Елимиздиң ҳаялларына көз тиймесин!

    Айтыўға аңсат, бирақ дөретиўшилик жумысым басланғанына да 60 жыл болмақта. Усы ўақыт аралығында "Ялла" ансамбли менен дүньяның барлық аймағында болдым.

    Биз бармаған мәмлекетлерди санасаңыз, бармағыңыз артып қалады. Бул гәпти мақтаныў ушын айтып атырғаным жоқ. Айтпақшы болғаным, ҳеш жерде өзбекстанлы ҳаял-қызларға жететуғыны жоқ. Қайсы миллет ўәкиллери болыўына қарамастан, ең периштелиси, шын кеўилден, садық ҳәм гөззал ҳаялларға бай мәмлекет - Өзбекстан!

    Ҳаяллар әзелден Шығыста айрықша қәдирленген. Шайырлар оларды тәрийплеп қосықлар жазған, патшалар болса ҳаял абырайын қорғаў ушын өз ара урысқа кирген. Оларға арнап естеликлер қурылған, қосықшылар мақтап, қосық айтқан, нама дөреткен. Мениң дөретиўшилигимде де ана, ҳаял, муҳаббат ҳәм садықлық темалары салмақлы орын ийелейди. Қосықларымыз арқалы өз ҳүрметимизди билдириўден ҳеш қашан шаршамағанбыз.

    Ҳаял дегенде ҳәр биримиздиң көз алдымызда, бәринен бурын, аналарымыз көринеди. Ана - өмирдеги ҳақыйқый жолбасшы, инсанның биринши устазы ҳәм жәрдемшиси. Оның муҳаббаты шексиз, кеңпейил ҳәм мийрими ҳәдден тысқары жетилискен. Ана - перзентиниң биринши досты, жалғызлықтағы жолдасы ҳәм қыйыншылықта қуўат дәреги. Оның қорғаныўы ҳәм шыдамлылығы ҳәр қандай аўырманлықты жеңиўге жәрдем береди.

    Анам Шоиста Саидова музыкалы драма театрында ислеген, мәмлекетте белгили қосықшы еди. Шаңарағымызда әжайып орталық ҳүким сүрген. Биз - аға-ини, апа-қарындаслар татыў болғанбыз. "Перзентлерим, бизлерден кейин де усы пазыйлетиңизди сақлап қалың", деп көп нәсиятлайтуғын еди анам. Ески қалада - ҳәмме бир жәмәәт болып, сәўбетлесип жасайтуғын, қуўанышты да, қайғыны да бөлисетуғын жерде өстим. Өмирде ийе болған барлық жақсы тәреплерди әке үйинде алдым. Шаңарағымызға өз дәўириниң алдынғы зыялылары, көркем өнер ҳәм илимпазлар, мәмлекетлик ғайраткерлер көп мийман болатуғын еди. Оларды күтип алыў, аўқатына қараў, қонақ етиўди орынлы шөлкемлестириў анамның мойнында еди.

    Ўақыты келгенде, анам еркеклер ўазыйпасын да атқарған, қатал - көркемлик кеңес баслығы сыяқлы еди. Ҳәмме нәрсе қадағалаўда еди. Ақыры алты перзентти камалға келтириўдиң өзи болатуғын жумыс емес. Ол туўры сөзли, анық, жүзегөйлик не екенин билмейтуғын, ойлағанын адамның жүзине айтатуғын ҳаял еди.

    Өткен жылы пайтахтымызда миллий эстрада көркем өнериниң тийкарын салыўшы Батыр Закировтың естелигиниң ашылыў мәресими өткерилди. Илажда мәмлекетимиз басшысы қатнасып, 29 жасында Өзбекстан халық артисти атағына ерискен, 30 жыл аўыр дәрт пенен гүрескен ҳәм усы жағдайда да қосық айтыўдан, өмирди улығлаўдан тоқтамаған беккем ерк-ықрарлы көркем өнер шебериниң естелиги мәңгиликке мөрленгени менен көркем өнерди сүйиўши халқымызды қутлықлады.

    Мен сол ўақытта анам ҳаққында ойладым. Ағам Ботир Зокиров ҳәм анам Шоиста Саидованың руўхы қуўанып атырғанын сездим. Ақыры, пайтахтымыздың қақ орайында, Батыр Закиров көшесиниң жүзинде, консерватория қарсысында ағамның естелиги орнатылды. Консерватория жанында оның атындағы институттың ашылыўы болса тарийхый ҳәдийсе болды.

    Гөззаллық тек сыртқы көринисте емес, ал инсанның жүреги, ақылы ҳәм руўхында да бар. Гөззаллық сыры, бәринен бурын, инсанның өзлиги, ҳақыйқатлығы ҳәм муҳаббатында жәмленген. Ана тек перзентине емес, ал пүткил шаңараққа бийғәрез муҳаббат ҳәм ғамқорлық көрсетиўи, меҳир-муҳаббаты, перзентлерине ҳүрмети ҳәм шын жүреклиги дүньядағы ең қәдирли ҳәм гөззал сезимлерден бири екенин анамның тымсалында көргенмен. Бул меҳир, инсанларға ҳүрмет дүньяға нур бағышлайды, өзиндеги күш ҳәм сабыр менен пүткил шаңарақ ҳәм жәмийетке унамлы тәсир көрсетеди.

    Мәмлекетимиздиң жаңа раўажланыў басқышында ҳаял-қызлар улығланып, ҳуқықларын тәмийинлеў, идея ҳәм мақсетлериниң әмелге асыўы, жәмийетте ҳақыйқый бахытлы жасаўы ушын мүнәсип шараят жаратыў мәселеси мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди.

    Президентимиз Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының қоспа мәжилисинде ҳаял-қызлардың мәмлекетлик басқарыўдағы қатнасыўы жәмийетимиздиң раўажланыўына унамлы тәсир көрсете баслағаны, ҳүрметли ҳаял-қызларымыз, күш-ғайратлы жасларымызды қоллап-қуўатлаў буннан былай да избе-из даўам еттирилиўи бүгинги сиясаттың тийкарғы бағдары екенин атап өтти.

    Ҳаяллары қәдирленген халықтың ертеңги күнинен кеўли тоқ. Бүгин ҳаял-қызларға ҳүрметти ҳәр тәреплеме көрип атырмыз. Жоқарыда айтқанымдай, өзбек ҳаял-қызлары дүньяда теңсиз екенине қайта-қайта исеним пайда еткенмен. Солай екен, олардағы қызғынлық, гөззаллық, муҳаббат ҳәм садықлыққа ҳеш қашан көз тиймесин!

    Фаррух ЗОКИРОВ,

    Өзбекстан халық артисти,

    "Ялла" ансамбли басшысы.