Өзбекстан Жәҳән саўда шөлкемине кириў жолындағы ҳәрекетлерин барған сайын жеделлестирмекте. Бул барлық тараўлар, әсиресе, экономика тармақларындағы раўажланыўды халықаралық стандартларға бейимлестириўге умтылып атырғанымыздың және бир дәлили. Абырайлы шөлкемниң еркин ҳәм ашық-айдын саўда қатнасықларын тәртипке салыў және оны кеңейтиў арқалы ағза мәмлекетлердиң турақлы раўажланыўын тәмийинлеў ҳәм инсанлардың турмысын жақсылаўға қаратылған ўазыйпалары бүгин Өзбекстанда әмелге асырылып атырған экономикалық реформалардың мақсетине толық сәйкес келеди.
Себеби, бүгин имканиятлар қаншелли кең болмасын, жәҳән базарына кирип барып, онда мүнәсип орын ийелеў, халықаралық саўда көлемин арттырыў аңсат емес. Буның өз талаплары, сапа ҳәм қәўипсизликти қадағалаўға байланыслы нормалары бар. Елимизде миллий экономика тармақларын жедел раўажландырыў, кәрханалардың экспорт потенциалын арттырыў, ҳәр бир тараўда раўажланыўды жәҳән стандартларына бейимлестириў, елимиздиң халықаралық көлемдеги орнын буннан былай да жоқарылатыў жолында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслардың тийкарында усы мақсетлер жатыр.
Себеби, дүньяда күн сайын өзгерип атырған қәўипли жағдай, глобал экологиялық машқалалар шараятында азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў менен бирге, экспорт базарын кеңейтиў әҳмийетли ўазыйпаға айланған. Өзбекстан соңғы жыллары импортёр мәмлекеттен экспортёр мәмлекетке айланғаны сыр емес. Барлық тармақларда шийки затты қайта ислеп, таяр өнимге айландырыў көрсеткиши сезилерли дәрежеде өскен. Бул жыллар даўамында биз бирге ислескен дәстүрий мәмлекетлер қатарын кеңейтиў зәрүрлигин арттырды. Ҳәм мәмлекетимиз буны әмелге асырды. Ҳәзир дүньяның 120 дан аслам мәмлекетине өним жеткерип берип атырмыз. Миллий брендимиздиң аты, ҳәттеки, Европа, океан арты мәмлекетлерине жетип барып, мүнәсип орын ийелемекте.
Өзбекстанда соңғы жылларда экспорт сиясатының кеңейиўи ҳәм жаңа базарларға қаратылып атырғаны қәнигелер тәрепинен жоқары баҳаланбақта. Әсиресе, аўыл хожалығы өнимлери, атап айтқанда, мийўе-овошлар экспорты тараўындағы унамлы өзгерислер мәмлекет экономикасында жаңа басқыш басланғанын көрсетпекте. Усы жылдың 30-июль күни мәмлекетимиз басшысының басшылығында мийўе-овош ҳәм азық-аўқат экспортын көбейтиў мәселелерин додалаў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде бул бағдардағы потенциалымыз әдеўир жоқары екени атап өтилди. Бир ғана мысал, усы жылдың алты айында мәмлекетимиздиң азық-аўқат экспорты 44 процентке өсип, 1 миллиард 326 миллион долларды қурады. Экспорт географиясы 16 мәмлекетке көбейди.
Жаңа стандартлар
Бүгин тек ғана сыртқы емес, ал ишки базарды сапалы ҳәм қәўипсизлиги техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжет талапларына жуўап беретуғын өнимлер менен байытыў әҳмийетли мәселелерден бири болып есапланады. Бул бағдарда стандартластырыў тараўын раўажландырыў үлкен әҳмийетке ийе. Бул тараў техникалық жақтан тәртипке салыў системалары арасында таяныш бағдарлардан бири болып, елимизде ислеп шығарылып атырған миллий өнимлердиң сапасын арттырыў, жәҳән базарларында бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеўге қаратылған әҳмийетли ўазыйпаларды алып барады.
Бүгин тараў заманагөй системаға айланған ҳалда, стандартластырыў, сертификатлаў жумыслары жаңаша көзқараслар тийкарында алып барылмақта. Негизинде, халықаралық базар талабы сондай - ески усылда берилетуғын сапа сертификатлары енди талапқа жуўап бермейди. Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен қол қойылған "Стандартластырыў ҳаққында"ғы нызам әне усы заманагөй механизмлерди нәзерде тутады. Бул нызам менен Өзбекстан стандартлар институтына "Стандартластырыў бойынша миллий уйым" статусының берилгени де бул бағдардағы жумысларды жаңа басқышқа алып шықты.
Нәтийжелилик болса мәмлекеттиң экспорт көрсеткишлеринде анығырақ көринеди. Бурын елимиз экспортының ярымы пахта талшығына туўра келетуғын еди. Бул өним экспортынан толық ўаз кешилгеннен кейин, таяр кийим-кеншек экспорты 4 есеге көбейди. Өткен жылдың жуўмақларына бола, тоқымашылық өнимлериниң экспорты 3 миллиард 300 мың долларды қурады. 2021-жылы Өзбекстан GSP+ системасына қосылғаны нәтийжесинде Европа базарына таяр өним экспорты 1,5 есеге артты.
Сыртқы саўдада таяр өним экспортын көбейтиўде Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў және де кең имканиятлар ашады. Сонлықтан, Өзбекстан 2019-жылдан бул халықаралық структураға ағзалық процесин жаңадан баслаған еди. Өткен дәўирде бул мақсетке қарай исенимли қәдемлер тасланды.
Гәп сонда, Жәҳән саўда шөлкеми мәмлекетлераралық көп тәреплеме саўда системасын муўапықластырып туратуғын абырайлы халықаралық структура болып есапланады. Дүнья саўдасының 95 проценти оған ағза 164 мәмлекет үлесине туўра келеди. Бундай үлкен базарға кирип барыў ушын өним көплеген тәреплери бойынша халықаралық талапларға жуўап бериўи керек. Бәринен бурын, сапа талаплары. Бул талапларды көрсетип бериўши тийкар болса өнимге берилетуғын сапа стандартлары есапланады.
Елимизде бул бағдардағы жумыслар түп-тийкарынан жаңаланып атырғанының себеби сонда. Мәселен, өткен еки жылда 4,5 мыңға шамалас халықаралық стандартлар менен үйлескен миллий стандартлар қабыл етилип, "Тәртипке салыўшы гильотина" усылында улыўма есапта дерлик 4 мың мәдений ескирген стандартлар бийкар етилди. Әмелдеги стандартларды ЖДСШ талапларына бейимлестириў жумыслары алып барылмақта. Бүгинги күнге шекем тийисли министрликлер, уйымлар ҳәм хожалық бирлеспелериниң усынысларына тийкарланып әмелдеги 3094 стандарт анализи өткерилди. Жуўмақ нәтийжелери тийкарында 2026-жыл ушын халықаралық стандартларды әмелге енгизиў бойынша стандартластырыў бағдарламасы қәлиплестирилмекте.
Айырым түрдеги қурылыс материалларын сынақтан өткериўде Европа стандартлары қабыл етилди. Ислеп шығарыўшылар ҳәм импорт етиўшилер ушын технологиялардың энергия нәтийжелилиги бойынша "жасыл" стандартлары енгизилмекте. Сондай-ақ, министрликлер ҳәм уйымлар және исбилерменлик субъектлериниң экспорт потенциалын буннан былай да арттырыў мақсетинде 6 800 ге шамалас (өткен дәўирге салыстырғанда еки есе көп) стандарт пайдаланыў ушын жеткерип берилди.
Металлы рений өними ушын “OʻzMSt 626:2025” миллий стандарты ислеп шығылып, әмелге енгизилиўи нәтийжесинде Өзбекстан технологиялық металлар комбинаты (ТМК) тәрепинен Өзбекстанда биринши мәрте тазалығы 99,9 процент болған рений металы экспорт етилди. Усындай жумыслардың нәтийжесинде елимизде миллий стандартларды халықаралық талаплар менен үйлестириў дәрежеси өткен жылғы 28,6 проценттен әмелде 39,4 процентке жетти. Усы жылы бул көрсеткишти 45 процентке, 2026-жылдың ақырына шекем болса 55 процентке жеткериў нәзерде тутылған.
Жасалма интеллект жәрдеми
Кейинги ўақытларда министрликлер, уйымлар ҳәм тармақ аўқамлары жанында стандартластырыў бойынша миллий техникалық комитетлердиң жумысы қайта тикленгени де тараўдағы анық механизмлерден бири болды. Ҳәзирги ўақытта бундай комитетлердиң саны 34, техникалық комитет ағзаларының саны болса 824 ге жеткерилди. Ағзалар кең көлемде жумыс алып барып, Халықаралық стандартластырыў шөлкеми (ISO) техникалық комитетлериниң жумысында 40 қәниге "толық" ҳәм 251 қәниге "бақлаўшы" статусында қатнаспақта. Сондай-ақ, өнимлердиң (хызметлердиң) сапасы ҳәм инсан саламатлығы ушын қәўипсизлигин тәмийинлеў талапларын белгилейтуғын 300 ден аслам миллий стандарт, дерлик 2 600 халықаралық стандартлар менен үйлескен стандартлардың қабыл етилиўи тәмийинленди.
Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы мәмлекетлери шеңберинде өткен гезектеги мәжилисте болса барлық мәмлекетлердиң миллий уйымлары тәрепинен бир даўыстан мақулланған ҳалда елимизде биринши мәрте "Базальт ҳәм оннан таяр өнимлер" мәмлекетлераралық техникалық комитетиниң жумысы жолға қойылды. Нәтийжеде, базальт өнимлери ушын Өзбекстан мәплерин ҒМДА мәмлекетлери арасында бирден-бир техникалық комитет сыпатында алға қойыў, мәмлекетлераралық стандартларды ислеп шығыў бойынша ўәкилликлерге ийе болдық.
Тараўды санластырыў процесслериниң жеделлескени де жаңа имканиятларды ашпақта. Бүгин стандартластырыў бағдарына да жасалма интеллект кирип келди. Мине, усындай алдынғы санлы технологияларды енгизиў бойынша мәмлекетимиз басшысының тийисли қарары менен "Техникалық тәртипке салыў" миллий мәлимлеме системасы ислеп шығылып, “tris.uz” электрон платформасы иске қосылды.
Бул миллий мәлимлеме системасы жәми 12 тийкарғы модулден ибарат болып, стандартластырыў, метрология, сертификатластырыў, аккредитациялаў ҳәм мәмлекетлик қадағалаў бағдарларында барлық процесслерди санластырыў, қағаз түриндеги ҳүжжетлерден ўаз кешип, барлық сертификат, жуўмақ, протокол, хабарнама ҳәм усы сыяқлы басқа да ҳүжжетлерди QR-код жәрдеминде электрон рәсмийлестириўге хызмет етеди.
Миллий мәлимлеме системасы Санлы ҳүкиметтиң бирден-бир пайдаланыўшыларды идентификациялаў системасы (id.egov.uz, OneID), уйымлараралық интеграцияласқан платформа ҳәм бирден-бир биллинг системасына, сондай-ақ, тийисли шөлкемлердиң мәлимлеме системаларына интеграция етилди. Нәтийжеде, системаның аттестация модули толық иске қосылып, бүгинги күнде 1 425 тараў қәнигелеринен 1 274 и (89 процент) аттестациядан өтти. Бул системаның иске түсирилиўи аттестациядан өтпеген қәнигелердиң муўапықлықты баҳалаў жумысларында қатнасыўын шеклеў имканиятын бермекте.
Миллий информациялық системаның стандартлар фонды модулине (fond.tris.uz) болса Өзбекстан стандартлар институты тәрепинен 7 100 ден аслам стандарт машина оқыйтуғын форматта өткерилип, 5 230 сы анализленди. Сондай-ақ, "Смарт" жасалма интеллект бағдарламасы тийкарында аўдарма платформасын енгизиў жумыслары басланып, тийисли техникалық тапсырма жойбары ислеп шығылды.
Гәп сонда, бүгинги күнде қәнигелер тәрепинен халықаралық стандартларды мәмлекетлик тилге аўдарыў жолға қойылған. Бирақ бул процесс бираз ўақыт ҳәм қаржы талап етип, бир бет аўдармасы орташа 30 - 50 минутты қурап атыр. Стандартлар жасалма интеллект жәрдеминде аўдарылғанда болса бул ўақыт жумсалыўы 5 - 10 минутқа шекем қысқарып, ресурслардың үнемлениўине хызмет етеди. Яғный, заманагөй платформа тараўдағы жумыслардың тезирек ҳәм нәтийжели орынланыўын тәмийинлейди.
Сырт ел тәжирийбеси
Атап өткенимиздей, алдымызда турған тийкарғы ўазыйпалардан бири миллий стандартларды халықаралық талапларға бейимлестириўге қаратылған. Буның ушын тиккелей сырт мәмлекетлердиң тәжирийбесин үйрениў, әмелиятта қолланыў, сырт ел шөлкемлери менен жедел бирге ислесиў алып барылмақта.
Атап айтқанда, бүгинги күнде тараўда сырт мәмлекетлер менен 5 еки тәреплеме келисимлерге ерисилген. Германия стандартластырыў институты (DIN) менен стандартларды тарқатыў ҳәм стандартларды аўдарыў ҳәм қабыл етиў ҳуқықын бериўши еки келисим, Белоруссия мәмлекетлик стандартластырыў ҳәм сертификатластырыў институты (БелГИСС) техникалық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди тарқатыў ҳуқықын бериўши келисимлер усылар қатарына киреди.
Өзбекстандағы Корея халықаралық бирге ислесиў агентлигине (KOICA) стандартластырыў тараўындағы санлы трансформацияның тийкарғы бағдарларын қамтып алған 3 жойбардың паспорты ҳәм концепциясы ислеп шығылды. Қытай ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасында "Бир мәкан - бир жол" басламасын әмелге асырыў бойынша Стандартлар институтының усыныслар жойбары усынылды.
Мәмлекетимиз басшысының тапсырмасы менен усы жылы исбилерменлик субъектлериниң 20 мың хызметкериниң маманлығын арттырыў ўазыйпасы жүклетилген. Усы тийкарда, өткен дәўир даўамында исбилерменлик субъектлери ҳәм өндирис кәрханаларының 10 559 қәнигесиниң маманлығы арттырылды. Нәтийжеде исбилерменлик субъектлериниң курсларда қатнасып, жуўмақлаўшы тесттен табыслы өткен, өнимниң сапасына жуўапкер 91 хызметкерине сертификат, қалған тыңлаўшыларға гүўалықлар тапсырылды.
Улыўма, бүгин тараўда тийкарғы итибар миллий стандартластырыў системасын халықаралық әмелият пенен үйлестириў, өним ҳәм хызметлер және өндирис процесслериниң сапасы, олардың сыртқы базарда бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға қаратылған. Бул Өзбекстанның жәҳән өним ҳәм хызметлер базары менен жедел бирге ислесиў ҳәм экономиканы нәтийжели раўажландырыў имканиятын арттырады.
Тийкарғысы, тараўда артықша ҳәкимшилик тосқынлықларды сапластырыў, жергиликли өнимлердиң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, санаатты модернизациялаў, өндирис ҳәм тутыныў процесслериниң қәўипсизлигин тәмийинлеў, мәмлекеттиң сыртқы экономикалық мәплерин қорғаўға хызмет етеди. Халықаралық стандартларға сәйкес сапа сертификаты болса миллий брендимиз астындағы өнимлердиң "мирәт қағазы" болып, жаңа базарларға кириўге жол ашады. Бул мәмлекетимиздиң экспорт көлеми, экономикалық абаданлығы, халықтың турмыс шараятлары артып барады, дегени.
Абдурауф АБДУҚАЮМОВ,
Өзбекстан стандартлар институты
директоры