Усы жылы 22-ноябрь күни пайтахт ҳаўасының патасланыўы қәўипли дәрежеге жетип, атмосферада PM2,5 майда дисперсли бөлекшелер муғдары белгиленген нормадан үш есе жоқары екени атап өтилди. 24-ноябрь күни де тап усындай жағдай даўам етти. Қала бойлап ҳаўаның патасланыў дәрежесин азайтыўға қаратылған бир қатар жумыслар, атап айтқанда, қурылыс майданларында шаң көтерилмеўи ушын суў себиў, жолларды ығалландырыў илажлары орынланғанына қарамастан, атмосферадағы зыянлы шаң бөлекшелери сақланып қалды.

Мәселениң және де қыйын тәрепи сонда, ҳаўаның нормадан артық патасланыўы Ташкент қаласы ушын әдеттеги жағдайға айланбақта. Әсиресе, гүзги-қысқы мәўсимде қала халқы әне усы машқалаға дус келмекте. Өткен жылы да мәселе бир қанша аўыр түс алғаны, ҳәттеки оған қарсы кескин экологиялық илажлар көрилгени ядымызда. Бирақ адамлардың нәзеринде бул илажлар жетерли болмай атыр. Ҳаўаның күн сайын патасланыўына себеп болып атырған факторларға қарсы қатаң гүресиў керек екенлиги айтылмақта. Мәселен, қурылысларды тоқтатыў, санаат кәрханаларынан шығып атырған зыянлы затларды қатаң қадағалаўға алыў, жылытыў мәўсиминде зәҳәрли жанылғылардан пайдаланбаў ҳәм басқалар.

Әҳмийетлиси, мине усы мәселелер мәмлекет тәрепинен бир қатар ҳуқықый тийкарлар менен тәртипке салынып атырғанының гүўасы болмақтамыз. Қатаң экологиялық илажлар, қатаң қадағалаў илажлары алып барылмай атыр, десек қәте болады. Себеби, мәмлекетимизде экологиялық турақлылықты тәмийинлеў мақсет етилген.

Хош, сонда неге ҳаўа сапасы елеге шекем жақсыланбай атыр? Не ушын пайтахт аспаны тез-тез шаңға толып, патасланыў дәрежеси артып бармақта?

Оған бир ўақыттың өзинде бир неше фактор себеп болыўы айтылмақта. Олардан бири тәбийғый факторлар, яғный глобал климат өзгерислери, атап айтқанда, елимизде жаўын-шашынның барған сайын азайып баратырғаны ҳәм басқалар. Қәнигелердиң атап өтиўинше, ҳаўа температурасының кескин өзгериўи де шаңланыўды арттырмақта. Бул инверсия процесин келтирип шығарады, майда бөлекшелердиң төменги қатламларда топланыўы ҳәм атмосфера ҳаўасындағы концентрациясының артыўына алып келеди.

Өзгидромет директоры Шерзод Ҳабибуллаевтың мәлим етиўинше, ҳаўада зыянлы бөлекшелер көбейиўине себеп болып атырған және бир тәбийғый фактор - бул жаўын-шашын жоқ екенлиги. Синоптиклердиң мағлыўматына бола, ноябрь айының басынан берли Ташкентте дерлик жаўын жаўған жоқ. Жаўын-шашынның жетиспеўшилиги ҳаўадағы майда бөлекшелердиң тәбийий жуўылыўын пәсейтеди ҳәм олардың атмосферада узақ услап қалыўына себеп болады. Және бир тәбийий фактор - шаңланыў. Өзбекстан тәбийий тәрептен қурғақ ҳәм ярым қурғақ климат аймағында жайласқанлығы себепли, өсимлик қапламының қысқарыўы ҳәм климат ысыўы тәсиринде тәбийғый шаңланыў артпақта. "Соның ушын быйыл шаңланыў әдеттегиден көбирек көринди. Ҳәтте самалы күнлерде де PМ10 көрсеткишиниң артыўы бақланды. Майда бөлекшелердиң белгили дәрежеде сақланып қалыўы тәбийий ҳәм мәўсимлик жағдай болып табылады. Ҳаўа турақласыўы менен ҳаўа сапасы өз-өзинен сезилерли дәрежеде жақсыланады," деп түсиндиреди қәниге.

Талаплар қатаңласты

Шаңланыў тәбийий нәрсе екен, деп өкпемиз зыянлы ҳаўаға толыўын күтип отыра алмаймыз. Бундай ҳаўада турақлы дем алыў денсаўлық ушын үлкен машқалаларды пайда ететуғыны көпшиликке белгили. Әсиресе, дем алыў жолы кеселлиги, аллергиялық кеселликлерден жәбир шегетуғынлар, балалар шаңды аңсат ғана "жутып жибере алмайды". Қалаберди, глобал ысыў себепли жаўын-шашын барған сайын азайып бармақта. Демек, машқалаға қарсы анық, системалы илажлар көриў керек. Ең болмағанда, ҳаўа сапасына унамсыз тәсир көрсетип атырған екилемши факторларды сапластырыў, альтернатив шешимлерди қолланыў талап етиледи.

Президентимиздиң усы жыл 18-ноябрьдеги "Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында"ғы қарары әне усы мақсетлерге қаратылған. Усы қарарға муўапық экология тараўы бойынша жаңа илажлар бағдарламасы тастыйықланып, анық ўазыйпалар белгиленди. Соның ишинде, Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятындағы ыссыхана хожалықларын тәбийғый газ бенен турақлы тәмийинлеў бойынша зәрүр шөлкемлестириўшилик-техникалық илажлар ҳаққында 2025-жылдың ақырына шекем усыныслар ислеп шығылады. Усы жыл 1-декабрьден АЖҚШларда АИ-80 бензининиң сатылыўы тоқтатылады, тығыз ўақытларда қалада жүк машиналарының ҳәрекети шекленеди. Қурылыс объектлеринде ҳаўа сапасын өлшеўши станциялар ҳәм де камералар орнатылады ҳәм басқалар.

Ең әҳмийетли тәрепи, қарар менен санаат кәрханаларына ҳаўа сапасын өлшеп туратуғын фон мониторинг станцияларын орнатыў ушын 2026-жыл 1-мартқа шекемги мүддет берилди. Өзбекстандағы қоршаған орталыққа тәсир көрсетиў бойынша I ҳәм II категорияға тийисли санаат кәрханалары, атап айтқанда, цемент заводлары, нефть, газ, химия комплекслери, тери ислеп шығарыў фабрикалары сыяқлы қоршаған орталық ушын қәўипли кәрханалар усы мүддетке шекем мониторинг станциясын орнатып, Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети базасына интеграциялаўы шәрт. Болмаса, тәбиятқа зыян жеткергени ушын компенсация төлеми 5 есеге арттырылады.

Усы түрдеги кәрханалар қатарына электр станциялары да киреди. Яғный, пайтахт халқына ыссылық ҳәм электр энергиясын жеткерип бериўши станцияларда да қоршаған орталыққа зыянлы шығындылар шығарыў дәрежеси жоқары екени, әсиресе, мазут ҳәм сол сыяқлы жоқары патасландырыўшы жанылғы түрлеринен пайдаланған жағдайда, атмосфераға айрықша тәсир көрсететуғыны сыр емес. Сонлықтан, оның алдын алыў, электр станцияларында мониторинг орнатыў ҳәм қоршаған орталыққа шығатуғын зыянлы шығындыларды белгиленген нормадан арттырмаў талап етилмекте.

Мазут пайдаланыўдан шығарылған

Бул талап қаншелли орынланып атырғаны, реал жағдай менен танысыў мақсетинде Ташкент қаласындағы ыссылық орайының кәрханаларында болдық. "Ыссылық электр станциялары" АЖ системасындағы Ташкент ыссылық орайы кәрханасы қурамында 9 ыссылық орайы бар. Олар пайтахт тутыныўшыларының 75 процентин ыссылық пенен тәмийинлейди. Өндирис процесинде болса тәбийғый газден пайдаланылады. Әне усы мағлыўмат бир қатар сораўларға себеп болды. Бизди қанша қазанхана бар екенлиги ҳәм олардағы оңлаў жумысларынан гөре, электр станциялары ыссылық ҳәм электр энергиясын ислеп шығарыўда тәбийғый газдиң орнына мазут ҳәм атмосфера ушын зыянлы басқа да жанылғылардан қаншелли пайдаланатуғыны, бул түрдеги кәрханалар ҳаўаға нормадан артық зыянлы шығындылар шығаратуғыны қаншелли ҳақыйқат екенлиги, буның алдын алыў ушын қандай илажлар көрилип атырғаны қызықтыратуғын еди.

- Биз турған кәрхана мазут жағыўға бейимлеспеген ҳәм бул жанылғы әмелияттан толық шығарып тасланған, - дейди Яккасарай районындағы Ташкент ыссылық электр орайының газ-турбина қурылмаларының машинисти Муратжан Эргашев. - Электр ҳәм ыссылық энергиясы тек ғана тәбийғый газ тийкарындағы заманагөй қурылмалар арқалы ислеп шығарылады. Мәмлекетимиз басшысының тийисли тапсырмаларына муўапық пайтахтта электр ҳәм ыссылық энергиясын ислеп шығарыўда заманагөй, экологиялық таза қурылмалар енгизилмекте. Бул орайда да 2024-жылы қуўатлылығы 64 мегаватт болған жаңа 2 газ-турбина қурылмасы иске қосылды. Олар арқалы жылына қосымша 515 миллион киловатт саат электр ҳәм 630 гигакалория ыссылық энергиясын ислеп шығарыў жолға қойылды. Тийкарғысы, заманагөй қурылма есабынан қоршаған орталыққа шығарылып атырған патасландырыўшы элементлер жылына 200 тоннаға азайыўына ерисилди. Бул жерде шығындылардың ҳаўаға шығыўын мониторинг етиў мақсетинде стационар бақлаў пункти, яғный экопостлар шөлкемлестирилген. Ақаба суўды қайта ислеў ушын автоматластырылған системалар да енгизилген. Онда ақаба суў ҳәр қыйлы шығындылар, зыянлы затлардан тазаланып, қайта пайдаланылады.

Кәрханада 4 автоматикалық мониторинг станциясы ҳәм 1 экопост орнатылған болып, зыянлы шығындылардың шығарылыўы турақлы қадағалаўға алынған. Ҳәр бир трубадағы зыянлы затлар қадағаланады. Процессте қандай да бир зыянлы заттың муғдары артып кетсе, система сигнал береди ҳәм экологлар машқаланы дәрҳал сапластырады. Газ тармақларында механикалық бирикпе фильтрлери де жаңаланған. Булардың есабынан өндирис процесинде станция аймағында зыянлы бөлекшелердиң тасланыўы дерлик 0,06% ке теңлести. Бул нормадан 100 есе аз дегени.

Заманагөй технологиялар атмосфераға зыянлы шығындыларды сезилерли азайтыў менен бирге, тәбийғый газди де жақсы үнемлейди. Яғный электр станцияларында бундай үскенелерге талап ҳәзир ҳәр қашанғыдан да жоқары. Бирақ жыллар даўамында ислеп киятырған, дәстүрий усылда ыссылық энергиясы ислеп шығарылатуғын орайлар-ше, оларда да жумыс процесинде атмосфераға патасланған бөлекшелер шықпайтуғынына исениў мүмкин бе?

- Елимизде биринши ыссылық орайлары 1969-жылы қурыла баслаған болса, бүгин жумыс ислеп атырғанларының көпшилиги 1980-жылларға шекем қурылған, - дейди "Ташкент ыссылық орайы" ЖШЖ директоры Беҳзод Боранбаев. - Сол ўақыттың өзинде жойбарда тийкарғы жанылғы тәбийғый газ, резерв жанылғы болса мазут болған. Яғный ыссылық орайлары тәбийғый газге бейимлестирилген болса да, айрықша жағдайларда мазут жағылған. Ҳәзир де Ташкент қаласындағы 9 ыссылық орайынан 6 ўында мазут жағыў имканияты бар. Айрықша жағдайлар ушын резерв жанылғы сыпатында мазут сақланады. Соңғы мәрте 2023-2024-жылғы гүз-қыс мәўсиминдеги аномал суўықта мазут жағылған. Бирақ өткен жылғы мәўсимде мазуттан пайдаланылмады, быйыл да бундай реже жоқ. Себеби, мазутты жағыў технологиясы бираз қыйын ҳәм баҳасы да газге салыстырғанда үш есеге қымбат. Және бир тәрепти атап өтиўди қәлер едим, көпшилик ойлағандай, мазут жаққанда ҳаўа бирден патасланбайды. Оның да өзине тән жаныў режими бар ҳәм турақлы түрде нормаларға бейимлестирилип барылады. Егер нормадан артық зыянлы шығынды шыға басласа, дәрҳал сигнал берилип, зәрүр илаж көриледи. Соған қарамастан, системада мазут ҳәм сол сыяқлы жоқары патасландырыўшы жанылғы түрлеринен пүткиллей ўаз кешиў бойынша әмелий ҳәрекетлер исленбекте.

Атап айтқанда, Ташкент ыссылық орайының 4-ыссылық орайы аймағында усы жылдың ақырында қуўатлылығы 100 мегаватт болған жаңа газ-поршенли электр станциясын иске қосыў режелестирилген. Жаңа қуўатлық толық тәбийғый газде ислеўге бейимлестирилген. Қытайдың ири компаниялары менен биргеликте әмелге асырылып атырған жойбар шеңберинде 50 жаңа жумыс орны ашылып, жылына орташа 876 миллион киловатт саат электр ҳәм 784 мың гигакалория ыссылық энергиясы ислеп шығарылады. Нәтийжеде 15 миллион куб метр тәбийғый газ үнемлениўине ерисиледи. Жаңа қуўатлық иске қосылғаннан соң, орташа 365 мың шаңарақты электр ҳәм 58 мың шаңарақты ыссылық энергиясы менен тәмийинлеў имканияты жаратылатуғыны айтылмақта.

Тийкарғы мәселе және экологиялық қәўипсизликке барып тақалады. Заманагөй қурылмалардың үнемлилиги, тек ғана тәбийғый газге бейимлескени жақсы, әлбетте. Бирақ еле бундай қурылмалар орнатылмаған ыссылық орайлары да жоқ емес. Оларда машқала қалай шешилип атырғаны менен қызықсындық.

- Мәселен, Қибрай районындағы "Ташкент ЫЭС" АЖда экологиялық турақлылықты тәмийинлеў мақсетинде усы жылы энергия блокларынан шығып атырған түтин-газ қурамын тазалаў ушын "Жеңли фильтр" қурылмасы орнатылып, иске қосылды, - дейди станция бөлим баслығы Бердақ Айтмуратов. - Кәрхананың тийкарғы жумысы электр энергиясын ислеп шығарыўға қаратылған болып, жыл басынан тек ғана тәбийғый газден пайдаланып атырмыз. Жаңа фильтр қурылмасы толық автоматластырылған системада ислейди ҳәм саатына 1,5 миллион метр куб түтинди тазалайды. Фильтрди орнатыў нәтийжесинде атмосфераға шығатуғын түтин қурамындағы қатты бөлекшелердиң концентрациясын 100 миллиграмм метр кубтан 6 миллиграмм метр кубқа шекем азайтыўға ерисилди. Сондай-ақ, кәрханада қуяш фотоэлектр станциялары ҳәм суў ысытыўшылар орнатылыўы арқалы жылына 110,7 тонна тасланды шығыўының алды алынып, ыссылық системасында техникалық суўдан пайдаланыў нәтийжесинде 350 мың куб метр ишимлик суўы үнемленбекте. ЫЭСте түтин шығаратуғын 3 морыға заманагөй, жоқары анықлыққа ие автоматикалық мониторинг станциялары да орнатылған. Олар арқалы зыянлы шығындылар турақлы қадағалап барылады.

Ҳәзирги ўақытта Ташкент ЫЭСте ислеп шығарылып атырған өнимниң 97 процентин электр энергиясы, қалған бөлегин ыссылық қурайды. Станциядан жеткерип берилип атырған ыссылық қуўатлылығы жақын әтираптағы онлаған кәрхана ҳәм шөлкемлер, сондай-ақ, Ташкент ЫЭС аймағындағы көп қабатлы турақ жайлар ҳәм ыссыханаларды ыссылық пенен тәмийинлеп келмекте. Өндирис процеси болса толық қадағалаўда екени, кәрханада қоршаған орталыққа шығатуғын зыянлы шығындылар нормадан арттырылмайтуғыны айтылды.

Ҳақыйқатында да елимиздеги барлық санаат кәрханаларына әне усы талап қойылмақта - олардың жумысы экология бузылыўына, ҳаўаның патасланыўына себеп болмаўы керек. Болмаса, пайтахттағы ҳаўаның патасланыў машқаласы даўамлы жағдайға айланады. Усы күнлери буның ақыбетлерин өзимиз де көрип турмыз. Мәселе болса әдеўир қыйын.

Сол себепли, 25-ноябрь күни мәмлекетимиз басшысы "Ташкент қаласында экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша кешиктирип болмайтуғын илажлар ҳаққында"ғы пәрманға қол қойды. Усы пәрманға муўапық арнаўлы комиссия дүзилип, орынлаўды тәмийинлеў тапсырылды. Енди арнаўлы комиссия атмосфера патасланыўына себеп болып атырған барлық факторларды сапластырыў, соның ишинде, санаат ҳәм өндирис кәрханаларында фильтрлер орнатыў бойынша нызамшылық талапларының орынланыўын қадағалайды.

Ирода ТОШМАТОВА

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы