылып, қайтарылмаў жағдайлары бақланбақта. Ҳүжжетте келтирилген статистикаға бола, 2024-жылы 50 ге шамалас пуқараларға тийисли транспорт қураллары алып шығылып, қайтарылмағаны анықланған. 2025-жылдың июнь айының өзинде 8 усындай жағдай дизимге алынған. Жойбар усындай келиспеўшиликлердиң алдын алыўға қаратылған.





