Ҳүкиметтиң "Жол ҳәрекети қағыйдабузарлықларын жәрийма баллары тийкарында баҳалаў системасын енгизиў ҳаққында"ғы қарар жойбары жәрияланды.
Мәлим етилиўинше, жәрийма баллары айдаўшыларға тек ғана ЖПХ хызметкерлери тәрепинен рәсмийлестирилген ҳәкимшилик протоколлар тийкарында есапланады.
Жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғанлығы ушын жәрийма баллары “E-jarimaball” модули арқалы инсан факторысыз автоматластырылған тәртипте есаплап барылады.
12 ай даўамында жол ҳәрекети қағыйдаларын бузбаған айдаўшыларға хошаметлеў түринде, кейинги дәўирде жол ҳәрекети қағыйдаларын биринши мәрте бузғаны ушын биринши жәрийма балы есапланбайды.
Айдаўшылардың ақырғы ҳуқықбузарлығы ушын жәрийма балы есапланған ўақыттан баслап, олар 6 ай даўамында жол ҳәрекети қағыйдабузарлықларына байланыслы басқа ҳуқықбузарлық ислемеген жағдайда, оның улыўма жәрийма балларынан еки жәрийма балы алып тасланады.
Егер айдаўшылар жәрийма балларының улыўма муғдары еки жәрийма балынан аз болған жағдайда, барлық жәрийма баллары алып тасланады ҳәм жәрийма балларын есаплаў мүддети биринши ҳуқықбузарлық жүз берген ўақыттан баслап жаңадан басланады.
Айдаўшылар өзлериниң жәрийма баллары ҳаққындағы мағлыўматларды “E-jarimaball” модули ҳәм арнаўлы мобил қосымша және Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы алады.
Айдаўшылардың жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғаны ушын топлаған ҳәр бир баллары оларға SMS хабар жибериў арқалы ескертиледи.
Жәрийма баллары тийкарында транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырылған шахслардың электрон мағлыўматлар базасы енгизиледи.
Қарар 2025-жыл 1-майдан күшке киреди.
Айдаўшылар тәрепинен исленген қайсы қағыйдабузарлық ушын қанша жәрийма баллары есапланады?
Техникалық регламентке муўапық болмаған айнасы сыяқлы ҳәм рухсатнамасыз қарайтылған айналы транспорт қуралларынан пайдаланғаны ушын 0,5 балл бериледи.
Сондай-ақ:
Айдаўшылардың белгиленген ҳәрекет тезлигин 20 км/сааттан көп болмаған шамаға асырып жибергени ушын 0,5 балл;
Айдаўшылардың белгиленген ҳәрекет тезлигин 20 км/саат тан көп, 40 км/саат тан көп болмаған шамаға асырып жибергени ушын 1 балл;
Айдаўшылардың белгиленген ҳәрекет тезлигин 40 км/саат тан көп, 60 км/саат тан көп болмаған шамаға асырып жибергени ушын 1,5 балл;
Айдаўшылардың белгиленген ҳәрекет тезлигин 60 км/саат тан көп, 80 км/саат тан көп болмаған шамаға асырып жибергени ушын 2 балл бериледи.
Соның менен бирге, айдаўшылар светофордың қадаған етиўши сигналына бойсынбай өткени ушын 1 балл бериледи.
Буннан тысқары, айдаўшылардың жолдың қарама-қарсы тәрепине ямаса бөлегине шығыўы, сондай-ақ, авариялық жағдай жүзеге келиўине себеп болса 2 балл бериледи.
Буннан тысқары, ЖТҲ қатнасыўшыларының ҳәдийсе жүз берген орыннан кетип қалғанына да 2 жәрийма балы бериледи.