Сенаттың 9-жалпы мәжилисинде сенаторлар тәрепинен додаланған "Жас өспиримлерге қарата жынайый жуўапкершилик және де либералластырылыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында"ғы нызам да мине усы реформалардың логикалық даўамы болып есапланады.

Статистикалық санларға бола, Мәмлекетимизде 2023-жылы 1 911 жас өспирим шахс жынайый жуўапкершиликке тартылған ҳәм судланған, 2024-жылы 2 214 жас өспирим шахс судланған. Өткен жылы социаллық қәўпи үлкен болмаған жынаятлар 1 238, оғада аўыр болмаған жынаятлардың саны болса 855 ти қураған.

Усы Нызам "2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын "Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы"нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығылған.

Нызам менен Жынаят кодексиниң бир қатар статьяларына қосымша ҳәм өзгерис киргизилмекте.

Соның ишинде, он сегиз жасқа толғанға шекем ислеген оғада аўыр болмаған жынаяты ушын жазаны өтеп болған шахс судланбаған деп есапланатуғыны белгиленбекте.

Сондай-ақ, нызамда жас өспиримлерге байланыслы еркин шеклеўдиң ҳәм еркинен айырыўдың ең аз мүддети алты айдан бир айға шекем қысқартылыўы нәзерде тутылмақта.

Сенаторлардың пикиринше, бул Нызам жас өспиримлерге қарата жынайый жуўапкершиликти және де либералластырыўға хызмет етеди ҳәм он сегиз жасқа толғанға шекем ислеген жынаяты ушын жазаны өтеп болған шахсқа өмирин судланғанлық тамғасынан жырақ тәризде даўам еттириўи ушын шараят жаратады.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.