Экологиялық қадағалаў айрықша көзқараслар тийкарында жолға қойылады

    Ҳәзирги күнде қоршаған орталықты қорғаў ҳәр қашанғыдан да үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

    Өмирдиң даўамлылығы ушын тәбиятты қәстерлеп сақлаўымыз, тәбийғый ресурсларды ақылға уғрас басқарыўымыз, олардан үнемли пайдаланыўымыз заманымыздың тийкарғы талабына айланды. Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытқа келип көплеген экосистемалар резерви дерлик таўсылып, артқа қайтпайтуғын дәрежеге жеткен, оның үстине, халық саны өсип баратырған, экономикалық раўажланыўға күн сайын зәрүрлик артып атырған жағдайда қоршаған орталықты сақлаў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады.

    Мине, усындай қыйын жағдайдан келип шығып, мәмлекетимизде экологиялық сиясат пүткиллей жаңа басқышқа көтерилди. Қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый ресурслардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм климат өзгерислерине бейимлесиў турақлы раўажланыў стратегиясының тийкарғы бағдары болып қалмақта.

    Өзбекстан глобаллық экологиялық машқалалар фонында бул тараўды нәтийжели басқарыў бойынша көзқарасларды жетилистирип, өз-ара үйлесимли, ашық-айдынлық, нәтийжелилик принциплерине тийкарланған системаны қәлиплестирмекте.

    Кейинги жылларда атмосфера ҳаўасының жағдайын жақсылаў, жасыл майданларды кеңейтиў, биокөптүрлиликти қорғаў ҳәм экосистемаларды тиклеў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылды.

    Климаты қурғақ мәмлекет сыпатында суўдан ақылға уғрас пайдаланыўға айрықша итибар қаратылмақта. Аймақларды көклемзарластырыў, шөллениўге қарсы гүресиў ҳәм жасыл технологияларды енгизиў бағдарламалары және де раўажландырылмақта. Булардың барлығы экология өз алдына тараў емес, ал экономика ҳәм социаллық сиясаттың тийкары екенинен дәрек береди.

    Ең тийкарғысы, экологиялық сиясатты жаңалаў ҳәм оған сәйкес түрде басқарыў системасын да өзгертиў тийкарғы ўазыйпаға айланды. Тийкарғы мақсет барлық басқышлардағы жумыслардың өз-ара үйлесимлилигин тәмийинлеўге хызмет ететуғын бирден-бир муўапықластырылған механизмди жаратыўдан ибарат.

    Бундай көзқарас, бириншиден, қоршаған орталықты қорғаў илажларының нәтийжелилигин арттырыў, қалаберди, тараўды мәмлекет раўажланыўының ажыралмас бөлегине айландырыў имканиятын береди.

    Мәмлекетимиз басшысы усы жыл 11-ноябрь күни экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша усыныслардың презентациясы менен танысты.

    Атап өтилгениндей, соңғы жыллары мәмлекетимизде тәбиятты қорғаў, атмосфера ҳаўасын жақсылаў, жасыл аймақларды көбейтиў ҳәм климат өзгериўине бейимлесиў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бирақ системадағы ыдыраўшылық, жуўапкершилик ҳәм ўәкилликлердиң түрли уйымлар арасында бөлинип кеткени нәтийжесинде жумыслардың нәтийжеси бәрқулла күтилген дәрежеде болмай атыр. Усы мүнәсибет пенен мәжилисте тараўда басқарыўды жетилистириў бойынша ислеп шығылған усыныслар көрип шығылды.

    - Президентимиз экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша әмелге асырылыўы зәрүр болған бир қатар тапсырмалар берди, - дейди экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов. - Сондай-ақ, бул бағдарда мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанда жойбарлаў көзқарасының әҳмийетли екенлигин атап өтти. Атап айтқанда, бир қатар бағдарлар улыўма миллий жойбар сыпатында енгизилетуғыны белгиленди. Соның ишинде, қоршаған орталықтың сапасын, қалаларда атмосфера ҳаўасын жақсылаў, жасыл аймақларды раўажландырыў, тәбиятқа жуўапкершиликли қатнасты қәлиплестириў ҳәм тәбийғый мийрасты қорғаўға байланыслы жойбарларды әмелге асырыў және қаржыландырыўды орайласқан ҳалда алып барыў усыныс етилди.

    Және бир әҳмийетли тәрепи. Презентацияда шығындылар мәселесине айрықша итибар қаратылды. Бул бағдарда шығындыдан жырақ Өзбекстан улыўма миллий жойбарын енгизиў бойынша илажлар белгиленди. Бул жойбар шеңберинде көплеген жаңалықлар енгизиледи. Соның ишинде, шығындыларды толық утилизациялаў ҳәм қайта ислеў, оларды нызамсыз таслап кетиў сыяқлы жағдайлар бойынша анық, системалы қатнаслар енгизиледи.

    Сондай-ақ, "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбарын буннан былай да жетилистириў ҳәм көлемин кеңейтиў бойынша жаңаша қатнасларды енгизиў бойынша тийисли ўазыйпалар белгиленди.

    Елимизде айрықша қорғалатуғын аймақлар бар. Олардың бундай аталыўының тийкаргы себеби, бул аймақлар сийрек уширасатуғын өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясын, минерал суўлар ҳәм де тәбият естеликлерин сақлаў ушын экологиялық, илимий, мәдений, эстетикалық, санитариялық саламатландырыў әҳмийетине ийе. Бул объектлерди қәстерлеп сақлап, келешек әўладқа жеткериў мақсетинде биомийрас жойбары енгизиледи.

    Буннан тысқары, тараўдағы нызамбузыўшылықларға қарсы оператив илаж көриў, тереклердиң нызамсыз кесилиўи, ҳаўаның патасланыўының алдын алыў, жәмийетшиликтиң қатнасын кеңейтиў механизмлери, сондай-ақ, санаатта экологиялық тәртипке салыўды жетилистириў ҳәм елатлы пунктлерде жасыл аймақлардың сақланыўын тәмийинлеў илажлары күшейтиледи.

    Лутфулла СУВОНОВ,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates