Бул бойынша Министрлер Кабинетиниң қарар жойбары regulation.adliya.uz порталында жәмийетшиликтиң додалаўына қойылды.
Жойбарға бола, автомототранспорт қуралларын жәрийма майданшасынан алып шығыў ушын енди Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметине дәстүрий қағазпазлық орнына Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (БИМХП), Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса арнаўлы мобил қосымша арқалы электрон рухсатнама алыў имканияты жаратылады.
Жаңа тәртип пуқаралардың ўақты ҳәм қаржысын үнемлеўи, артықша әўерегершиликти азайтыўы күтилмекте.
Реже бойынша,
2025-жыл 31-июльға шекем БИМХП, Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметиниң мобил қосымшасы арқалы автомототранспорт қуралларын жәрийма майданшасынан алып шығыў ушын электрон рухсатнама алыў мәмлекетлик хызмети жолға қойылады;
физикалық ҳәм юридикалық шахслар автомототранспорт қуралларын жәрийма майданшасынан алып шығыў ушын электрон рухсатнама алыў бойынша МЖҲҚХға дәстүрий (аўызеки ямаса жазба) тәризде мүрәжат етиўи мүмкин.
Электрон рухсатнама QR-код көринисинде рәсмийлестириледи ҳәм ўәкилликли уйымлар тәрепинен автоматластырылған система арқалы тексериледи. Бул процессте БИМХП ҳәм Ишки ислер министрлигиниң мәлимлеме системалары өз-ара интеграцияланады.
Президенттиң ишки ислер уйымларын санлы трансформациялаўға байланыслы қарарының орынланыўы шеңберинде таярланған бул қарар жойбары пуқаралар ҳәм қәнигелер тәрепинен кеңнен додаланбақта.





