Бул ҳаққында Бахтиёр Саидов өзиниң телеграм каналында мәлим етти.
Келисимге бола, буннан былай Өзбекстан ҳәм Қытай пуқаралары ҳәр еки мәмлекетке 30 күн даўамында визасыз саяхат етиў имканиятына ийе болады.
"Бул ҳүжжет байланысларымызды және де жеделлестириў, саўда айланысын арттырыў ҳәм халықлар арасындағы қатнасықларды раўажландырыў жолындағы және бир әҳмийетли қәдем болып есапланады," деп жазады министр.