Экологиялық қәўипсизлик ҳаққында сөз болғанда тийкарғы машқалалардан бири сыпатында транспорт қуралларынан шығатуғын зәҳәрли газлер тилге алынады. Егер бир ескирген автомобильден шығатуғын түтин ҳаўаны қаншелли патасландыратуғынын, әтираптағылардың демин буўыўын есапқа алсақ, мыңлаған усындай транспорт қуралының қоршаған орталыққа жеткеретуғын зыянын баҳалаў қыйын емес. Бүгин мәмлекетимизде бул мәселеге айрықша итибар қаратылып, "экологиялық транспорт" системасына өтилип атырғаны соннан.

Дәслеп экология ҳәм инсан саламатлығы ушын унамсыз тәсирге ийе болған, қурамындағы зыянлы элементлер себепли ҳаўаны айрықша патасландыратуғыны айтылған АI-80 бензининен ўаз кешилди. 2025-жылдың сентябрь айынан елимизде усы түрдеги бензинниң ислеп шығарылыўы тоқтатылып, 1-декабрьден сатылыўына толық шек қойылды.

2026-жыл 1-январьдан баслап болса барлық автотранспорт қуралларын экологиялық категория ҳәм классларға ажыратыў ҳәм олар тийкарында экостикерлер бериў тәртиби белгиленди. Яғный тийисли диагностикалық тексериўлерден соң транспорт қуралына оның экологиялық категориясын тастыйықлаўшы электрон мағлыўматларды өз ишине алған арнаўлы этикетка жабыстырылмақта. Бул әпиўайы қағаз емес, ҳәр бир стикердиң реңи ол жабыстырылған автомобилдиң экология ушын қаншелли қәўипсиз екенин билдирип турады. Қалаберди, автомобилди бир жылда бир мәрте диагностика тексериўинен өткериў арқалы оған тийисли категориядағы стикер берилгеннен кейин, оның аймақларда ҳәрекетлениўи де усы тийкарда белгиленеди.

Бул қала шараятында ескирген, техникалық талапларға жуўап бермейтуғын, қоршаған орталыққа зыянлы тәсирге ийе автомобиллерден избе-из ўаз кешиўге қаратылған ҳәрекетлердиң бир бөлеги болып есапланады. Сонлықтан, быйыл 1-февральдан баслап және бир әҳмийетли илаж белгиленди. Яғный елимизде ислеп шығарылғанына 50 жыл ҳәм оннан көп жыл болған автомобиллерден пайдаланыў және оларды қайта дизимнен өткериў тийисли қарар менен қадаған етилди. Антиквар автомобиллер ушын болса өз алдына сериялы мәмлекетлик номер белгилери енгизилетуғын болды.

Бирақ "экологиялық транспорт" системасының тийкарғы мақсети инсан саламатлығы ҳәм қоршаған орталыққа зыян келтиретуғын ески автомобиллерден ўаз кешиўден ибарат емес, ал оларды экологиялық таза транспорт қуралларына алмастырыў, қала шараятында электромобиллерден пайдаланыўды хошаметлеўге қаратылған.

Буннан бир неше жыл бурын бул ҳаққында сөз етиў орынсыз болып көринетуғын еди. Себеби елимизге электромобиллерди алып келиў ҳәм пайдаланыў көрсеткиши оғада аз болған. Қалаберди, бул түрдеги автомобиллер де әмелиятта сынақтан өтип, исенимимизге кирмеген еди. Бүгин болса талапқа жараса усыныс жетерли, жергиликли автосалонларда электромобиллердиң ҳәр қандай түрин табыў мүмкин. Адамлар арасында да бундай автомобиллер жақсы қәлиплести.

Мағлыўматларға қарағанда, 2025-жылы Өзбекстанға 57 мыңға шамалас электромобиль импорт етилип, бул бағдардағы көрсеткиш еки еседен зыятқа артқан. Мәмлекетимиз бойынша электромобиллердиң сатылыўы болса 35 процентке артқаны атап өтилген. Ҳәттеки, бул көрсеткиш базар өсиўин тәмийинлеген тийкарғы драйверлерден бири болған. Таллаўларға бола, өткен жылы аймақлар кесиминде электромобиллер сатыўдың тийкарғы бөлеги Ташкент қаласының үлесине туўра келген, кейинги орынларда Самарқанд, Ташкент ҳәм Қашқадәрья ўәлаятлары болған.

Шынында да, адамларда да электромобиллерге қызығыўшылық артып бармақта. Заманагөй автомобиль қурылысының бул үлгилери тек ғана басқарыўдағы қолайлығы емес, ал арзанлығы, автомобилди қуўатлаў жанылғы қуйыўға салыстырғанда бир неше есеге арзан түсетуғыны, тийкарғысы, экологиялық қәўипсизлиги себепли көпшиликтиң итибарын тартпақта. Қала шараятында бундай автомобиллердиң көбейиўи елимизде экологиялық турақлылықты тәмийинлеўге хызмет етеди.

Сонлықтан, Өзбекстанда электромобиллер инфраструктурасын жақсылаў ҳәм "жасыл транспорт"ты хошаметлеў бойынша жаңа илажлар көрилмекте. Президентимиздиң тийисли пәрманы менен қабыл етилген 2026-жылғы мәмлекетлик бағдарламада бул бағдарда анық ўазыйпалар көрсетилген. Онда жеңиллетилген автокредитлер, субсидиялар ҳәм салық шегирмелеринен баслап, электромобилде такси айдайтуғынлар ушын жеңилликлер, қуўатлаў станцияларындағы тарифлерди төменлетиў сыяқлы реформаларды әмелге асырыў мүддетлерине шекем көрсетип берилген.

16 процентли автокредит

Жолларда электромобиллер көбейиўи ушын адамлардың оны сатып алыўға болған төлеў қәбилетин хошаметлеў керек. Себеби электр токында ҳәрекетленетуғын автомобиллердиң баҳасы арзан емес. Көпшилиги сырт елден импорт етилгенлиги себепли, бажыхана төлемлери себепли салыстырмалы қымбат баҳаланады.

Сонлықтан, мәмлекетимизде электромобиллерди сатып алыў ҳәм олардан пайдаланыўда адамларға жеңиллик жаратыў мақсетинде жаңа жеңилликлер енгизилмекте. Тийкарғы ҳәрекет жеңиллетилген автокредитлеў механизмин жолға қойыўға қаратылған. Онда электромобиль сатып алыў ушын кредитлер ставкасы жыллық 16 процентке шекемги дәрежеде белгилениўи нәзерде тутылған. Проценттиң белгиленген шегарадан асқан бөлеги мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан коммерциялық банклерге компенсация етиледи.

Егер өткен жылғы мағлыўматларға бола, мәмлекетимизде автокредитлер бойынша орташа ставка 24,1 процентти қурағанын есапқа алсақ, электромобиллер ушын белгиленетуғын 16 процентлик ставка үлкен жеңиллик болып есапланады. Бул механизм усы жыл 1-сентябрьден әмелиятқа енгизилиўи режелестирилген. Биринши басқышта 15 мың пуқараға электромобиль сатып алыў ушын жыллық 16 процент ставкада автокредитлер ажыратылады.

Қала жолларында электромобиллердиң көбейиўи оларды қуўатлаў станцияларына талапты да арттырады. Электромобиль басқаратуғынлар жақсы биледи, жақын ўақытқа шекем бундай станциялардың салыстырмалы азлығы себепли узақ нәўбет күтиўге туўра келетуғын еди. Бул әдетте қуўатлаў ўақтының көп даўам етиўи менен де байланыслы. Мәселен, узақ мүддетли қуўатландырыўда бир автомобиль толық қуўатланыўы ушын 8 саат ўақыт талап етиледи. Тез зарядлаўда болса бул 1 саатқа тең.

Бирақ кейинги жыллары дүньяда бул бағдар барған сайын жетилисип, электромобилди 15 минутта қуўатландырыў станциялары пайда болмақта. Елимизге де қуўатлаў станцияларының кирип келиўи көбейген, ҳәттеки өзимизде ислеп шығарылып атыр. Мәселен, тек ғана пайтахтымыздағы "Тошэлектроаппарат" ЖШЖда жылына 5 мыңнан 10 мың данаға шекем ҳәр қыйлы қуўатлықтағы зарядлаў станцияларын ислеп шығарыў имканияты бар. Кәрхананың бөлим баслығы Умид Аҳмадовтың айтыўынша, ҳәзирги ўақытта елимиз бойлап 70 объектте усы завод тәрепинен ислеп шығарылған 100 ден аслам зарядлаў станциясы орнатылған.

Әне усындай кәрханаларға қолайлық жаратыў ҳәм электромобиллерди қуўатландырыў инфраструктурасын жаратыў бойынша да мәмлекетлик бағдарламада анық ўазыйпалар белгиленген. Атап айтқанда, усы жыл 1-майдан исбилерменлерге қуўатландырыў станцияларын шөлкемлестириў ушын жыллық 10 процент ставкада жеңиллетилген кредитлер ажыратыў, жер участкаларын аукцион арқалы базар баҳасынан еки есе арзан баҳада сатып алыў имканиятын жаратыў басланады.

Себеби электромобиллердиң саны күн сайын артып бармақта, демек, зарядлаў станцияларына да талап артады. Сонлықтан, усы жылы 1-майға шекем елимизде электромобиллерди қуўатлаў станцияларының санын 4 мыңға жеткериў белгиленген. Өткен жылдың усы дәўири жағдайында олардың саны 1 399 еди.

Усы күнге шекем бул бағдарда жумыс баслаўды мақсет еткен исбилерменлерди көбирек жер мәселеси қыйнап киятырған еди. Яғный қала орайы, автомобиль қатнаўы көп мәнзиллерде жердиң баҳасы бираз қымбат. Шетки орынларда болса станциядан пайдаланыўшылар саны көп болмаўы мүмкин. Станциялар ушын жер баҳаларының арзанластырылып берилип атырғаны болса исбилерменлер ушын жүдә қолайлы болады.

Қуўатлаў станциялары бойынша жеңиллик ҳәм қоллап-қуўатлаў тек ғана исбилерменлер ушын емес. Халыққа да бул бағдарда жақсы жеңилликлер белгиленген. Яғный автомобиль ийелери ушын электр қуўатландырыў қәрежетлерин субсидиялаў ҳәм бюджеттен компенсацияланатуғын жеңиллетилген кредитлер ажыратыў илажлары көриледи. Мәселен, енди электромобиллерди қуўатлаў станцияларында қуўатлаў ўақтында 1 киловатт саат электр энергиясының баҳасының 300 сумнан артқан бөлеги мәмлекетлик бюджет есабынан қаплап бериледи. Бүгинги күнде тарифлер 1 киловатт саат ушын 1800 сумнан 2200 сумға шекем өзгерип турады. Егер 1800 сумлық тарифте есапласақ, электромобиль ийеси автомобилин қуўатлаў ушын 1 киловатына 300 сумнан төлеген жағдайда қалған 1500 сумды мәмлекет қаплап береди. Бул мәмлекет төлемниң бес еседен көбирегин төлеп бериўди өз мойнына алмақта, дегени.

Бундай жеңиллик электромобилди пайдаланыў қәрежетлерин және де арзанластырады. Негизинде ҳәзир де бул қәрежетлер жанылғыда ҳәрекетленетуғын автотранспорт қуралларынан әдеўир арзан. Жеке өзим әдетте электромобилди 130 мың сумға толық қуўатландырып, соның менен кеминде бес күн ҳәрекетленетуғыным ҳаққында айтсам, көпшилик таң қалады. Есаплап көргенимде, бул басқа автомобиллердиң қәрежетинен бир неше есеге аз екени көринеди. Енди буның да үлкен бөлеги мәмлекет тәрепинен субсидия тийкарында қаплап берилиўи қәрежетлерди және де азайтады.

Салықтан 10 процент шегирме

Соның ушын ҳәзир такси хызметлеринде электромобиллерден пайдаланыў ғалабаласып бармақта. Арзан қәрежет көбирек дәрамат алыў имканиятын береди. Қалаберди, буйыртпашылардың өзлери де көбирек электр токында ҳәрекетленетуғын автомобиллерди шақырып атырғаны бақланбақта. Бул усы түрдеги транспорт қуралларының жеңил, шаўқымсыз ҳәрекетлениўи, машина салонынан бензин ийиси келип турмаўы, өзинен зыянлы түтин шығарып, айнаны жаўып отырыўға мәжбүрлемеўи сыяқлы факторлар менен байланыслы болса керек. Әйтеўир жерлеслеримиз электробусларға да, электромобиллерге де бираз үйренди. Демек, талапқа қарай усынысты көбейтиў керек.

Өткен жылы бир танысым өзин-өзи бәнт еткен пуқара сыпатында дизимнен өтип, такси хызмети менен шуғылланыў ҳәрекетине киристи. Жумыс баслаўдан алдын такси айдаўшылық лицензиясын алыўы зәрүрлиги ҳәм оның қәрежети әпиўайы болғанда 700 мың сумнан асатуғынын ашынарлы түрде айтты. Бирақ бир мүддет өткеннен кейин, лицензияны пүткиллей бийпул алғанын қуўаныш пенен айтты. Гәп сонда, танысым электромобиль басқаратуғын еди ҳәм бул түрдеги транспорт қуралларының ийелерине лицензия алыў бийпул екен.

Алдын өзим де электромобилдиң мәмлекетлик номер белгисин алмастырғанымда, дизимнен өтиў процесслери ушын талап етилетуғын қәрежетлер жанылғыда жүретуғын автомобиллерге қарағанда еки есеге арзан екенин көрип, ҳайран болған едим. Сол ўақытта мәмлекетимизде "экологиялық транспорт" системасын хошаметлеў әлле қашан әмелде қолланылып атырғаны, тек бул ҳаққында көпшилик билмейтуғыны ҳаққында ойлаған едим.

Мәмлекетлик бағдарлама менен бул жеңилликлер және де кеңейтилмекте. Усы жылдың 1-мартынан елимизде күшке кирген жаңа механизм - электромобилде такси жумысы менен шуғылланыўшы өзин-өзи бәнт еткен шахсларды хошаметлеў солардың бири. Енди нәзерде тутылған бир қатар жеңилликлер себепли электромобиль ийелери ушын такси айдаў және де аңсатласып, дәраматлы бағдарға айланады.

Бәринен бурын, электромобиллерде такси хызметин көрсетиўши өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар ушын социаллық салықтың белгиленген ставкасына 10 процент шегирме берилмекте. Сондай-ақ, оларға мәмлекетлик шөлкемлерге тийисли, соның ишинде, аэропортлар ҳәм вокзаллар аймағындағы автомобиль турыў орынларынан 30 минут даўамында бийпул пайдаланыўға рухсат бериледи. Қағыйдабузарлық ҳәм ЖТҲ жүз берместен 1 миллион километр аралықта такси хызметин көрсеткен пуқараларға болса "Тәбият қорғаўшысы" көкирек белгиси тапсырылады.

Усы тәризде 2026-жылдың ақырына шекем электромобиллерде ислейтуғын таксилердиң санын 300 мың адамға жеткериў нәзерде тутылған. Салық комитетиниң февраль айындағы мағлыўматларына бола, таксопарктеги электромобиллердиң үлеси 1,9 процентти (12,1 мың) қурайды. Демек, жылдың ақырына шекем олардың санын 25 есеге арттырыў керек.

Бул халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматларын арттырыўға да хызмет етеди. Қалаберди, елимиз көшелеринде электромобиллер санының артыўы есабынан атмосфера патасланыўы 7 процент азайыўы күтилмекте.

Ирода ТАШМАТОВА,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы