"Еркин Қарақалпақстан" газетасының 100 жыллығы ҳәм "Вести Каракалпакстана" газетасының 105 жыллығы белгиленди

    28 қараша 2024 584

    Бүгин Нөкис қаласында үлкен салтанат болып өтти: Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында "Еркин Қарақалпақстан" газетасының 100 жыллығы ҳәм "Вести Каракалпакстана" газетасының 105 жыллығына бағышланған руўхый-ағартыўшылық байрам салтанатлары белгиленди.

    Илаж қатнасыўшылары дәслеп уллы қарақалпақ шайыры Әжинияз Қосыбай улының бюстына гүл қойып, оның естелигине ҳүрмет көрсетти.

    Салтанатлы илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығының орынбасары Рустам Сапарбаев, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң бас директоры, сенатор Абдусаид Кўчимов, "Янги Ўзбекистон" - "Правда востока" газеталарының бас редакторы Салим Данияров, Өзбекстан Журналистлер аўқамы баслығының ўазыйпасын атқарыўшы Холмурод Салимов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мәмлекетимиз басшысының басламасы менен елимизде баспасөз ҳәм ғалаба хабар қуралларын қоллап-қуўатлаў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеўге қаратылып атырған айрықша итибарды қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Газета жәмәәтин умытылмас сәне менен қызғын қутлықлады.

    Газетаның жүз жыллық даңқлы тарийхын жаратқан, оны халықшыл минберге ҳәм ел-журт турмысының айнасына айландырған устазлардың атлары ҳүрмет пенен еске алынды. Әзиз устазлардың кәсипке садықлығы, изленип ислеў дәстүрлерин шәкиртлери даўам еттирип келмекте, сол себепли газета бүгин де сүйикли, қәдирли.

    Өткен дәўир даўамында газетаның аты бир неше мәрте өзгерди, бирақ оның мазмуны өзгермеди, яғный мийнеткеш, пидайы, мәрт қарақалпақ халқының кешеги, бүгинги дөретиўшилигин, келешекке исенимли қәдемлерин ең тез, жарқын бетлеринде сәўлелендирмекте.

    Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Қарақалпақ дияры, қарақалпақ халқына айрықша итибары, ғамқорлығы шаңарақлардың турмыс абаданлығы артып атырғанында, қала ҳәм аўыллардың абатлығында, жаслардың түрли тараўларда ерисип атырған жетискенликлеринде, дүнья жүзлик машқалалары шешим табылып атырған Аралбойындағы жаңаланыўларда сәўлеленбекте. Бул әҳмийетли жәмийетлик-сиясий процесслерди, заманымыз қаҳарманлары болған инсанлар ҳәм олардың жумысын сәўлелендириў қәлем ийелерине, атап айтқанда, "Еркин Қарақалпақстан" ҳәм "Вести Каракалпакстана" газеталарының дөретиўшилик жәмәәтине өзгеше заўық, илҳам, мақтаныш бағышлайды.

    Өзбекстан Журналистлер аўқамы тәрепинен өткерилип киятырған "Ең уллы, ең әзиз," "Алтын қәлем" сыяқлы таңлаўларда жеңимпазлар қатарынан орын алған қарақалпақстанлы бир қатар журналистлердиң қәлемлери сайқалланып, өткирленип барыўында бул газеталардың қалыс минбер сыпатындағы әҳмийети шексиз.

    Илажда бир топар хызметкерлерге Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен ҳүрметли атақлар, көкирек белгилери, сондай-ақ, естелик саўғалары тапсырылды. Соның ишинде, "Еркин Қарақалпақстан" - "Вести Каракалпакстана" газеталарының Бас редактор ўазыйпасын атқарыўшы Қ.Байниязов, "Еркин Қарақалпақстан" газетасының жуўапкер хаткери С.Жаниев, "Вести Каракалпакстана " газетасының хабаршысы А.Аминовалар "Қарақалпақстан Республикасында хызмет көрсеткен журналист," "Еркин Қарақалпақстан" - "Вести Каракалпакстана " газеталары Бас редактор орынбасары Б.Қулатаев "Қарақалпақстан Республикасында хызмет көрсеткен жаслар устазы" ҳүрметли атағы менен сыйлықланды.