Сын көзқарас руўхында өткен мәжилисте елимизде электр энергиясын ислеп шығарыўдың улыўма қуўатлылығы 25,8 мың мегаваттқа жеткени атап өтилди. Соннан 8 мың мегаватты ямаса улыўма көлемниң 31 проценти қуяш, самал ҳәм суў энергиясына туўра келеди. 2026-жылы электр ислеп шығарыўды 90 миллиард киловатт саатқа жеткериў, яғный 2020-жылға салыстырғанда 40 процентке арттырыў режелестирилген.
Быйылғы жылы экономикалық өсиў ҳәм тармақларда өндирис көлеминиң артыўы менен электр энергиясынан пайдаланыў да қосымша 1 миллиард киловатт саатқа көбейиўи күтилмекте. Сол себепли халық ҳәм экономиканы энергия ресурслары менен үзликсиз тәмийинлеў, тармақларды жаңалаў, инвестицияларды көбейтиў ҳәм ири объектлерди өз ўақтында иске қосыў биринши гезектеги ўазыйпа сыпатында белгиленди.
Жанылғы-энергетика комплексиниң инвестициялық портфели улыўма баҳасы 51,4 миллиард доллар болған 133 жойбарды қамтып алған. Мәжилисте улыўма баҳасы 43 миллиард доллар болған 73 ири жойбар бойынша системалы жумысларды жолға қойып, жылдың ақырына шекем 6 мың 770 мегаватт жаңа қуўатлылықларды, соның ишинде, 2,8 мың мегаватт қуяш, 2,5 мың мегаватт ыссылық, 470 мегаватт самал, 68 мегаватт гидро, 884 мегаватт энергия сақлаў системаларын иске қосыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Соның менен бирге, жер участкаларын ажыратыўға байланыслы келисимлер ҳәм тәртип-қағыйдалардың созылыўы себепли әмелдеги жойбарларды кеңейтиў ҳәм жаңаларын иске қосыў созылып атырған жағдайлар сынға алынды. Жер ажыратыў ҳәм олардың категориясын өзгертиў мәселелерин жеделлестириў бойынша тапсырмалар берилди.
Энергетика министрлиги ҳәм ҳәкимликлердиң орынларда энергетиканы раўажландырыў ҳәм энергияны үнемлеў мәселелеринде тығыз бирге ислесиўи ҳәм жумысларын муўапықластырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Жойбарларды әмелге асырыўда жергиликли ислеп шығарыўшылар ҳәм өнимлердиң қатнасын кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. 2025-жылы инвестициялық жойбарларда жергиликли компоненттиң үлеси 737 миллион долларды қураған болса, 2026-жылы бул көрсеткишти 1 миллиард доллардан арттырыў мақсет етилген.
Атап айтқанда, өткен жылы трансформатор ислеп шығарыў кәрханасы иске қосылды. Усы жылы жаңа түрдеги кабель ҳәм муфталар, самал электр станцияларының минара ҳәм пәтпелеклерин локализациялаў, энергияны сақлаў системаларын локализациялаў жойбарларын әмелге асырыў режелестирилген.
Генерация көлеминиң өсиўи шараятында электр энергиясын тутыныўшыларға өз ўақтында жеткерип бериў әҳмийетли болып қалмақта. Қосымша жоқары күшлениўли магистраль тармақлар қурылмаса, генерация қуўатлықларының тутыныў көлеминен артып кетиў қәўипи бар екенлиги көрсетип өтилди. Соның менен бирге, электр тармақларын раўажландырыў ушын өткен жылы ажыратылған қаржыларды өзлестириў дәрежеси жетерли емеслиги атап өтилди.
Жақын жылларда улыўма узынлығы 602 километр болған "Талимаржан-Соғдияна", "Сырдәрья-Халка" ҳәм "Қаракөл-Нурабад" линияларын қурыў, 2030-жылға шекем "Жаңа Ангрен-Наманган" ҳәм "Наманган" подстанциясын қурыў режелери ҳаққында мәлимлеме берилди. Ташкент қаласы бойынша 75 километр жоқары күшлениў линиялары ҳәм 5 подстанцияны қурыў, 69 километр тармақ ҳәм 18 подстанцияны модернизациялаў, 638 километр төмен күшлениў тармақлары ҳәм 161 трансформатор пунктин жаңалаў ўазыйпалары белгиленди.
Сондай-ақ, қоңсы мәмлекетлер менен энергия системаларын интеграциялаў арқалы Ферғана ойпатлығы ўәлаятларының электр тәмийнатын жақсылаў режелери көрип шығылды. "Сурхан - Пули-Хумри" жоқары вольтлы линиясы ҳәм оның подстанцияларын қурыў жумысларын жеделлестириў ўазыйпасы қойылды.
Энергия нәтийжелилиги тараўында еле исленетуғын жумыслар көп екенлиги атап өтилди.
2026-жылы системалы ҳәм мәнзилли илажларды әмелге асырыў арқалы 4 миллиард 378 миллион киловатт саат электр энергиясы ҳәм 2 миллиард 840 миллион куб метр тәбийғый газди үнемлеўди тәмийинлеў зәрүр. Өндирис көлемин қысқартпастан, ири кәрханаларда энергия жумсалыўын кеминде 10 процентке азайтыў, тармақлар ҳәм социаллық объектлерде энергия нәтийжелилигин арттырыў ушын 200 миллион доллар ресурс тартыў илажлары белгиленди.
Аймақларда ыссылық ҳәм когенерация орайларын қурыў бойынша бағдарлама ислеп шығып, әмелге асырыў ўазыйпасы қойылды. Ташкент қаласының ҳәр бир районында биреўден когенерация орайын шөлкемлестириў жумыслары даўам еттириледи, Юнусабад районы тәжирийбеси тийкарында аймақларда жети орайдың қурылысы басланады. Ыссылық электр станцияларының гүзги-қысқы мәўсимде турақлы ислеўин тәмийинлеў мақсетинде суйылтырылған газди сақлаў инфраструктурасын жаратыў мәселесин көрип шығыў тапсырылды.
Мәжилис жуўмағында Президент стратегиялық объектлерди өз ўақтында иске қосыў, магистраль ҳәм бөлистириў тармақларын жедел раўажландырыў, энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша тапсырмалар берди.