Илаж саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, қоршаған орталықтың патасланыўын азайтыў ҳәм ири қалаларда транспорт ҳәрекети ағымын азайтыў мақсетинде өткериледи.
Усы күни мәмлекетлик шөлкемлердиң барлық басшы ҳәм хызметкерлерине, сондай-ақ, пуқараларға жеке транспорт қуралларынан жәмийетлик транспорт, пияда жүриў, велосипед ҳәм басқа да экологиялық таза транспорт қураллары пайдасына ўаз кешиў усыныс етиледи.
Еслетип өтемиз, "Автомобилсиз күн" айлық акциясы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 21-февральдағы 37-санлы Қарарына муўапық ҳәр айдың төртинши сәршембиси күни өткерилмекте.




