Пайтахтымыз жәмийетлик транспортында метрополитенниң орны жүдә үлкен. Жолаўшыларға қолайлықларды арттырыў мақсетинде жаңа жөнелислер қурылмақта. Юнусабад жолы Түркистан бәндиргисине шекем, Чиланзар жолы Сергели районына шекем созылды. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Ташкентте жер үсти метросы да пайда болды - Дослық бәндиргисинен Сергелиге шекемги жер үсти айланбасы қурылды. Бул жаңа жөнелислер пайтахтымыздың Юнусабад, Яшнабад, Мирабад, Сергели ҳәм Янгиҳаёт районларын байланыстырып, халықтың күнделикли қатнаўына үлкен қолайлық жаратты.
Енди метрополитенни Ташкент трактор заводы массивине шекем алып барыў режелестирилген. Бул бойынша өткен алдынғы додалаўларда Президентимиз жойбарды қаржы ҳәм қолайлық жағынан оптималластырыў ўазыйпасын қойған еди. Усы тийкарда таярланған жаңа усынысқа бола, жойбарды 2 басқышта әмелге асырыў нәзерде тутылмақта. Биринши басқышта Чиланзар жолының Пушкин бәндиргисинен Мырза Улығбек районының Феруза массивине шекемги темир жолға параллел жер бети бойлап метро жолы қурылады. Екинши басқышта ол жерден Ташкент трактор заводы массиви бәндиргисине шекемги жөнелис қурылады.
Ҳәзирги күнде усы тәрептен пайтахтымыз орайына бир күнде 47 мың автотранспорт, жәми 194 мың жолаўшы кирип келиўи бақланбақта. Режелестирилген жаңа жөнелис 85 мың жолаўшыны қамтып алыўы күтилмекте.
Презентацияда жойбардың техникалық ҳәм әмелий жақлары толық көрип шығылды.









