Бүгинги глобалласыў шараятында электротехника тармағы тек ғана техникалық раўажланыўдың емес, ал миллий экономика ҳәм социаллық абаданлықтың әҳмийетли таянышына айланбақта. Күнделикли турмысымызда көп жумысымыз түсетуғын компьютер системалары, интернет инфраструктурасы, жасалма интеллект, "ақыллы" қалалар, транспорт ҳәм заманагөй сигнализация системалары - булардың барлығы электротехника жетискенликлерине сүйенген ҳалда жаратылмақта.

Бул болса тек ғана қолайлық емес, ал экономикалық ҳәм социаллық белсендиликке тийкар жаратпақта. Усы көзқарастан, санаатты модернизациялаў ҳәм санлы экономиканы енгизиўге умтылып атырған Өзбекстан ушын электротехника тармағының әҳмийети барған сайын артып бармақта.

Кейинги жыллары елимизде электротехника санаатын раўажландырыў жолында әҳмийетли қәдемлер тасланбақта. Тармақтың ҳуқықый тийкарлары беккемленбекте. Соның ишинде, усы жыл 22-январьда мәмлекетимиз басшысының "Электротехника санаатын раўажландырыўды жаңа басқышқа алып шығыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарары қабыл етилди. Оған муўапық, жоқары қосымша сапалы өнимлер ислеп шығарыўды хошаметлеў, инвестициялар ҳәм сырт ел брендлерин тартыў, тәжирийбе-конструкторлық жумысларды раўажландырыў илажлары көрилмекте. Сондай-ақ, "Өзбекстан - 2030" стратегиясында БМШтың электрон ҳүкимет рейтингинде дүньядағы ең алдынғы 30 мәмлекет қатарына кириў мақсети белгиленгени бийкарға емес.

Кооперация ҳәм инвестиция жаңа басқышта

Елимизде жергиликли өндиристи қоллап-қуўатлаў, кооперацияны раўажландырыў ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарында избе-из ҳәм анық стратегия әмелге асырылмақта. Бул реформалар санаатта түпкиликли өзгерислер ислеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм экономикалық турақлылыққа ерисиўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Бунда электротехника тараўында импортқа байланыслылығын азайтыў ҳәм өзимизде ислеп шығарыўға үлкен итибар берилип атырғаны қол келмекте. Буны бир ғана кабель мысалында көриў мүмкин. Усы жылдан барлық сырт ел ҳәм жергиликли инвестициялар қатнасыўындағы жойбарларда кабель-өткизгиш өнимлериниң кеминде 70 процентин жергиликли ислеп шығарыўшылардан сатып алыў системасы жаратылды.

Ҳәзир "Masdar", "ACWA Power" ҳәм "China Gezhouba Group" сыяқлы ири сырт ел компанияларының қатнасыўындағы жойбарларға 1,1 триллион сумлық кабель жергиликли ислеп шығарыўшыларымыз тәрепинен жеткерип берилиўи режелестирилген. Бул тек ғана жергиликли өндиристи раўажландырыў емес, ал жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм сыртқы экономикалық тәсирлерди азайтыўда әҳмийетли қәдем болмақта.

2025-жылы 6 538 дана насос ҳәм 906 дана электр двигатель жергиликли ислеп шығарыўшылар тәрепинен жеткерип бериледи. Бул талап ири тармақлар - таў-кән санааты, энергетика, химия ҳәм суў хожалығы тараўларындағы жойбарларға байланыслы белгилеп берилген.

Усы тийкарда усы жылы тармақлараралық кооперация арқалы 1,5 триллион сумлық электротехника өнимлериниң базарға шығарылыўы режелестирилген. Бул жергиликли кәрханалардың потенциалын кеңейтиў ҳәм тармақлараралық бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет етеди.

Локализациялаў бағдарламасы шеңберинде усы жылы 3,3 триллион сумлық 12 түрдеги өним ислеп шығарылыўы нәзерде тутылған. 2024-жылы улыўма баҳасы 516 миллион доллар болған 85 инвестициялық жойбар әмелге асырылды. Оларда 1,7 триллион сумлық жергиликли өнимлер ислеп шығарылды. Бул жойбарлар тек ғана жергиликли талапларды қаплаў емес, ал экспорт потенциалын кеңейтиўге де жол ашпақта.

Жаңа базарларға қарай

Жәҳән экономикасындағы үлкен өзгерислер ҳәм глобал бәсеки артқан сайын мәмлекетлер жаңа базарларға шығыўда креатив қатнасларды ислеп шығыўға мәжбүр болмақта. Елимизде де бул процесс өз нәтийжесин берип атырғанын ҳәм электротехника санаатына итибар үлкен нәтийжелерге алып келгенин көриў мүмкин.

Кейинги жети жыл даўамында электротехника өнимлериниң экспорты 7 есеге артты, оның географиясы болса 63 мәмлекетке шекем кеңейди. 2024-жылы тийкарғы экспорт базарлары болған Россия, Қазақстан ҳәм Тәжикстанға экспорт көлеми 2023-жылдағыдан 30 миллион доллар азайған болса да, бул жоғалтыўлар жаңа, жоқары тутыныўға ийе базарларда қапланды. Соның ишинде, Польша, Италия, Израил, Ҳиндстан ҳәм Әзербайжан сыяқлы мәмлекетлерде өнимлердиң экспорты 60 миллион доллардан асты.

Сондай-ақ, тутыныў дәрежеси жоқары болған Қатар, Марокаш ҳәм Канадаға да экспорт кеңейди. Бул базарлардың өзине тән өзгешелиги ҳәм жоқары талап саўданың өсип барыўына тийкар жаратпақта.

Экспорт логистикасындағы жаңалықлар да өзине тән. Бейимлесиўшең экспорт логистикасы ислеп шығылып, бурын кириў имканияты болмаған Ҳиндстан сыяқлы ири базарға БАӘниң Дубай қаласында саўда қоймаханаларын шөлкемлестирген ҳалда 2,5 миллион долларлық экспорт әмелге асырылды.

Тармақ потенциалын арттырыўда импорт шийки заттан таяр өним ислеп шығарыў ҳәм қосымша қун жаратыў да үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Мәселен, импорт етилген алюминийден таярланған өнимлер АҚШ, Канада ҳәм Малайзия сыяқлы раўажланған базарларға экспорт етилмекте. Бул өнимлер улыўма экспорт көлеминде 50 миллион долларлық үлести қурамақта.


Бюрократиялық тосықлардан жырақ саўда системасы

Жаңа базарларға шығыў, өз-ара саўда көлеминиң артыўы тек ғана экономиканың раўажланыўы емес, ал санааттың глобал бәсекидеги орнын беккемлемекте. Бул нәтийжелер, әлбетте, тармақтағы жоқары технологиялар, жаңалықлар ҳәм инновациялардың қолланылыўы есабынан болмақта. Ең әҳмийетлиси, өнимлеримиз глобал базарларда тән алынып, бәсекиге шыдамлылықты арттырады, бул болса тек ғана жумыс орынларын жаратыў емес, ал экономикалық өсиў ҳәм халықтың абаданлығы артыўын тәмийинлейди.

Күш, потенциал, имканият - булар темирде емес, ал инсан ой-пикиринде. Усы мәниде, елимиз исбилерменлериниң ҳәр бир имканияттан нәтийжели пайдаланыўға, жаңа аймақларды ашыў арқалы миллий экономиканың раўажланыўына жол ашыўға ҳәрекет етип атырғаны дыққатқа ылайық. Нәтийжеде жаңа саўда жоллары ҳәм базарларға қарай қәдем таслап атырған Өзбекстан глобал бәсеки майданында өз орнына ийе болып бармақта.

Жәҳән базары ҳәм саўда орталығындағы үлкен өзгерислер, дәстүрий саўда усыллары арқалы көплеп бюрократиялық тосқынлықларға дус келиўи тәбийғый жағдай. Сонлықтан, саўда тараўында бәсекилесиў ҳәм жедел нәтийжелерге ерисиў ушын жаңа усыллар, соның ишинде, онлайн маркетплейслер арқалы экспорт етиў кеңнен тарқалмақта. Буның нәтийжесинде тосқынлықлар қысқарып, жаңа имканиятлар пайда болып атырғаны көзге тасланбақта.

Ҳәзирги күнде онлайн маркетплейслер арқалы саўда етиў нәтийжесинде миллий өнимлеримиз дүнья базарларына және де аңсат ҳәм нәтийжели жеткерип берилмекте. 2024-жылы электротехника тараўында маркетплейслер арқалы 10 кәрхана тәрепинен 15 миллион долларлық экспорт әмелге асырылды. Бул санлар 2025-жылы төрт есеге көбейиўи, яғный 30 кәрхана 65 миллион долларлық экспортқа жетиўи күтилмекте. Маркетплейслер арқалы экспорт үлеси жылдан-жылға өсип бармақта, бул болса мәмлекетимиз ушын әҳмийетли экономикалық басқышты белгилемекте.

Мәселен, 2025-жылы тармақтың 30 кәрханасы Россияның "Вайлдберриз", "Озон", "Холодильник.ру", "М-Видео", "Эльдорадо" ҳәм Қазақстанның "Каспи", "Техноград", "Халик маркет", "Теез" сыяқлы саўда платформалары арқалы қосымша 50 миллион долларлық өнимди экспорт етиўди режелестирген. Бул платформалар тек ғана өнимлерди аңсат жеткерип бериў емес, ал саўда процесин бир қатар бюрократиялық тосқынлықлардан қутқарыўға да жәрдем бермекте.

Маркетплейслер менен саўда системасын күшейтиў және экономикалық интеграция ҳәм саўданың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў арқалы мәмлекетимиз санаатына жаңа бағдарлар ашылмақта. Усы тәризде жергиликли ислеп шығарыўшылар ушын жергиликли ҳәм глобал базарларда бәсекилесиў ушын жаңа имканиятлар жаратылады.

Экспорт логистикасындағы өзгерислер ҳәм онлайн платформалар арқалы саўда етиўдиң нәтийжелилиги экономикалық раўажланыўға үлкен үлес қоспақта. Бул болса жаңа саўда имканиятлары пайда болып атырғанын аңлатады.

Маркетплейслер арқалы саўда етиў саўда, экономикалық жумыс ҳәм экспорт көлеминиң өсиўине себеп болған жаңа қәдем болып есапланады. Бул система бюрократиялық тосқынлықларды жеңип, бәсекиге шыдамлы, раўажланған экономикалық орталық жаратыўға жәрдем береди. Сондай-ақ, мәмлекетимиздиң экспорт потенциалын арттырыўға хызмет етеди.

Жуўмақлап айтқанда, электротехника тараўының раўажланыўы мәмлекетимиз экономикасының өсиўи, халықтың абаданлығы ҳәм санлы жәмийет қурыўға қарай исенимли қәдемлерден бирине айланбақта. Елимизде бул бағдарға қаратылып атырған итибар ертеңги технологиялық раўажланыў тийкарын беккемлемекте.

Сардор ТОЛЛИБОЕВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы