Елимизде аўыл хожалығын басқарыў системасын жетилистириў, аграр секторды модернизациялаў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, ресурс үнемлейтуғын ҳәм интенсив заманагөй агротехнологияларды енгизиў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Тараўдағы реформаларда тийкарғы итибар суў ҳәм жер ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, өндириске заманагөй технологияларды жедел енгизиў, хожалық ҳәм кәрханалардың материаллық-техникалық базасын ҳәм кадрлар потенциалын беккемлеўге қаратылмақта.

Әсиресе, соңғы ўақытларда қайта ислеў ҳәм экспортқа бағдарланған агросанаат экономикамыздың тийкарғы буўынларынан бирине айланды. Кейинги сегиз жылда тараўдың раўажланыўына байланыслы көплеген нызам, пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Атап айтқанда, 2025-жыл 3-февральда қабыл етилген "Азық-аўқат қәўипсизлиги ҳаққында"ғы нызам халқымыздың азық-аўқат қәўипсизлигин кепилликли тәмийинлеўге қаратылған тарийхый ҳүжжет болды.

Мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл 20-июньдеги "Аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат тараўындағы реформаларды жеделлестириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарары да аўыл хожалығын раўажландырыў ҳәм бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, халықты сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеўге хызмет етпекте.

Аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген стратегиясы, Суў хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген концепциясы, шарўашылық тараўы ҳәм оның тармақларын раўажландырыў бойынша 2022-2026-жылларға мөлшерленген бағдарлама аграр тармақты жедел раўажландырыўда әҳмийетли фактор болмақта.

Декабрь айының екинши екшембиси Аўыл хожалығы хызметкерлери күни етип белгиленгени болса, елимизде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, тараўға базар қатнасықларын енгизиў бағдарындағы кең көлемли реформалардың логикалық көриниси, деп баҳалаў мүмкин.

Тараўдағы пуқта ойланған ҳәм избе-из сиясат нәтийжесинде соңғы үш жылда 250 мың гектар пахта ҳәм ғәлле жерлери қысқартылып, азық-аўқат өнимлери ушын ажыратылды. 160 мың гектар жаңа бағ ҳәм жүзимзарлық жаратылып, гөнерген 107 мың гектары жаңаланды. 1 миллиард долларлық 1 мың 500 азық-аўқат жойбары иске қосылды.

Кейинги жылларда тараўдағы жедел реформалар халықаралық көлемде де кеңнен тән алынбақта. Буны Өзбекстан өткен айда БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми - ФАО кеңесиниң ағзалығына сайланғаны мысалында да айқын көриў мүмкин. Бул болса миллий ҳәм регионаллық басламаларды алға қойыў, жаңа жойбарларға қаржы тартыў ушын үлкен имканият болып есапланады.

Президентимиз быйыл 31-июль күни аўыл хожалығында космослық мағлыўматлардан пайдаланыў ҳәм санластырыў илажлары бойынша мәжилис өткерип, тараўды буннан былай да раўажландырыў бойынша тийкарғы ўазыйпаларды белгилеп берди.

Бул мәжилис 30-июль күни болып өткен видеоселектор мәжилисиниң логикалық даўамы болды. Мийўе-овощ ҳәм азық-аўқат өнимлерин көбейтиў мәселеси көрип шығылып, мәмлекетимиз басшысы жерден үнемли пайдаланыў, нәтийжелиликти арттырыў жолларын көрсеткен еди. Буның ушын анық есап-санақ ҳәм таллаў оғада зәрүр. Шөлкемлестирилген "Өзбеккосмос" агентлиги усындай имканият бермекте.

Президентимиздиң 2024-жыл 14-октябрьдеги пәрманына муўапық, экономика тармақларында аеэрокосмослық технологиялар енгизилмекте. Соның ишинде, бул аўыл ҳәм суў хожалығындағы ҳақыйқый жағдайды, кемшиликлерди ашық-айдын көрсетип берип атыр. Еки жыл даўамында тараўда пайдаланылып атырған 4 миллион гектардан аслам жер космослық мониторинг етилди. Нәтийжеде айырым майданларда есабатларда көрсетилген егин егилмегени, гейде резервтеги ямаса ийеси белгисиз жерлерге егилгени анықланды.

Усы мәниде мәмлекет тәрепинен ажыратылатуғын жеңиллетилген кредитлердиң мақсетли жумсалыўын аралықтан мониторинг ететуғын системаның жолға қойылыўы әйне мақсетке муўапық болды.

Климат өзгериўи ҳәм суў жетиспеўшилигинен келип шығып, елимизде суўды аз талап ететуғын жаңа сортлар ҳәм агротехнологияға өтилмекте. Бирақ егинлерди суўғарыўда суўдың жумсалыў нормасы ҳәзирги талапқа жуўап бермейди. Оның үстине, гидромодул районластырыў көзқарасы да гөнерген. Ақыбетте каналлардың ақырында жайласқан 3 мыңнан аслам фермерге суў жетип бармай атыр.

Мәжилисте усы ҳәм басқа да бир қатар мәселелерге итибар қаратылып, аўыл ҳәм суў хожалығы системасындағы илимий институтларды тартқан ҳалда суўғарыў нормасы ҳәм гидромодул районластырыўды толық жаңалаў ўазыйпасы қойылды. Бул болса суўды үнемлеўге ерисиў, ықлымға бейимлескен жаңа сортларды жаратыўға түртки береди.

Және бир гәп. Бүгин фермерлер жумсап атырған суўдың елеге шекем анық есабы жоқ. Мәмлекетимиз басшысы бул мәселеге айрықша итибар қаратып, оның анық шешимлерин белгилеп берди. Барлық басқышларды санластырыў, суўдың контурма-контур есабын жүргизиў зәрүр екенлигине итибар қаратылды.

Суў сақлағышлардың сыйымлылығы да жойбарлаў қуўатлылығы бойынша есаплап келинген еди. Кейинги еки жылда 60 ири суў сақлағыш биринши мәрте батиметрик анализден өткерилди. Ылай шөккени себепли айырымларының сыйымлығы кемейгени анықланды. Бул процессте барлық суў сақлағышларға "ақыллы" есаплағышлар орнатып, суў муғдарын онлайн бақлаў, олардағы ылайды азайтыў ўазыйпалары көрсетип өтилгени бийбаҳа байлығымызды қәстерлеп сақлаў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыўға хызмет етеди.

Бүгин турмысымызды заманагөй технологияларсыз көз алдымызға келтирип болмайды. Дүнья санласар екен, көрсетилип атырған хызметлер де ең соңғы шешимлерди талап етпекте. Сол себепли мәжилисте тараўды санластырыў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Ҳәзир фермерлер жер, кредит, субсидия ҳәм агрохызметлер бойынша 30 дан аслам платформадан пайдаланып атырғаны, буны жеңиллетиў ушын оларды бирлестирип, "Санлы аўыл хожалығы" бирден-бир интеграцияласқан платформасы иске қосылатуғыны атап өтилди. Бул фермерлердиң кеўлиндеги сөз болып, олардың ўақтын үнемлейди және артықша әўерегершиликлердиң алдын алыўға хызмет етеди.

Әсиресе, енди атызына не егиўди фермердиң өзи шешиўи, оны платформаға өзи киргизиўи жүдә дурыс қарар болды. Нәтийжеде тийкарғы, тәкирарый ҳәм тоқсанбас егинлердиң муғдары алдын ала көринеди. Бул, өз гезегинде, азық-аўқат қәўипсизлиги, баҳаның турақлылығы ҳәм дийқанлардың дәраматында үлкен әҳмийетке ийе.

Бас министрдиң орынбасары басшылығында азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша комиссия дүзилиўи, жетиспейтуғын өнимди көбейтиў ушын жеңиллетилген кредит ҳәм субсидия берилиўи фермерлер ушын үлкен имканият ҳәм мүнәсип хошамет болады, десек қәтелеспеймиз.

Булар еле бәри емес. Тараўда ушыўшысыз аппаратлардан пайдаланыў да режелестирилмекте. Гүзде 100 ден аслам заманагөй дрон алып келинеди. Оның ушын жеке меншик сектор тартылып, фермерлерге дронлар жәрдеминде хызметлерди жолға қойыўға жәрдемлесиледи.

Әлбетте, атызларда ғәлле орымы жуўмақланып, зүрәәт жыйнап алынғаннан соң босайтуғын майданларды тазалаў көп мийнетти талап етеди. Соның ушын айырым пуқаралар ҳәм фермерлер атызлардағы сабан қалдықларын ҳәм пақалларын өртеп жибермекте. Соның менен бирге, сабанды жақтырмай турып тәкирарый егин егиў ушын жерди сүриў шәрт емес, сабан ҳәм төгилген масақлар жыйнап алынғаннан кейин, жерге суў жиберилип, егин егилетуғын қатарлар жумсартылыўы есабынан ҳәр қандай егин егиў мүмкин.

Мәжилисте бул мәселеге де айрықша итибар қаратылып, сабанларды жағыўға шек қойыўдың нызамлы тийкарларын жаратыў зәрүрлиги айтылды.

Космослық изертлеўлерде қурылыс, кадастр, рудалық емес кәнлер, тоғай ҳәм жайлаў жерлери бойынша да таллаўлар бар екенлиги атап өтилип, министрлер ҳәм ҳәкимлерге оларды үйренип, режелер ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Улыўма алғанда, бүгин аўыл хожалығындағы реформалар халқымыздың абадан турмысын, елимиздиң раўажланыўын тәмийинлеўдиң кепили болып хызмет етпекте. Белгиленген салмақлы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўде болса барлық басшылар қатарында биз - депутатлар да белсенди ҳәм интакер болыўымыз керек.

Одинахон ОТАХОНОВА,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты