Акция Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 21-февральдағы 37-санлы қарарына муўапық ҳәр айдың төртинши сәршембисинде өткериледи.
Усы күни мәмлекетлик шөлкемлердиң басшылары ҳәм хызметкерлерине, барлық ўатанласларымызға жеке транспорт қуралларынан ўаз кешиў, қоршаған орталықты патасландырмайтуғын жәмийетлик транспорт, велосипед ҳәм басқа да техника қуралларынан пайдаланыў усыныс етиледи.
Жәмийетлик транспорттан пайдаланыў атмосфераға зыянлы элементлер шығарыў дәрежесин азайтыў, жол инфраструктурасы басымын азайтыў ҳәм қалалардағы экологиялық жағдайды жақсылаўға жәрдем беретуғынын атап өтиў керек.