"Автомобилсиз күн" акциясы болып өтеди

    27 мамыр 2025 1170

    Саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, қоршаған орталықты патасланыўдан сақлаў ҳәм ири қалаларымызда автомобиль ҳәрекети интенсивлигин азайтыў мақсетинде 28-май күни Нөкис, Ташкент ҳәм барлық ўәлаят орайларында гезектеги "Автомобилсиз күн" акциясы өткериледи.

    Атап өтилиўинше, дәстүрий түрде, бул күн даўамында мәмлекетлик шөлкемлердиң басшылары ҳәм хызметкерлерине, сондай-ақ, пуқараларға жеке автомобильлерден пайдаланбаў, жәмийетлик транспорт, пияда жүриў, велосипед ҳәм басқа да экологиялық таза транспорт қуралларынан пайдаланыў усыныс етиледи. Бундай илажлар атмосфераға зыянлы элементлердиң шығыўын азайтыў, қалаларымыздағы шаўқым дәрежесин азайтыў, сондай-ақ, қоршаған орталыққа жуўапкершиликли қатнасты қәлиплестириўге қаратылған.

    Мағлыўмат ушын, "Автомобилсиз күн" акциясы Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2024-жыл 21-февральда қол қойылған 37-санлы Пәрман тийкарында ҳәр айдың төртинши сәршембисинде өткериледи.