Енди оманлылар да елимизде 30 күн визасыз жүре алады

    "Ар-Рўъя" басылымының хабаршысы Иброҳим Ал-Ҳодий Өзбекстан Республикасы ҳүкимети Оман пуқараларының мәмлекетимизге кириў тәртибин жеңиллестиргенине, атап айтқанда, усы араб мәмлекети пуқаралары ушын 30 күн даўамында елимизде визасыз жүриў қағыйдасының енгизилип атырғанына итибар қаратқан.

    - Еки тәреплеме қатнасықты және де жақсылаў, туристлик ҳәм мәдений бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған ҳәрекет шеңберинде тасланған бул қәдем өз-ара терең тарийхый байланыслар, беккемленип атырған дослықты билдиреди, - дейди автор. - Бул жеңиллик усы жыл 1-июньнен күшке киреди.

    - Өзбекстан оманлы досларымыз бай мәдений ҳәм тарийхый естеликлеримиз, дәстүрий миймандослықтан тысқары ЮНЕСКО Дүнья мийрасы дизимине киргизилген естеликлеримизди ашыўы ушын кең имканият жаратады, - дейди елши Абдусалом Ҳотамов. - Кейинги басқышта мәдений ҳәм экономикалық алмасыўды тереңлестириў мақсетинде туризм көргизбелери, экономикалық форумлар, Оман туристлик агентлери ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ушын танысыў сапарлары сыяқлы биргеликте илажлар шөлкемлестиремиз. Авиация тараўында "Oman Air"ды дизимнен өткериў процеси жуўмақланды, Масқат ҳәм Ташкент арасында тиккелей рейсти жолға қойыўға таярлық көрип атырмыз. Бизиң "Centrum Airlines" компаниямыз болса Салалаҳ қаласына мәўсимлик рейслерди әмелге асырмақта. Бул илажлар өз-ара саяхатты аңсатластырады, туризмди хошаметлеўге хызмет етеди.