Ҳаўаның температурасы күндиз 18-21 дәрежеге шекем, түнде 8-13 дәрежеге шекем, арқа ўәлаятларда күндиз 13-16 дәрежеге шекем, түнде 4-7 дәрежеге шекем төменлейди.

Республика бойынша айырым жерлерде самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң болыўы мүмкин. Дәслепки мағлыўматларға бола, бир ҳәпте даўамында самал ҳәм айырым жерлерде шаң-тозаңлы ҳаўа-райы сақланып турады.

Елимиз халқы ҳәм мийманларына ашық ҳаўада ҳәрекетлениў ҳәм жумыс ислеўде қәўипсизлик илажларына әмел етиў ҳәм ҳаўа-райы шараятларын есапқа алыў усыныс етиледи.