Илаж қатнасыўшыларына Өзбекстанның экономикалық раўажланыў көрсеткишлери, туризм потенциалы, инвесторлар ушын жеңилликлер ҳәм преференциялар системасы, аймақлардың драйвер тармақлары, сондай-ақ, перспективалы саўда ҳәм инвестициялық жойбарлар ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Қытай компаниялары елимизде әмелге асырылып атырған реформаларды жоқары баҳалап, сырт ел компаниялары ушын жаратылған қолайлы ҳәм қәўипсиз исбилерменлик орталығы, киргизилген визасыз тәртип, сондай-ақ, бир қатар тиккелей авиақатнаўлардың бар екенлиги өз-ара алмасыўларды жеделлестириў ҳәм туризмди буннан былай да раўажландырыў ушын қосымша имканиятлар жарататуғынын атап өтти.

Дипломатлардың «Guangdong General Chamber of Commerce» палатасының бас хаткери Сун Цзя ханым ҳәм басқа да қатнасыўшылар менен еки тәреплеме ушырасыўларында әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў, сондай-ақ, Гуандун провинциясының жетекши компаниялары ҳәм қәнигелескен ассоциацияларының қатнасыўында мәмлекетимиз аймақларына бизнес-миссияларды шөлкемлестириўге келисип алынды, деп хабар береди «Дунё» МА.