- Бул тек ғана сүўретке алыў майданшасы емес, ал дерлик бир әсирден берли
халқымыздың тарийхы, тәғдири, жүректеги арзыў-умтылыслары ҳәм тәшўишлерин экранда
сәўлелендирип киятырған миллий кинематографияның бесиги. Бүгинги улыўма
ўазыйпамыз - "Өзбекфильм"ди миллий бренд ҳәм Өзбекстан заманагөй
киноиндустриясының таяныш орайына айландырыўдан ибарат.
Буның ушын тараўды басқарыў системасын өзгертиў керек. Буннан былай
мәмлекет дөретиўшилик процесине араласатуғын буйыртпашы емес, ал раўажланыў ҳәм
қаржылай қоллап-қуўатлаў ушын шараят жарататуғын стратегиялық шерик болады.
Жеке меншик киностудиялар, ғәрезсиз продюсер ҳәм авторлар болса бул тараўдың
тийкарғы ҳәрекетлендириўши күшине айланыўы керек.
Фильм ислеп
шығарыўдан баслап тамашагөйге шекемги барлық шынжыр - қаржыландырыў, тарқатыў,
прокат, фестивальларда қатнасыў ҳәм экспорт жәҳән стандартларына сәйкес түрде
модернизацияланады. Миллий мийрасты сақлаў, реставрациялаў ҳәм санластырыў
системасын беккемлеў, жаңа әўлад қәнигелерин таярлаў ҳәм халықаралық тәжирийбе
алмасыў имканиятларын кеңейтиў нәзерде тутылған.
Ең әҳмийетлиси,
тараўда ҳақыйқый профессионал орталық ҳәм өзин-өзи басқарыў мәденияты
қәлиплесиўи, ҳәр бир режиссёр ҳәм басқа да кино дөретиўшилериниң пикири,
тәжирийбеси ҳәм абырайы мүнәсип баҳаланыўы керек.
Сапардың
жуўмағында Әбиў Әлий ибн Синаның балалық дәўири ҳаққындағы тарийхый картинаның
сүўретке алыныў майданында болдым. Үлкен көлемдеги декорациялар, дөретиўшилик
жәмәәттиң жумысы менде үлкен тәсир қалдырды. Дөретиўшилерге әўмет тилеймен.
Премьера ўақтында көрискенше!", - деп атап өтти Саида Мирзиёева.