Ертең гезектеги "Автомобилсиз күн" акциясы өткериледи

    21 қаңтар 2025 1038

    Республикамыздың барлық аймақларында 22-январь, сәршемби күни усы жылдың биринши "Автомобилсиз күн" акциясы болып өтеди.

    Ертең Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар орайларында, сондай-ақ, Ташкент қаласында жайласқан барлық мәмлекетлик уйымлардың басшылары ҳәм хызметкерлерине, барлық ўатанласларымызға жеке транспорт қуралларынан ўаз кешип, қоршаған орталыққа аз зыян келтиретуғын жәмийетлик транспорт, велосипед сыяқлы транспорт түрлеринен пайдаланыў усыныс етиледи.

    Мағлыўмат ушын, акция Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 21-февральдағы 37-санлы қарарына бола ҳәр айдың төртинши шерегинде өткерилиўи режелестирилген.