Бул тәбийғый орталықтың бузылыўы, климат өзгериўи, инсанның өмири ҳәм саламатлығы, экосистема турақлылығына қәўип туўдырыўшы факторлар, биокөптүрлиликтиң жоқ болып барыўы көринисинде көринип атыр.

Сол себепли, елимиздиң тәбиятында жүз берип атырған унамсыз жағдайлардың келип шығыў себеплерин анықлап, оларды илажы барынша сапластырыў ҳәм жумсартыў, бул бағдарда халықтың хабардарлығын арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар исленбекте.

Мәмлекетимиз басшысының 2025-жыл 3-январьдағы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Әмиўдәрья районы экология ҳәм климат өзгериўи бөлими атмосферадағы унамсыз өзгерислердиң алдын алыў ушын белгили бир жумысларды әмелге асырмақта.

- Бөлимимиз тәрепинен өткен жылы бир қатар жумыслар әмелге асырылды, - дейди Әмиўдәрья районы экология ҳәм климат өзгериўи бөлиминиң баслығы Рашид Бегалиев. - Соның ишинде, Чайкөл аўылы аймағындағы 0,9 гектар майданда бағ жаратылды. Районлық абаданластырыў басқармасы ҳәм Қыпшақ мәмлекетлик тоғай хожалығы тәрепинен аймақтың тәбийғый топырақ-ықлым шараятына сай нәллер таңлап алынып, өткен жылы "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде 825 мың түп мийўели ҳәм саяманлы терек нәли егилди. Олардың күтими үстинен қадағалаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң хызметкерлери бириктирилген. Қорғалатуғын тәбийғый аймақлар режимине әмел етилиўи ҳәм өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясын қәстерлеп сақлаў бойынша мәмлекетлик экологиялық қадағалаў шеңберинде оператив илажлар өткерилди. Нәтийжеде 123 нызамбузыўшылық жағдайы анықланып, пуқара ҳәм лаўазымлы шахсларға дерлик 250 миллион сумлық жәриймалар қолланылған. Сондай-ақ, бөлимимиз “Yerelektron” автоматластырылған платформасы арқалы жәми 10 жер участкасын үйренип, тийисли жуўмақ берди. “E’TIROF AT” электрон платформасы арқалы өзбасымшалық пенен қурылған турақ жай имаратлары ҳәм усы имаратлар аймағындағы тереклерге де нызам шеңберинде зәрүр жуўмақлар берилмекте. Шөлкемге келип түскен мүрәжатлар ҳәр тәреплеме үйренилип, экологиялық машқалаларға өз ўақтында, нәтийжели шешим табыўға ерисилмекте. Бул халықтың қоршаған орталықты қорғаўға мүнәсибети унамлы тәрепке өзгерип, экологиялық мәдениятының артыўына тийкар жаратпақта.

Бүгин Әмиўдәрья районында экологиялық машқалаларды сапластырыўға қаратылған барлық ҳәрекетлер тек ғана мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер емес, ал сиясий партиялар ҳәм халық пенен биргеликте алып барылып атырғаны да унамлы нәтийже бермекте. Әсиресе, денсаўлықты сақлаў, тәлим-тәрбия системасының ўәкиллери, Экологиялық партияның Әмиўдәрья районлық кеңеси менен биргеликте 2025-жылдың бәҳәр ҳәм гүз мәўсиминде партияның билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларында жумыс алып барыўшы ағзаларының қатнасыўында 50 ден аслам акция шөлкемлестирилип, мыңлаған мийўели ҳәм саяманлы терек нәли отырғызылған.

Экологиялық машқалаларды сапластырыўға қаратылған ҳәрекетлерде район халқы, әсиресе, жаслар белсене қатнаспақта. Тәбийғый ресурсларды үнемлеў, қоршаған орталықтың тазалығына итибарлы болыў, шаңарақларды жақтыландырыў ҳәм ысытыўда энергия үнемлеўши үскенелерден пайдаланыў, кең көлемли көклемзарластырыў ҳәм абаданластырыў илажларын өткериў бүгин ҳәр бир әмиўдәрьялылардың әҳмийетли ўазыйпасына айланған.

Шөллениў ҳәм суўсызлыққа қарсы көрилип атырған илажлар районда жумыс алып барып атырған аўыл хожалығы кәрханалары, фермер ҳәм дийқан хожалықларының тамшылатып суўғарыў технологияларынан нәтийжели пайдаланыўына имканият бермекте.

Қәнигелердиң есап-санағына бола, 1 тонна бийдай жетистириў ушын 1,5 тонна, 1 тонна салы ушын 4-5 тонна, 1 тонна пахта зүрәәтин алыў ушын болса 10 мың тонна суў жумсалады екен. Гидросфераның 2,5 проценти душшы суўдан ибарат екенин есапқа алсақ, глобал дүньяда, соның ишинде, мәмлекетимизде де экология менен байланыслы машқалаларды шешиў, суўсызлыққа қарсы қатаң илажлар көриў ҳәм бул бағдарда исеним ҳәм үнемлилик пенен ислесиў тек ғана мәмлекеттиң емес, ал ҳәр бир пуқараның мойнына үлкен жуўапкершилик жүклейди.

Солай екен, жасыл энергия дәреклеринен пайдаланыўды дәстүрге айландырыў, тамшылатып суўғарыў технологияларын жумысымызға кеңнен енгизиў, бағ-бақшалар, жасыл мәканларды көбейтиў, жер асты суўларынан оғада абайлы пайдаланыў арқалы экологиялық қәўиплердиң алдын алыў тийкарғы ўазыйпа болып қалады.

Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы