Өткен жылларда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Республикада дизимге алынған 8000 нан аслам көше бийлери менен ушырасып, олар Республикалық Мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў кеңеси тәрепинен мүнәсип түрде материаллық-руўхый жақтан қоллап қуўатланып келинди.

Нәтийжеде мәҳәлелерде Президентимиз тәрепинен қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлардың орынланыўын үгит-нәсиятлаўда көше бийлери мәҳәлле жетилигиниң шын мәнисиндеги көмекшисине айланды. Мәҳәллелерде жәмийетшилик қадағалаў күшейип, өз алдына Бийлер институты жүзеге келди. Әҳмийетлиси, Министрлер Кабинети тәрепинен олардың жумысын тәртипке салыўшы арнаўлы ҳүжжет қабыл етилди.

Аймақларда ең белсенди көше ҳәм аўыл бийлерин еле де хошаметлеў мақсетинде усы жылдың апрель айында Республикамыздағы 452 мәҳәллердеги көше бийлери арасында мәҳәлле, район (қала) ҳәм Республика басқышынан ибарат “Ең үлгили көше бийи” Республикалық таңлаўы жәрияланған еди.

Усы тийкарда таңлаўдың жуўмақлаўшы басқышы жеңимпазлары сыйлықланды.

Республикалық басқыш жеңимпазлары – Нөкис қаласы «Нәўпир» мәҳәллеси «Ақмаңғыт» көшесиниң бийи К.Сийдаметов, Елликқала районы «Ибн Сино» мәҳәллеси «Ғафур Ғулам» көшесиниң бийи Т.Қурбанов, Шымбай районы «Қаракөл» мәҳәллеси «Қ.Айымбетов» көшесиниң көше бийи А.Сарбаев, Беруний районы «Гүлистан» мәхәллеси «Ушқын» көшесиниң бийи Х.Ибадуллаев ҳәм Хожели районы «Абат» мәхәллеси "Автомобиль жолы" көшесиниң бийи К.Садуллаевлар деп табылды.

Жеңимпазлардың ҳәр бири Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў кеңеси тәрепинен 20 миллион сўмнан қаржылай сыйлықланды, -деп хабар береди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети.

Минажатдин КУТЛЫМУРАТОВ,

«Янги Ўзбекистон» газетасы хабаршысы.