Мәмлекетимиз басшысының пәрманы менен тастыйықланған мәмлекетлик бағдарламада жыл атамасына сәйкес түрде экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, көшелерде жасыллық дәрежесин арттырыў, сондай-ақ, халықтың саламатлығын жақсылаў, экологиялық турмыс тәризин қәлиплестириў бағдарында кең көлемли ўазыйпалар нәзерде тутылған.
Атап айтқанда, халықтың күнделикли турмысына экологиялық принциплерди сиңдириў арқалы "Экологиялық белсенди пуқара" турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылған "Бир миллион жасыл шаңарақ" улыўма миллий ҳәрекети жолға қойылады. Онда халық арасында саламат турмыс тәризи, атап айтқанда, медициналық мәдениятты арттырыў, саламат аўқатланыў, күнделикли жүриў ҳәм жуўырыўды үгит-нәсиятлаў оның тийкарғы принциплеринен бири етип белгиленгени саламат миллеттиң әрманын өзинде сәўлелендиреди.
Ибн Сино "Тиб қонунлары"нда инсан қоршаған орталық пенен жақын байланыста болыўын ҳәм өз нәўбетинде, сыртқы орталық факторлары оның денсаўлығына тәсир етиўин атап өтеди. Ойшыл тәртипли турмыс тәризинде дәслеп физикалық шынығыўлар, оннан кейин болса аўқатланыў тәртиби ҳәм уйқы әҳмийетли орын ийелейтуғынын жазған. Алымның "Мен өзимнен кейин төрт тәўипти қалдырып атырман: Булар қуяш, таза ҳаўа, суў ҳәм дене тәрбиясы", деген ҳикмети бүгинги күн ушын да оғада әҳмийетли.
Бүгин халықтың экологиялық мәдениятын қәлиплестириў, саламатлығына итибарлы болыўды дәўирдиң өзи талап етпекте. "Өмир - ҳәрекеттен ибарат", деген үгит-нәсият көплеген ўатанласларымыздың турмысына кирип бармақта. Дурыс ҳәм ақылға уғрас аўқатланыў, физикалық шынығыўлар менен шуғылланыўды қәлеўшилердиң саны барған сайын артып бармақта.
Мәмлекетлик бағдарламада бул бағдарда және айрықша ўазыйпалар белгиленгени халық арасында саламат турмыс тәризин турақлы енгизиў, санасын байытыў, саламатлығын жақсылаў бағдарындағы жумысларды жаңа басқышқа алып шығыўы менен әҳмийетли.
Пәрманда халық ушын қурылып атырған пиядалар ҳәм өз алдына велосипед жолларының бойында тереклер ҳәм өсимликлер егиў арқалы "Саялы сейил көшелери" тармағының жаратылыўы, жағалық ҳәм дәрья бойларында 80 инфраструктура объекти ҳәм 110 километрден аслам саламатландырыў жолының қурылысы нәзерде тутылған.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, экологияға байланыслы кеселликлер алдында медицина дерлик әззи. Қоршаған орталықтың патасланыўынан жәбир көрген инсанға гез келгенинде ең алдынғы медицина да жәрдем бере алмаўы мүмкин. Сонлықтан, экологиялық машқалалардың инсан саламатлығына унамсыз тәсирин минималластырыў бүгинги күнниң кешиктирип болмайтуғын ўазыйпасы болып табылады. Саламат миллет әрманы инсанның тәбият пенен үнлеслигин тәмийинлеў, руўхый ҳәм физикалық саламатлығын жақсылаў, турмыс тәризине экологиялық принциплерди сиңдириў, бул бағдарда зәрүр билим ҳәм көнликпеге ийе болыўын тәмийинлеў бағдарында исленип атырған жумысларда өз көринисин таппақта.
- Халық арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, физикалық белсендилик ҳәм дурыс аўқатланыўды үгит-нәсиятлаў күн тәртибиндеги ең әҳмийетли мәселелерден, - дейди Денсаўлықты сақлаў министрлиги басқарма баслығының орынбасары Барно Одилова. - Халықтың саламатлық дәрежесин белгилеў, саламат турмыс тәризиниң әҳмийетин, атап айтқанда, кеселликтиң алдын алыўшы фактор сыпатында дәлиллеп бериў ҳәм оған илимий қатнас жасаў медицина хызметкерлериниң ўазыйпасы. Олар тәрепинен ислеп шығылған саламат турмыс тәризи бағдарламалары мәҳәлледеги белсенди ҳәм абырайлы инсанлар арқалы тәсиршең усылларда халыққа жеткерилсе, кеселлениў дәрежеси кескин азаятуғыны сөзсиз.
Медицинаның басланғыш буўыны халықтың саламатлығын сақлаў, жәмийетте саламат турмыс тәризин енгизиўде шексиз орынға ийе. Өткен ўақыт даўамында басланғыш медициналық хызметлерди халыққа жақынластырыў ҳәм тармағын кеңейтиў бағдарында итибарға ылайық жумыслар исленди. Бул буўында әмелге асырылып атырған трансформация процеси усы жылы пүткиллей жаңа басқышқа көтерилиўи күтилмекте.
Соның ишинде, пәрманға тийкарланып, шаңарақлық поликлиникалар, шаңарақлық шыпакерлик ҳәм мәҳәлле медициналық пунктлеринде халыққа бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем көрсетиўдиң нәтийжели системасы енгизилип, көп тармақлы орайлық поликлиникалардың жумысы орайлық емлеўханалардың мәсләҳәт-диагностика поликлиникасы сыпатында жолға қойылады.
- Бул өзгерис басланғыш системаны халыққа және де жақынластырыўға хызмет етеди, - дейди денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Элмира Боситхонова. - Мәсләҳәт поликлиникасы наўқасты тексериўден өткериў менен шекленип қалмайды. Наўқастың қандай медициналық хызметке мүтәжлиги бар екенлиги, ол үй шараятында емлениўи керек пе ямаса стационарда, диагнозына қарап район, ўәлаят ямаса республика дәрежесиндеги стационарға жибериў имканиятына ийе болады. Мәсләҳәт поликлиникасы усы аймақтағы саламатлық көрсеткишлерин таллаўды да алып барады. Усы таллаўлар тийкарында кемшиликлер сапластырылып, халықтың саламатлық дәрежеси жақсыланады, медициналық хызмет сапасы артады.
Халық, әсиресе, жас әўлад ўәкиллери тәрепинен санитариялық-гигиеналық қураллардан пайдаланыў имканиятын кеңейтиў мақсетинде 2025-жыл 1-майдан баслап "Таза қоллар" бағдарламасы әмелге асырылыўы ҳәм халық арасында кеңнен үгит-нәсиятланыўы нәзерде тутылмақта. Барлық денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў мәкемелеринде қол жуўыў орынларын зәрүр санитариялық-гигиеналық қураллар менен тәмийинлеў, санитариялық-гигиеналық ханалардың техникалық жағдайын жақсылаў, жаңадан қурылып атырған мәкемелерде оларды имараттың ишки бөлиминде жайластырыў нәзерде тутылған. Буның ушын Экономика ҳәм қаржы министрлигине 2025-жыл даўамында бюджет шөлкемлеринде усы бәнттеги илажлар ушын зәрүр болған жағдайларда қосымша қаржы ажыратыў ўазыйпасы жүклетилген.
- Коронавирус пандемиясы "таза қоллар"дың қаншелли әҳмийетли екенин және бир мәрте көрсетти, - дейди Элмира Боситхонова. - Дүнья жәмийетшилиги таза қоллар арқалы коронавирус пандемиясы үстинен жеңиске еристи. Себеби жуқпалы кеселликлер, ҳәр қыйлы микроб ҳәм бактериялар таза болмаған қоллар арқалы жуғады. Бундай жол менен жуғатуғын кеселликлердиң шеги жоқ. Олардан сақланыў, халықтың экологиялық мәдениятын қәлиплестириўде "Таза қоллар" принципиниң орны айрықша. Оның шаңарақларда, билимлендириў ҳәм улыўма аўқатланыў мәкемелеринде қолланылыўы санитариялық жағдайды жақсылайды. Бул арқалы биз келешек әўладқа, перзентлеримиз ҳәм ақлықларымызға жәмийетти экологиялық таза, унамлы нәтийжелер менен тапсыра аламыз.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, адам организминдеги жәми клеткалардың 57 процентке шамаласы микроорганизмлер болып есапланады. Олардың саны 30 триллионнан асламды қураўы ҳәм тийкарынан бактериялардан ибарат екенлигин ҳәмме де биле бермейди.
Организмде жуқпалы кеселликлер пайда болып, температура көтерилгенде, азық-аўқат өнимлериниң қурамы бузылғанда ямаса басқа да унамсыз жағдайларда микроблар ҳаққында ойлап қаламыз. Турмысымыздағы бул жағымсыз жағдайға микроблар айыпкер деп билемиз. Бирақ "Таза қоллар" қағыйдасына әмел етиў көплеген кеселликлердиң алдын алыўда әҳмийетли фактор екенин умытып кетемиз.
- Буннан гөзленген тийкарғы мақсет жуқпалы кеселликлер, ишек инфекцияларының алдын алыў болып табылады, - дейди Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық комитети басқарма баслығы Жуман Тўйчиев. - Бул, өз гезегинде, таза болмаған қол аўыз бослығы арқалы жуғатуғын басқа жуқпалы кеселликлер де азайыўына алып келеди. Халықтың санитариялық мәденияты дәрежесин арттырыў қоршаған орталықты саламатландырыў, аўқатланыў, дем алыў, мийнет етиў шараятларын жақсылаўға жәрдем береди.
Пәрманда 2025-жыл 1-июльға шекем Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитетиниң лабораторияларын азық-аўқат өнимлери қурамындағы трансмайларды анықлаў ушын зәрүр үскенелер менен тәмийинлеў ўазыйпасы белгиленген.
ЖДСШ мағлыўматларына бола, дүнья бойлап 5 миллиардқа шамалас адам усындай зыянлы өнимлерден қорғалмаған. Бул болса жүрек кеселликлери ҳәм өлим қәўпин арттырады. Ҳәр жылы санаатта ислеп шығарылған трансмайлар дүнья жүзи бойынша 278 мыңнан аслам өлимге себеп болмақта.
Соңғы жыллары трансмайлардан пайдаланыў сезилерли дәрежеде артқан. Себеби олар әдетте организм ушын пайдалы майларға қарағанда арзанырақ және бир қатар химиялық ҳәм физикалық қәсийетлерге ийе. Мәселен, бөлме температурасында қатты ҳалда сақланып қалады, сол себепли оларды ҳәр қыйлы қайта исленген азық-аўқат өнимлерине қосыў қолайлы.
- Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық комитети қурамында жаңа лабораториялар жумыс баслайды, - дейди Элмира Боситхонова. - Оларда трансмайларды анықлаў, анализлерди өткериў жумыслары орынланады. Лаборатория жуўмақлары арқалы өним қурамында бул элементлер нормадан жоқары болса, оларды ҳәттеки қадаған етиўге имканият жаратылады. Себеби трансмайлар инсан организминдеги ең әҳмийетли органлар функциясының патологиялық өзгериўине алып келеди, баўыр, бүйрек функциясына унамсыз тәсир көрсетеди. Организмниң зат алмасыўында артқа қайтпайтуғын өзгерислерге себеп болыўы мүмкин.
Улыўма, алдында ўазыйпалар көп. Олардан гөзленген мақсет уллы - инсан қәдирин улығлаў. Оның жасаў ҳуқықы, денсаўлығының тәмийинлениўи, таза ҳаўаны жутыўы, толық турмыс кешириў ҳуқықы ҳүжжеттиң ҳәр бир бәнтинде өз көринисин тапқан. Бул болса, өз гезегинде, мәмлекетимиздиң раўажланыў ҳәм жетилисиў жолында избе-из қәдем таслап атырғанынан дәрек береди.
Рисолат МАДИЕВА,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы